ҚАРАҚАЛПАҚТА

Әссалам, халқымның асыға күткен,
Зүрәәт байрамының сыйлы мийманы.
Маңлай терлериниң алтын маржаны,
Бүгин тойланбақта Қарақалпақта.

Бул мәкан – ҳәзирети дийқанның ели,
Туқымды қадасаң жери ийеди,
Мәнзилге көш жетип, кеўил жәмледи,
Үлкен сейил бүгин Қарақалпақта.

Реже орынланып, кеўиллер толар,
Көк қушқан қырманға көзлериң тояр,
Бүгин отаў тигип, дәстурхан жаяр,
Саз-сәўбет жаңлайды Қарақалпақта.

Шигит қадап, отақ отап, тергенниң,
Бул қырманда үлеси бар бәршениң,
Бүгин «мәрт майданда белли» дегенниң,
Ҳақлығына жетти Қарақалпақта.

Бирлиги арқалы басшы-қосшының,
Суўлығын жаздырып минген атының,
Ел басшының, басшы елдиң дәўлети,
Деген гәп бар бүгин Қарақалпақта.

Қоңыраты дәрбент жолдың сағасы,
Саўданың қызады берис-аласы,
Сыйлыққа ылайық ҳәр бир баласы,
Мәрт дийқан болып Қарақалпақта.

Дийқаны көп «Сүўенли»ниң жағысы,
Бурқасынлар бул каналдың ағысы,
Қанлыкөлдиң болып «Сити» табысы,
Бүгин гүлленип Қарақалпақта.

Кегейлиниң сөзи менен бир иси,
Табысына шерик үлкен ҳәм киши,
Келмес абыройды қолдан бергиси,
Қырманы шашланды Қарақалпақта.

Бозатаў ашылып халқы қуўанды,
Шарўасының үйир қой ҳәм маллары,
Тоғайында қырғаўыл ушып,
қоян ойнайды,
Кең жәзийра көп Қарақалпақта.

Тахтакөпир, «Қаратерең» жағасы,
Бар Сәрсенбайдай мәрт дийқан баласы,
Бийдай, салы, қырман-қырман пахтасы,
Көз қуўантар бүгин Қарақалпақта.

Амангүл, Ерполат дийқан бабасы,
Бес қаланың бири Шымбай қаласы,
Бүгин дийқан кексе, жасы – баласы,
Жер менен тиллесер Қарақалпақта.

Аўыр көшти мәнзилине тартысы,
Мийнет етип таң атыў, күн батысы,
Әмиўдәрья дийқанының табысы,
Илҳәм бағышлайды Қарақалпақта.

Елликқала көп тарийхтың гүзары,
Көз тартады «Бостан» қала гүлзары,
Жигити мийнеткеш, йошлы қызлары,
Қосықлар жаңлайды Қарақалпақта.

Төрткүл де ҳәзирети дийқанның ели,
Ол да аўыр көшти тартып келеди,
Тойда оған төрден орын береди,
Бурын пайтахт болған Қарақалпақта.

Бес қаланың және бири – Хожели,
Халқы дийқан тек мийнетти сүйеди,
Ел басшысы, жас басшының биреўи,
Жаслар қуўатланар Қарақалпақта.

Ел басқарар жигитлер бар төрели,
Беруний, Шоманай – мийнеткеш ели,
Қаўын-ғарбыз, мийўелери ширели,
Бүгин ҳәмме тойлар Қарақалпақта.

«Ақмаңғыт» елатын айтып өтейик,
Палыздан дәм татпай қалай кетейик,
Ҳәр жылы усындай тойға жетейик,
Тойлар бола берсин Қарақалпақта.

Мойнағың гүлленди, халық жәмленди,
Тақыятас – шамшырақтың Ўатаны,
Тойхананың асыўлы тур қазаны,
Дәстурхан жайылған Қарақалпақта.

Тамаша қызыққа халық жыйналған,
Ат қосар айлаўға сейис сайланған,
Жаўырны жерге ҳеш тиймеген палўан,
Қурға түсер бүгин Қарақалпақта.

Қошқарлар дүгисип, қораз жулысса,
Арқан тартысқанда күшлиси утса,
Жигит қызды қуўып жете алмаса,
Қыйқыўын береди Қарақалпақта.

