Нѳкис қалалық ХББ ине қараслы 36-санлы улыўма орта билим бериў мектебимизде пән айлығы шеңберинде ушырасыў ѳткерилди. Ушырасыўға Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлықтың 2022-жылғы лауреаты, ҳәзирги ўақытта Әжинияз атындағы НМПИ ның музыка ҳәм кѳркем ѳнер қәнигелиги магистранты Е.Орынбаева, «Устаз жолы» газетасының хабаршысы Ф.Абдиреймова, 49-санлы мектептиң үгит-нәсиятшысы Р.Бегжанова, 38-санлы мектептиң ѳзбек тили пәни муғаллими «Ағла муғаллим» кѳкирек нышаны ийеси ҳәм Нѳкис FM, Жаслар TV баслаўшысы М.Қалбаевалар мийманда болды.
Олар оқыўшыларға ѳзлериниң мектептеги оқыўшылық дәўирин, студентлик жылларын айтып, ѳзлериндеги талант ҳәм қәбилетлерин жүзеге шығарыў ушын ҳәзирги жаратылып атырған имканиятлардан утымлы пайдаланыў кереклигин түсиндирди. Мийманлар ѳзлери жазып келген қосықларынан оқып берди. Оқыўшылар ѳзлерин қызықтырған сораўларға жуўаплар алды. Ушырасыў есте қаларлықтай қызықлы ҳәм мазмунлы ѳтти.
Зульфия ПАХРАТДИНОВА,
Нѳкис қалалық 36-санлы мектептиң үгит-нәсиятшысы.
