ДѲРЕТИЎШИ ИНСАНЛАР МЕНЕН УШЫРАСЫЎ

Қоңырат районлық Халық билимлендириў бѳлимине қараслы 1-санлы мектебимизде пән айлығы шеңберинде бир қатар илажлар ѳткерилди. «Жас китапқумар» таңлаўының мектеп басқышы да айрықша кѳтериңкилик жағдайда болып ѳтти. Таңлаўды мектеп директоры М.Досаева кирис сѳз бенен ашты. Қатнасыўшылардың билим ҳәм кѳнликпелери еки шәрт бойынша сыннан ѳткерилип, пән муғаллимлери тәрепинен баҳаланды. Жеңимпаз оқыўшылар таңлаўдың екинши басқышына жоллама алды. Сондай-ақ, халқымызға белгили жазыўшы, шайыр, алым Жаббарберген Шамуратов ҳәм аўылымыз сүўретшиси, әдиўли устаз Ильяс Асемов пенен дѳретиўшилик ушырасыў шѳлкемлестирилди. Кешеде оқыўшылар дѳретиўши инсанлар ѳмири ҳәм мийнет жолы менен таныстырылды. Жазыўшы, шайыр ҳәм алым Жаббарберген Шамуратов мектеп китапханасы фондына ѳзиниң китапларын саўға етти. Сүўретши Иляс Асемов Сулайман Бақырғаний китапларындағы сүўретлериндеги кѳринислерди ѳзи салғанын айтып өтти. «Сулайман Бақырғаний» (ҳәким ата), «Қоңыратым-жуп қанатым» атамасындағы жаңадан шыққан китапларын саўға етти. Ушырасыў даўамында оқыўшылар тәрепинен миллий аяқ ойынлар ҳәм әдебий оқыўлар атқарылды.
А.САБЫРОВА,
Қоңырат районы, 1-санлы мектептиң қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәни муғаллими.
А.НАРБАЕВ,
усы мектептиң дѳретиўшилик-мәдений мәселелер бойынша үгит-нәсиятшысы.