РЕДАКЦИЯДА МИЙМАН БАР

И.Юсупов атындағы дөретиўшилик мектеп оқыўшылары устазы Зульфия Сатбаева басшылығында редакциямызда мийманда болды. Олар редакциямыздың ишки жумыслары менен жақыннан танысты. Өз гезегинде устазы оқыўшыларының бир қатар табыслары менен келгенлигин мақтаныш етти. Олардың бир қанша дөретпелерин газетамызға усынып атырмыз.

АНА ТИЛИМ

Ана тилим-жүрегимниң айнасы,
Мисли атқан гөззал таңниң шуғласы,
Бизге жеткен бабалардың мийрасы,
Ана тилим-саған тәжим етемиз .

Таза сөйлеп, қәдириңе жетемиз,
Сен арқалы душпанды да жеңемиз,
Жаманларды дүзетиўши қуралсаң,
Ана тилим- саған тәжим етемиз.

Сен бар болсаң- миллет жасар
бахытлы,
Өз тилимде, мен патшаман тахтлы,
Егер ана тилге атылса бир “оқ”,
Онда мениң жүрегимди тырнайды.

ҚАРАҚАЛПАҚ ҚЫЗЫМАН

Бәрше халық ҳәўес етип қараған,
Саҳрайы, мийнеткеш бабаларым бар,
Алға қарай уллы мақсетлер қойған,
Билимдан халық- қарақалпақ қызыман.

Жыраўлар бар- тарийхлардан жырлаған,
Ерназар бар- халық арын арлаған,
Аллаяр бар- қарыс жерин қорғаған,
Ардақлы ел- қарақалпақ қызыман.

Батырлар бар-халқы ушын жан берер,
Белин буўып, ели ушын тер төгер,
Әўладларға мәртлик мийрас қалдырған,
Қаҳарман халық- қарақалпақ қызыман.
Дилбар Жолдасбаева,
8-класс оқыўшысы.

АНАЖАНЫМ

Жаслығымнан таныс маған
ҳәййиўиңиз,
Бесик тербеп шаршамаған қолларыңыз.
Ерте еле ақ сүтиңди ақладым деў,
Анажаным-бул өмирде барлығымсыз!

Жанымызға азық болар мийримиңиз,
Қәне енди жеңиллетсем аўырыңыз,
Миннетдарман берген тәрбияңызға,
Анажаным-сиз бизлердиң
ардағымыз!

Сәл адассам алдыңызға келер едим,
Жолларыма жақты болар кеңеслериң,
Бардур алға қойған жақсы мақсетлерим,
Орынланар өзиң менен, анажаным!

Тилеги бир, жүреги бир аналардың,
Перзентимен кеўили ақ даналардың,
Өмирдеги қуўанышым-сүйенишим,
Бахтымызға аман болың, анажаным!

Айсулыў Байназарова,
8-класс оқыўшысы.

