Сентябрдиң соңғы күнлери Самарқандта қарақалпақ əдебияты күнлери өтип атырған пайыт. Келеси ушырасыў жайына автобуста баратырғанымызда буннан көп жыллар бурын болып өткен жас жазыўшылар семинарындағы ўақыялар ҳаққында сөйлестик. Əне сонда Өзбекстан Жазыўшылар Аўқамы Басқарма баслығы, Өзбекстан халық шайыры Сиражиддин Саййид:
– Əлбетте, ол күнлерди, тап сол ўақыялардан ядта қалғанларын жазыў керек, қандай қызықлы, умытылмас жақсы күнлер еди, – деди ҳəм ойда жоқта бирден маған қарап, – Марат, сиз буны жазың, бул жақтада өзим шығартаман оларды…
Шайыр ағамыздың бир аўыз сөзи қосымша болды, себеби буннан қырық жыл бурынғы Дүрмен күнлерин көп еслейтуғын едим. Ҳəрдайым ушырасыўларда да айтып жүремен, бирақ бəрибир буны қағазға түсириўди ойлап көрмеппен. Мине, усыннан кейин сол алыста қалған күнлерден ядымда қалғанларын жазбақшы болдым.
1980-жылдан баслап Қарақалпақстан Жазыўшылар Аўқамы жанында ҳəр айдың соңғы сəршемби күни саат 15:00де «Ашық есиклер күни» шөлкемлестирилди. Бул əдетте республикамыздың жас жазыўшы-шайырлары ушын əмелий сабақ алыў орны болды, яғный семинар кеңеси. Ҳəр бир усындай ушырасыўда белгили жазыўшы-шайырлар қатнасып, жасларға өз билгенлерин үйретти, олардың жазғанлары менен танысты. Өзбекстан ҳəм Қарақалпақстан халық жазыўшысы, Қарақалпақстан Жазыўшылар Аўқамының баслығы Төлепберген Қайыпбергенов жаслар менен тығыз байланыста болды. Мине сол жерлерде бизлер белгили халық жазыўшыларын көрдик, халық шайырларының ақыл кеңеслерин алдық. Олардан Жолмурза Аймурзаев, Тилеўберген Жумамуратов, Хожабек Сейтов, Тəжетдийн Сейтжанов, Байнияз Қайыпназаров, Ғалым Сейтназаров, Гүлайша Есемуратова, Генжемурат Есемуратов, Əденбай Тəжимуратов, Исмайыл Қурбанбаев, Жолдасбай Дилмуратов, Мəтен Сейтниязовлар. Əлбетте олардың шығармалары менен ҳəм өзлери менен жүзбе-жүз ушырасып танысыў бизлерге үлкен илҳам йош бағышлады. Оннан кейинги əўлад жазыўшы-шайырлары да бизлерге жол көрсетиўши əдебий маяклар болды. Шаўдырбай Сейтов, Узақбай Пиржанов, Камал Мəмбетов, Төлепберген Мəтмуратов, Əбдимурат Атажанов, Гүлистан Шамуратова, Толыбай Қабулов, Кеңесбай Рахманов, Сейдабулла Пиржанов, Теңелбай Сəрсенбаев, Мəмбеталы Қайыпов ҳəм басқалар. Мине усындай ҳəр айда өткерилген семинар кеңеслерде əдебиятқа араласып атырған жаслар менен ҳəм олардың шығармалары менен таныс болған Жазыўшылар Аўқамы республикалық семинар кеңеске қатнасатуғын жасларды тапты.
