Устазларым – айтқан сѳзлериң алтын,
Әӯладлар әдиӯлер дәстүрий салтың
Халқымыз алдында жүзлериң жарқын
Билимниң булағы болған устазлар.
Мектеп босағасын атладық гүзде,
Қушақ ашып күтип алдыңыз бизди,
Екинши анамыз болғансыз сизлер,
Қәлби меҳир менен толған устазлар.
Барыңды аямай жан-тәниң менен,
Билим-тәрбияны ѳз сәниң менен,
Бәрин үйреттиңиз ѳз жолы менен,
Сизге миннетдармыз әзиз устазлар..
Заман жылдырымдай әсирлер асар,
Жаслық тасқын суӯдай толқынлап тасар,
Бердақ, Әжинияздың излерин басар,
Сизлерден тәрбия алған устазлар.
Ғәрезсизлик алып бизиң елимиз,
Аспан ашық, гүл жайнап тур жеримиз,
Ӯатаным деп тѳгиӯ ушын теримиз
Ӯәсиятыңды орынлаймыз устазлар.
Тумарис Генжебаева,
Нөкис қаласы, 18-санлы мектептиң оқыӯшысы.