АЎЫЛ САҒЫНЫШЫ

Палақпан тасына илинип,
Менде.
Буннан кеттим алысқа,
Аўылдан кетпек бар,
Келмек жоқ екен,
Қайтып. Неге??
Келермен алыстан,
Сени сағынып,
Қушағыңда жүрсем,
Қәне бир өмир,
Әттең …узағында
бес күн-ақ сонда,
Қонарман бунда,
Арғы күни түйиншикти түйип,
Түсермен жолға.
Басылмай адымым,
Барарман бозлап ,
Турарман жолда,
Келеди қалғым,
Усы аўылда.
Тәбият ҳәм шерик дәртиме,
жылап, жамғыр баслар силпилеп,
Көз жасымды тамшылар жуўып,
Жубатады. Айтып тәселле
Енди туўған аўылымда мен,
Қала алмас екенмен дә ҳеш ?!
Айыбым-болғаным ба
Нашар әўлады?!
Ҳәтте мениң өлигимди де,
Әкелмейди екен дә бунда!
Аўылым-сени сонша сүйсемде
Жаннан!
Қуўып салады екенсең буннан!
Келерде самалдай ушып келермен,
Қайтарда көзимди үзе алмай сеннен,
Қарап узақ-узақ.
Кеталмай тураман — неге?
Самал ийтерер — “Қызым кете бер!”
Минермен гүрсине — көликке.
***
Сени сүйдим. Жулдыз, ай гүўа
Жолларыңда турдым. Телмирдим
Муҳаббатта турған не гүна
Айталмадым сени сүйгеним.
Кете бердиң қапталдан өтип
Ашпайсаң ба сеўги китабын?
Алыслайсаң жүректи сөтип…
Аңламастан қыз муҳаббатын
Бағ ишине шақыр қупыя
Ҳаллас урып,ушып келейин
Түнлери уйқламай атыңды жазып
Тоқыған орамалды берейин
Сүйгенлигим соншелли сени
Дийдарың тек түсимде несип
Қыз кеўилин түсинеди ким?!
Қай бири сүйгенин айталар.Кесип.
Жеңге дейди-дос бир жеңге жоқ
Кимге дәртин айтсын сүйгенлер?!
Бир күни “тәғдир екен дә” дейип
Илип кетер мени мен сүймегенлер

КҮТИЎ

“Кеўил атлы сарайдың
Мәликасы сен”- дедиң
“Жаным пидә өзиңе
Қурбан болсам мен”- дедиң

“Гүл жамалың мисли нур
Қамасар көзим”- дедиң
“Жүрек сени деп соғар
Сүйгеним мениң”

Дедиң:-Қәне дийдарың
Мен күтермен өзиңди
Келсең сүрме етерем
Бағда жүрген изиңди

Мына гүллер қарап тур
Келермекен жигит деп
Үзип алып бизлерди
Берермекен қызға деп

Керек емес гүли де
Келсе болды сүйгеним
Нәмәртлерден болмағай,
Қалмасын тек күйгеним!

Бул заманда бийопа
Жигитлер көп деседи
“Сениң ярың опалы”
Дейип самал еседи

“Тек түслерге енбесин
Қушағыңда турғаным
Гүл орнына қойғаның
Дузақ болып турмасын”

Бизди алдар, сүйдим деп
Түсирип ал дузаққа
Қәҳәр келсе Алламнан
Нәмәрт бармас узаққа.
* * *
Бул дүньяда ҳәр инсанда
Түйип қойған әрманлар бар
Сол әрманға жетиў ушын
Денсаўлықтан ал бир хабар

Болмақ қәлерсең илимпаз
Оның ушын бәри де саз
Тек денсаўлық буза кетер
Ол илимде не сапа бар

Бәлким кеўил пулды күсер
Жолын тапсаң ол да түсер
Тек денсаўлық буза кетер
Ол байлықта не рәҳәт бар

Көз тоймайды, қарын тойса
Бир қап алтын көрсе жолда
Денсаўлықты жерге қоя
Қәнәәтти сатарлар бар

Қосықлар айт,ойын ойна
Айшыў-ишрет, тойлар тойла
Дослар – денсаўлықты
ойла
Дени саўда мол
байлық бар.
Зульфия
САТБАЕВА,
усы мектептиң муғаллими.

АРАЛЫМ

Бәҳәр келип, сәўир самалы есип,
Бүлбиллер сайрасып, гөззал бағларда,
Сонда ядқа келер Аралым мениң,
Теңиз және жағасына қайтар ма…

Бекире, сазаны, ақ балық қәне,
Дүнья билген балық заводым қайда,
Тиленемен күни-түни Аралым,
Қәнекей бурынғы қәлпине қайтса.

Кемелер де жатыр “қойымшылықта”,
Теңизим “жылайды” қурғақшылықтан,
“Қутқар суўсызлықтан бул Аралымды!”-
Жалбарып сорайман Ана тәбияттан!
Гулрух Мырзамбетова,
8-класс оқыўшысы.