1982-жыл август айында Ташкенттеги Дүрмен жазыўшылар дөретиўшилик үйинде жас жазыўшылардың екинши республикалық семинары болып өтти. Оған республикамыздың барлық ўəлаятлары менен бирге Қарақалпақстаннан жас жазыўшы-шайырлар қатнасты. Бир ҳəпте даўам еткен жыйынға Қарақалпақстаннан төрт адам бардық. Поэзиядан Бахтияр Генжемуратов, əдебий сын бойынша Кеңесбай Реймов, орыс əдебиятынан Гулнара Жийемуратова ҳəм прозадан мен. Семинардың ашылыўына байланыслы салтанатлы жыйналысқа жазыўшылар аўқамы баслығы Сарвар Азимов қатнасты. Бизлерди жазыўшылар үйиниң тазадан пайдаланыўға берилген еки қабатлы жайларына орналастырды. …Белгили жазыўшы-шайырлар менен ушырасыўлар болды. Көплери секцияларда бизлерге семинар сабақларында өтти. Ол жерде Зульфия Исрайлова, Одил Еқубов, Эркин Вахидов, Абдулла Орипов, Сунотулло Онарбаев, Иброхим Ғафуров, Тохир Малик, Уткир Хошимов, Александр Файнберг, Абдулла Шер, Нуроли Қобул, Машраб Бабаев, Гулчехра Нурыллаева, Халийма Худайбердиева ҳəм басқалар биз жаслар менен жумыс алып барды.
Самолёттен түскеннен кейин Кеңесбайдың жол көрсетиўи менен үшеўимиз (Гүлнара бизлерден алдынырақ кетип сол жақтан баратуғын болды), таксиде ме, тап ҳəзир не менен барғанымыз ядымда жоқ, қаланың бир шетирегиндеги узловая темир жол станциясы жанындағы Шумиловка деген жерге бардық. Ол жерде кишкене, пəскелтек ўақтынша жайлар салынған болып, бир-бирлери менен кишкене дəлизлер арқалы қосылысып кете берген екен. Айтыўларынша үйлерде көбирек усы қарақалпақстанлы студентлер, оқыўдан соң жумыс ислеп қалған жаслар, абитуриентлер, қулласы бизиң жақтың жигит-қызлары турады. Ол жерде түни менен де, күни менен де тепловозлардың қыйғырықлары, вагонлардың бир-бирлерине соқлығысқанлардағы буферлердиң тасырлылары, гудоклар, үлкен рупорлардан жаңғырып шығатуғын бақырыс сөзлер, ал тысқарыда болса бийик бағаналарда орнатылған прожекторлар, шырақлар бул дөгереклерди бир минутта тыныш қоймайды. Ал, бирақ усы туста жасаўшылар буларды дым байқапта атырған жоқ, үйренисип кеткен…
Семинарға келген жас жазыўшылар арасында биринши топламлары шыққанлар, болмаса қашшан қəлиплесип қалғанларда бар еди.
Проза секциясында бүгинги күни мəмлекетимизге өзлериниң қунлы ҳəм мазмунлы шығармалары менен белгили болған жазыўшылар менен бирге болдым. Олардан ташкентли Орзықул Эргаш (өзи ҳаслы Самарқандлы), Маьсума Ахмедова, Ферғанадан Алишер Ибодийнов, Матлуба Эгамбердиева, Махсуда Эргашева, Жиззақтан Əбилқасым Мамарасулов, Мустафа Нурлы, Венера Иброхимова, Наўайыдан Раҳим Қадир, Сырдəрьядан Ҳаятқан Артықова ҳəм басқалар еди. (Арадан усыншама жыллар өтип кеткени ушын итимал көплерин умытқанда екенмен, буның ушын кеширим сорайман).
Бизлерди ол семинарға үлкен устазымыз, Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан ҳəм Қарақалпақстан халық жазыўшысы Төлепберген Қайыпбергенов басқарып барды. Сол жердеги жазыўшылардың дала ҳəўлисинде үлкен устаз, Өзбекстан халық шайыры Зульфия Исрайлова ҳəм əдебияттаныўшы, Өзбекстан Қаҳарманы Иброхим Ғафуровлар менен ушырастырды.
– Мине, бизиң ертеңги жазыўшы-шайырларымыз, – деп Төлепберген аға бизлерди оларға таныстырды.
