«ТУМАР» БЕС ЖАСТА

Ойын көркем өнери инсанныӊ сезимлер әлеминдеги барлық нәзик туйғыларын сәўлелендире алатуғын, еӊ қурамалы кеширмеларди де ҳәрекет ҳәм мимка арқалы тәрийплей алатуғын көркем өнердиӊ бир түри. Солай екен, ойын әлемине кирип келетуғын ҳәр бир қызығыўшыныӊ музыка еситиў қәбилети раўажланған, музыкалық сана ҳәм талғамын, дүнья қарасын гөззаллыққа шайда болыўы керек. Хәзирги күнде Өзб

екстан аймағында бес өз жолына ийе ойын көркем өнериниӊ мектеби қәлиплескен ҳәм кеӊнен мәлим. Булар:
• Ферғана – Ташкент ойын өнери мектеби
• Бухара ойын өнери мектеби
• Хорезм ойын өнери мектеби
• Сурҳан ойын өнери мектеби
• Қарақалпақ ойын өнери мектеби.
Жоқарыдағы ойын мектеплериниӊ ойынларында халқымыздыӊ еӊ жақсы қәдириятлары, инсаныйлық пазыйлетлери, миллий үрп-әдетлери жәмленген. Әсиресе, қарақалпақ ойын көркем өнери мектеби өзиниӊ узақ жыллық тарийхы ҳәм раўажланыў шежиресине ийе. Ҳәзирги күнде де ойын көркем өнериниӊ раўажланыўы ушын кеӊ имканиятлар жаратылған. Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында да миллий өйын көркем өнеримиздиӊ классик ҳәм заманагөй үлгилерин студент жасларға үйретиў мақсетинде «Тумар» ойын ансамбли шөлкемлестирилген болып, ансамбль қарақалпақ ойын көркем өнериниӊ раўажланыўына өз үлесин қосып келмекте. Усы жылы ансамблдиӊ бес жыллық юбилейи көтериӊки кейпият ҳәм руўхыят пенен белгиленип атыр.
Ансамбль тунғыш рет 2018-жылдыӊ 16-ноябрь күни Нөкис қаласындағы 22-санлы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде өзиниӊ дәслепки концертин берген еди. Бес шыл ишинде болса, өзиниӊ түрли-түсли ҳәм рәӊ-бәреӊ тамашагөйди сыйқырлап аларлық ойынлары менен Республикамызда өз орны ҳәм абырайына ийе жәмәәтке айланып үлгерди.
Бес жыллық юбилей концертте филиал директоры филология илимлериниң кандидаты А.Аяпов ҳәм ансамблдиң көркемлик жақтан басшысы «Мәденият ҳәм көркем өнер пидәкери» көкирек нышаны ийеси, тәжирийбели педагог Е.Халмуратов, филиал профессор-оқытыўшылары, студент жаслар ҳәм кеӊ жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты. Филиал директоры ансамблди беш жыллық юбилейи менен қутлықлап, алдағы жумысларында жаӊадан-жаӊа табыс ҳәм жетискенликлерди тиледи. «Тумар» ансамбли елимиздиң ғалабалық байрам ҳәм сейиллери, тамаша илажларында өзлериниң концерт бағдарламалары менен қатнасып, жақсы нәтийжелерге ерисип келмекте. Концерт ансамбль ағзалары тәрепинен таярланған жылўалы ҳәм илҳамлы, шадлы тамашагөйге заўық бағышлайтуғын бағдарламалар менен даўам етти. Илаж соңында болса, ансамбль жәмәәтин филиал директоры А.Аяпов Ҳүрмет жарлығы менен сыйлықлады.
Алфия
ҚОЛҚАНАТОВА,
ӨзМКӨМИ Нөкис филиалы Театртаныўшылық тәлим бағдары студенти.