ЖҮРЕК КЕСЕЛЛИКЛЕРИ ҲӘМ ОНЫҢ АЛДЫН АЛЫЎ ИЛАЖЛАРЫ

Жасы үлкен адамларда, егер олардың салмағы ҳәдден зыят аўыр болса (семиз), кѳп темеки шексе ямаса қан басымы жоқары болса, жүрек кеселликлери кѳбирек ушырасады. Ҳәр қандай физикалық ҳәрекеттен кейин қыйналып дем алыў, дем қысыўы, аяқлардың кешке қарап исиниўи, шеп қол, желкеде бирден аўырыўдың пайда болыўы ҳәм бир-еки минуттан соң ѳтип кетиўи жүрек кеселликлариниң белгилери болып есапланады.
Бирақ, жүрек кеселликлериниң ең тийкарғы себеби жоқары қан басымы болып табылады. Бул кеселликтиң ўақтында алды алынбаса яки оған итибарсызлық пенен қаралса, оның ақыбети инфаркт ямаса инсульт кеселлигине ямаса мийге қан қуйылыўына алып келеди.
Сонлықтан қан басымы жоқары болған адамлар тез-тезден шыпакер қабыллаўында болып, турақлы түрде қан басымын түсириўши ҳәм қан суйылтырыўшы дәрилерин қабыллап жүриў керек. Усының менен биргеликте жылына бир мәрте ЭКГ га түсип қандағы холестерин муғдарын тексертип турыўлары да тийис.
Бул кеселликтиң алдын алыў ушын физикалық ҳәрекет, дурыс аўқатланыў ҳәм ўақтында шыпакер кѳригинен ѳтип турыў, кеселликтиң алдын алып қоймастан оның асқынланыўларынан да асырайды.
Д.МЫҢТУРҒАНОВА,
Нөкис қаласы, 9-санлы шаңарақ поликлиникасы шыпакери.