Еринбестен ҳəр қайсымыздың аты-жөнимизди, не жазатуғынларымызды айтып берди. Олар да бизлердиң əдебий көз қарасларымыз бенен қызықты, сораўлар берди, өзлериниң ең жақсы ақыл-кеңеслерин айтты. Сол жерде Төлепберген аға мениң бир гүрриңимниң қол жазбасын Иброхим Ғафуровқа көрсетти. Ҳəм «Өзбекстан адабиёти ва сьанати» газетасының 20-августтеги №34-санында «Мениң достым» деген гүрриңим Сафар Аман аўдармасында басылып шықты. Газетаның сол күнги санында Бахтияр Генжемуратовтың да, Кеңесбай Реймовтың да қосықлары жəрияланды. Сондай-ақ басқада газета-журналларда басқа шығармаларымыз басылып шықты…
Быйылғы жылы белгили устаз, халық жазыўшысы Өткир Хошимовтың 80 жыллығына байланыслы оның шығармалар топламын қарақалпақ тилинде шығарыў бойынша жумыслар қолға алынды. Мен де устазымыздың ҳүрмети ушын, онын алдындағы шəкиртлик бир ўазыйпамды орынлаў мақсетинде жазыўшының бир-еки гүрриңин қарақалпақшаладым…Сол сапары яғный буннан қырық жыл бурын оның енди ғана қырық жасқа шығып атырған ўақытлары екен. Бирақ, сол ўақытлардың өзинде-ақ ол əлле қашан қəлиплескен жазыўшы еди. Ол салмақлы, сөзлери дүзиў, басық, даўысын ҳеш бир көтерип сөйлемейтуғын, жағымлы ҳəм музыкалы дөретпени айтып атырғандай болады. Келбети келискен, ийман жүзли адам еди. Биз жасларды нəўбетпе-нəўбет шығармаларымызды оқытып атырғанда, ол ҳəммени тоқтатып:
– Қəне енди, бизиң Маратжан оқысын. мың километр аралықтан келип отыр. Усы жазғанларын оқыйман деп келди. Ал,сизлердиң үйлериң жақын, – деп бизге дəслеп нəўбет берип ҳəм сол жердеги орталыққа жақсы бир жыллы атмосфера нəпесин алып киретуғын еди…Соннан ҳəмме жабырласып мени ортаға шығарады…
Сондай-ақ бизлерге сол ўақыттағы Өзбекстандағы үлкен жазыўшылардан Əдил Еқубов, Сунотулла Анарбаев, Тохир Малик, Нуралы Кабыллар да сабақ өтти. Олардың бизлерге проза бойынша өткен сабақларындағы айтқанлары, семинар өтиў усыллары, гүрриң-повестлер жазыў бойынша берген ақыл-кеңеслери елеге шекем бизлердиң ядымызда. Оларды биз əдебий майданда бəрқулла өзлеримизге қурал етип алып жүремиз ҳəм ендиги жағында усы топлаған тəжирийбелеримизди кейинги киятырған жасларға айтып, үйретиўге ҳəрекет етемиз. Бул үлкен жазыўшылар тап ҳəзирде, Дүрменде келеси сабақларды таллаўға мың жыллық бийик шынарлар астындағы қоя саяманлардағы бастырмаларда бизлерди күтип атырғандай бола береди. Бүгин бизлер үлкен жасқа барып қалсақ та бəри бир олардың алдында еле баладаймыз, бир өмирге шəкирт болып қала беремиз. Ал, сол гезлердеги жигирмадан енди өтип жүрген (бүгинги пенсия жасындағы) дөретиўши жаслар болса устазлары жаққа асығып баратырғандай көз алдыңа келе береди…
Семинар қатнасыўшыларын республикалық газета-журналлардың редакцияларына, типографияларға экскурсияға алып барды. Ол жердеги дөретиўшилик жəмəəтлеринде ушырасып, олардың жумыс ислеў процесслери менен жақыннан таныстық. Өзлеримизди қызықтырған сораўларымызды бердик ҳəм оларға тийисли жуўаплар алдық. Əсиресе бизлерди үлкен цехлардағы китап, газета-журналларды басып шығарыўшы полиграфиялық əспаб-үскенелердиң көплиги, шаўқымлары, ислеп атырған баспа хызметкерлериниң ис шеберликлери таң қалдырды. Нəҳəн