Адамларға керек болып жасаў да бахыт. Кѳшедеги жасы үлкен апам үйине шақырып, «тез келмесең болмайды» деп қалды. «Апа, телефоннан айта бер» десем, «телефоннан питпейди ғой, жаным, келип кете қойса» дегеннен кейин жуғырып бардым. Ҳәр минутым санаўлы, графикте. Саат онда ана жумыс, соң бирде және бир ўазыйпа, азырақ кешигиўге, арқайын дем алыўға, әпиўайы уйықлап қалыўға менде ондай ҳуқық жоқ. Той-мерекелерге адамлардай болып, ўақтында барып, салдаманлы болып, мерекениң ақырын күтип отыра алмайман, соның ушын кешти қолайлай беремен. Бул бизиң Дүйсенге жақпайды. Тойға қызғанда барыў керек, адамлар менен қара кѳрсетип жақынлығыңды билдириў керек дейди. Дурыс! Әттең, устазлық етиў кестеден (расписание) шықпаў деген сѳз. Ѳзи боладыға ҳеш бир жумысты салмағанман. Соның ушын да жобамды бузып, қоңсы апамның үйине қәлеңкиремей бардым.
Мәселе аўыр екен. Шешилип турған мәселени мениң шешиўим қыйындай сезилди.
Келин ҳәмледар. Оның тѳрт баласы бар, улы да қызы да бар. Қудайға шүкир! Ендигиси аўырлық етип атырған . Аяғына ораў екен.
Енди бой кѳтерип, ѳзине келгенде және бала бағып отырмайжақ. Жумыс ислеймен, мен де пул табаман. Қулласы, узын гәптиң қысқасы аборот! Болғаны!
«Күйеўи не дейди?» деп атырман. «Күйеўи десең, балама сол жағады, бағалмаймыз деп атыр» дейди ене пақыр.
Гәптиң бәри келинде. Жақсылап келин менен сѳйлесиў керек екенин билип турман. Бирақ, қалай тыңлатаман?!
– Берман қара, келинжан! Сени жүрегиңниң бир бѳлеги жаңа раўажланып атыр, жүрек, ѳкпе қәлиплести. Басы, аўзы, кѳзи, мурны, қулағы, он еки мүшеси мүшеленди. Ҳәттеки қызы, еркегиде белгили болды. Сениң не ойлап турғаныңды, нелерге тартысып атырғаныңды түсинип турыпты ҳәм саған «Дүньяға шықпай атырып, анажаным, сизге не жаманлық қылдым, тѳртеўи сыйған жерге мен де сыярман, айтқанынның бәрин қылатуғын жақсы перзент боларман. Әжапаларымды, әжағаларымды ҳәзирден баслап жақсы кѳрип атырман. Мен де соларға ерип, мектепке барсам… Күнде әжапам үйдиң қасындағы сүтшиниң үйине барып келиўге еринеди, бир еки бақырыстан кейин барады. Ал, мен сол сүтти ѳзим-ақ әкелейин, анажаным. Тек мени аборот деген балеңнен аўлақ қыл. Атыда жаман екен. Кеше бир қоңсы келиншекке (ол да еки қабат қусайды) аборттан қорқаманаў, оннан туўған аңсат болады екен-деп атыр екенсиз. Ол келиншек те мениң анамдай енди туўмайман, керек емес деп атыр. Қоңсы келиншек айтып атыр, енемнен бир жүз елиў мың сорап едим. «Ҳе ѳйтип не, ҳәм бир жүз елиў мыңнан ҳәм баладан айырылып, Туўасаң» деп бақырыпты. Енди мениң анажанымды күтип отыр. Екеўи туўыўханаға барып, бизлерди алдырып кележақ. Бүгин мениң тәғдирим шешиледи. Енди анажаным, Оралхан ажапамды тыңлай қойса. Еле бир бѳлек қан болсам да ақылым соған жетип тур. Мени туў анажаным! Пикириңнен қайт! Ѳрлеп жүзип, жүрегиң жаққа баратырман, мениң демимди еситтиң бе? Анажаным! Кеше ѳзиң интернетте аборттың қалай болатуғынын кѳргениңди, мен түсинип қойдым. Әңгиме мен ҳаққында екенин биле қойдым. Қулағыма жақпаса да, ҳақыйқат болғаннан кейин тыңлаўға туўра келди. Ҳәзир мен жатырған жер, суўға толы, арқайын жүзип жүрмен. Қәлеген жериме барып Сизге жақынласаман, биресе ѳкпеңиз бетке, биресе жүрегиңизге жақынлайман, ҳәттеки аманлық болып, дүньяға келер болсам, келиў жолларымды да билип алдым!
Және интернеттеги ядыма түседи аў! Аборт болып атырған мендей бир сорлы вакуум ѳзине жақынлағанда ѳрге қарай шапшығанын ѳзиңизде кѳрдиңиз ғой. Гѳш машынның тисиндей баламат еки минутта қақтыда кетти. Бѳлек-бѳлек қылып, пуштарлады да таслады. Қолын суўырып ақ алды. Әне ер бала екен, шелекке кетти бәри, ух, ух деўи менен жаны үзилип түсти. Мен сондайдан қорқаман анажаным! Кеше барғанда сизге врач «Үлкейиңкиреп кетти, сәл аўыр болады» деди ғой. Анажаным, мен де сизиң жаныңыз аўырмасын! Мен қыз баламан, Сизге ўәде беремен, мен дүньядағы ең сулыў, ең ақыллы қыз боламан! Маған ѳмир сыйла анажаным! Қоңсы достыңа да айт, ол да туўсын. Түсинип турыппан, ол да жасағысы келип тур!»
Келиншек отырып қалды. Түсинен түс жоқ! Мениң қыялымнан тоқыған нәрселерим ҳақыйқат еди.
—Келинжан мен кеттим! Андамлы ата-ененниң хызметин исле! Нықырттым.
Бүгин Нѳкистеги 34-мектептиң 3-классында айрықша бир бала, бир қыз оқыйды. Еки нәресте де маған жақын. Бир гѳззал қыз, бир алпамыс бала болды. Жѳни менен әкесине, анасына ақыл үйретип атырғанын талай еситтим. Расында да таң азанда сүттен киятырғаны. Бойлы-сынлы, аяқлары дүп-дүзиў, аппақ қызалақ мен бетке жуғырады. Әдет болып кеткен. Мени қушақлағысы, маған еркелегиси келеди де турады. Мен де не турыс! Аймалап, баўырама басаман! Жаса нәрестем! Ѳмирдиң гүлтажы келешегимиз! Ең бахытлы қыз болғайсаң!
Расында да қыз оғыры сүйкимли, тәртипли, зийрек қыз болып ѳсип атыр. Мийримлилиги ѳз алдына!
Адамзат!
Пуштымыздан жаралған перзентти кѳз қыйып, аборт еттирип, жынаятшылыққа қол урмайық. Бир күнлик эмбрион болсын, ол АДАМ деп саналады.
Ҳасла абортқа жол қоймаң!!!
Оралхан Сапарова,
Нѳкис қаласы, 34-мектептиң директоры.
