Қарақалпақстан Республикасы бойынша 2022-жылдың январь-сентябрь айлары жуўмағына көре ислеп шығарылған жалпы аймақлық өнимниң көлеми 21 167,8 млрд сумды қурап, 2021-жылдың январь-сентябрь айларына салыстырғанда өсим пәти 3,7 % ке өсти.
Өзбекстан Республикасының жалпы ишки өниминиң қәлиплесиўине Қарақалпақстан Республикасының қосқан үлеси 3,4 % туўра келеди.
Қарақалпақстан Республикасы жалпы аймақлық өнимниң экономикалық хызмет түрлери бойынша тараўлардың жалпы қосылған қуны 19 191,1 млрд сум болған болса өсим пәти өткен жылдың дәўирине салыстырғанда 103,7 процентти қурады. Өнимлерге болған салықлар 1 976,7 млрд сум болып, өсим пәти (103,2 %), аўыл, тоғай ҳәм балықшылық хожалығы тараўы 4 759,0 млрд сум (101,1 %), санаат тараўында 5 103,7 млрд сум (101,0 процент), қурылыс тараўында 1 695,2 млрд сум (108,4 %), хызметлер 7 633,2 млрд. сум (106,3 %) қурады.
Халықтың жан басына ислеп шығарылған жалпы аймақлық өниминиң көлеми 10 802,7 мың сумды қурап, бул көрсеткиш өткен жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 102,2 процентти қурады.
Қарақалпақстан Республикасы экономикасының барлық тараўларында жаратылған жалпы қосылған қунының улыўма үлеси жалпы аймақлық өниминде 90,7 %, өнимлерге болған салықлар болса 9,3 % ти қурады.
2022-жыл январь-сентябрь айлары жуўмағы менен жалпы аймақлық өниминиң тараўлар қурамындағы үлеси аўыл, тоғай ҳәм балықшылық хожалығының 24,8 % ти, санаат тараўы 26,6 % ти, қурылыс 8,8 % ти ҳәм хызметлер тараўы 39,8 %, ти қурады.
2022-жылдың январь-сентябрь айларында киши исбилерменлик субъектлердиң жалпы аймақлық өнимдеги үлеси 54,3 % ти қурады.
Талғат Нурмаханов,
Қарақалпақстан Республикасы статистика басқармасы Статистика жумысларын шөлкемлестириў ҳәм улыўмаластырылған мәлимлеме-таллаў жумыслары бөлими баслығы.
