Арқа-батыс әскерий округинде «Ашық есиклер күни» шөлкемлестирилди.
Онда Әскерий округ ҳәм «Ватанпарвар» шөлкеминиң жумыслары, раўажланыўы, олардың елимиздиң жәмийетлик турмысындағы тутқан орны ҳәм әмелге асырылып атырған реформалар ҳаққында мағлыўматлар берилди.
Усы жумыслар туўралы мағлыўматларды халыққа, әсиресе, жасларға жеткериў, ола
рда әскерий округ ҳәм шөлкем туўралы түсиник пайда етиў, қызығыўшылық оятыў бойынша заманагөй техника, жеңил ҳәм жүк автомобильлериниң, спорттың техникалық ҳәм әмелий түрлери бойынша, спорт техникалары (картинг, мотоцикл, спорт автомобильлери), сондай-ақ, ракетамобиль ҳәм корд авиамобильлериниң көргизбелери шөлкемлестирилди.
Жаслар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
