ҚЫСҚА ХАБАРЛАР

Мийнет кодексиниң мазмун мәниси

Мийнет кодексиниң мазмун мәнисин ҳуқықты қоллаўшыларға түсиндириў, оның орынланыўын тәмийинлеў сыяқлы әҳмийетли мәселелер талқыланып атыр.
Соңғы жылларда Өзбекстанда мийнет қатнасықларына жаңаша жантасыў жүзеге келди. Мүлк ийелери ҳәм жумыс бериўшилердиң саны кескин артты. Физикалық шахсларға да жумыс бериўши статусы берилди. Булардың барлығы мийнет базарында жаңа реформаларды талап етеди.
Бундай шараятта мийнет нызамшылығын модернизациялаў менен байланыслы ўазыйпаларды әмелге асырыў дәўир талабы есапланады. Усы тәрептен жаңа Мийнет кодекси жойбары ислеп шығылды ҳәм бул процессте 10 нан аслам халықаралық шөлкем, соннан, халықаралық мийнет шөлкеминиң бир қатар конвенциялары, 60 тан аслам мәмлекет тәжирийбеси үйренилди.
Усы ҳүжжет тараўдағы бир қатар машқалаларды, мийнет базарындағы жағдайды есапқа алып, базар экономикасы талапларынан келип шығып, нызамлы шешиўде, ислеген жумысына, жумыс бериўши болса киргизген қаржысына мүнәсип тәризде итибар ҳәм хошаметлеўге ийе болыўын кепиллейтуғын әҳмийетли ҳуқықый тийкар болып хызмет ететуғынлығына исенемиз.

Мийнет шәртнамалары «Бирден-бир миллий мийнет системасы»нда
дизимнен өткерилиўи шәрт

Жаңа Мийнет кодексине бола, мийнет шәртнамасын дүзиў ҳәм бийкарлаў, сондай-ақ, оған өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў нызамшылықта белгиленген тәртипте «Бирден-бир миллий мийнет системасы» уйымлар аралық программалық-аппарат комплексинде дизимнен өткерилиўи шәрт.

Пенсия тайынлаў ушын минимал жумыс стажын билесиз бе?

Пенсия тайынлаў ушын жетерли жумыс стажына ийе болмаған шахсларға жасқа байланыслы пенсиялар кеминде 7 жыл жумыс стажы бар болған жағдайда, бар стажына салыстырмалы муғдарда тайынланады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.