печатлаў машиналарынан реңли қағазларда ертеңги болажақ газета-журнал бетлериниң көплеп шығып атырғанлары бизди қызықтырды… Буннан соңғы күнлердиң биринде бизлерди Ташкент трактор заводына алып барды. Ол жердеги заманагөй тракторлардың ҳəр бир деталының ҳəр қыйлы цехларда жыйналып, үлкен автомат циклинде бир-бирлери менен байланыстырылып, ең соңында жыйнаў цехындағы таяр болған тракторларды көрсетти… Улыўма семинар күнлери бизлер тек ғана Дүрмен бағында семинар менен бəнт болмастан мине усындай мийнет жəəмəтлеринде экскурсияларда болдық, ол жерлердеги мийнет алдынғылары, өндирис хызметкерлери менен ушырастық, Ташкенттиң басқа да дем алыў, мəдений орынларын барып көрдик… Тағы бир нəрсе ядыма түсип атыр. 18-август мениң туўылған күним еди. Сол ушын семинарға баратырып Нөкистен сүўен балық, ишип-жейтуғын нəрселерде алып кеткен едим ҳəм сол күни мениң бөлмеме жақын жигит-қызлар келип туўылған күнимди қутлықлап кетти, жақсы тилеклерин билдирди…
Усындай күнлери бағдың ишиндеги қойыў саяманларға орнатылған арнаўлы отырғышларда биз жаслар устазларды күтип отырғанларымызда, бəрқулла арамыздан дөгеректи қыздырып отыратуғын жигитлер табылатуғын еди. Мине, солардың бири, бул бүгинги күни республикамызға белгили халық шайыры Сиражиддин Саййид еди. Ол сол гезлери узын бойлы, қыр мурынлы, арықтан келген, қуўақы жигит болды. Себеби, ол адам жатырқамайды, қəлеген орталыққа сол ўақыттың өзинде сиңисип кете алады. Сол ушында ол тек өзлеримиз қалған ўақытлары сырттан музыка еситилсин я еситилмесин бəри бир сол жерлерде кеўилли орталықты пайда етеди. Мəселен, – Ал, мине мынадай қосық айтылып атыр, – дейди жыйналғанлардың дыққатын өзине қаратып, соннан ҳəммемиз оған қараймыз. Сиражиддин аға тап концертте ортадағы конференцелердей болып даўысларында кəмине келтирип сөзин даўам еттиреди. – Қосықты төленше атқарып атыр, синтезаторда Бахтияр Генжемурат, гитарада Марат Таўмуратов, чилдирмада Мырза Кенжа, ойынында…, – деп тағы сол жерлерде бар жаслардан бирин айтады…Соннан бəримиз буған мəс болып күлемиз, …Əлбетте, бул да сол күнлерги қызықлы демлерден бир көринислер еди…Ҳəзир ҳəрдайым усы пайытларды ойлап қатты сағынаман…
Жаздың күнлери (усы жыл) Ташкент қаласы ҳəм Ташкент ўалаятында Қарақалпақ əдебияты күнлери болып өткенде бизлер Дүрменге жайластық. Мен усы мəрте үшинши қабаттағы бир номерде жақсы шайыр инимиз Раўаж Отарбаев пенен бир ханада болдым. Сонда баяғы буннан қырық жыл бурынғы күнлердиң нəпеси усы дөгереклерде гезип жүрер еди. Мисли, муртлары жаңа тəп берген, көкиреклери əл аспанға шарқлаған жигитлер, сулыўлықлары менен əдебият бостанында өзлерине лал еткен жас қызлар усы дөгереклерде, ғарры шынарлар астындағы отырғышларда жыйналып отырғандай. Тап сол туслардан Сиражиддин Саййидтыңда ҳəммени күлдирип, орталыққа пайыз келтириўши даўысы шығып атырғандай болады…Бирақ, булар бəри бизиң иллюзиямыздағы енди сирə қайтып келмейтуғын сағынышлы күнлердиң елеси еди…Мəйли, тəбият заңын өзгерткендей биз кимбиз, өткен күнлер енди ядларымызда қала береди, ал өзимиз болсақ ертеңги күнге қарап қəдем атып кете беремиз…
Марат ТАЎМУРАТОВ,
Жазыўшы.