Шайыр қосық оқыр, сазлар жаңлайды,
Бақсылар йошады, жыраў жырлайды,
Жан ендирип шалар қобыз, сырнайды,
Зүрәәт байрамы Қарақалпақта!
Генжебай ЖҮГИНИСОВ,
Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан жазыўшылар аўқамы ағзасы.

ЕСКИ ЖОРАМА ЕКИ ХАТ

Исенер едик биз ертекке,
Басқаша екен бул турмыс.
Баяғы қалып бир шетте,
Жасадық қанша бурылыс

Айлаўдағы арғымақтай
Жер танабын қуўырамыз.
Бир ҳаялдың тилин таппай,
Тыным билмей жуўырамыз.

Кояр кем-кем үлкен талап,
Бул не наз ба, еркелик пе?
Жаталмаймыз үйде қарап,
Биздеги қол келтелик пе.?

Машқала көп, ғалма-ғал көп,
Жылдан-жылға аўырласар..
Баяғыдай зыяпат жоқ.
Таң атқанша ғаўырласар.

Бул заманда дәстүр басқа,
Отырыспа–ҳаялларға.
Биз жүремиз баса-баста
Нашарларда әрман бар ма?!

Қашан көрме, ҳарып-талып,
Жанымызды кемиремиз
Сен де арық, мен де арық,
Бизлер қашан семиремиз?

Бул жораңның дегишпеси.
Деген менен жақсы-жаман,
Ҳаял—үйдиң периштеси,
Бахтымызға болсын аман!

Муқәддес ол, нашар ҳаслы,
Ас батпайды, қабақ үйсе.
Ертип алып кел қурдасты,
Қыдырыўға қолың тийсе.

ЕКИНШИ ХАТ

Балалық гез өтти бирге,
Еслейсең бе арасында?
Бир аўылда қоңсы ирге,
Есейдик биз, расында.

Паҳ, зор еди-аў асық ойын,
Қашарманды қатырғанбыз.
Бир-биреўден бурып мойын,
Қашан қашық отырғанбыз.

Түсип алсақ «Таслы жап»қа
Ийт балықтай шықпас едик
Шапқыласып балалықта,
Сирә тыным таппас едик.

Бүгин енди ҳәр биримиз
Ийе болдық шаңараққа.
Ырыл-тырыл ҳәр күнимиз,
Сен ол жақта, мен
бул жақта..

Қарамадық муҳаббатқа
Жеңил-желпи нәзер менен.
Қызлар орны алтын тахта
Бизлер болдық ўәзир деген.

Бас қосқанда жас жубайлар
Ўазыйпасы анық еди.
Бирин-бири жүдә сыйлар,
Суўға кирген балық еди.

Енди жаслар дым өзгеше,
Түсинбеймен, қарап турып.
Гейбиреўлер той өткенше
Кетер аттың басын бурып.

Бизиң жақта бир той болды,
Тоймысаң, той даңғаралы.
Жас жубайлар берген қолды
Жақынлатып еки араны.

Сазлар жаңлап, қызды гүрес,
Бет ашар ҳәм сейил болды.
Ондай шәўкет болған емес
Бул аўылда бурын-соңлы.

Не қыламан мен жасырып,
Бул келиншек бурын буннан
Алты мәрте бети
ашылып,
Алты мәрте сейил қылған.

Тағы да тойы болыўды
Ким кепил қәлемесине.
Усындай кылық қылыўды
Алмас па қызлар есине?!

Бурында қыз баланың
Бир рет бети ашылды
Гезбеди бунша қаланы
Шайқалдырып машынды.

Ерси тойдың түрлери
Өтер, ҳайран қаламыз
Жасларды бул күнлери
Қайда баслап барамыз?

Елдиң қәте дәстүрин
Тәртипке ким салалар?
Ул-қызлардың тәғдирин.
Ойласам, кеўлим қабарар.

Бул тәшиўиш елим
дегенниң
Кеўлинде қалай
жатпасын?!
Сен де журтсүйер ер едиң,
Аман болсын от басың!
Қалбай
Рейпназаров,
Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының ағзасы.

АРАЛЫМ ҚАЙТ

Толқынлары тасса деймен,
Ѳз ҳалына қайтса деймен,
Балықлары жүзип онда,
Бизди қуўандырса деймен.

Балықларыңды аўлап алып,
Кемелерде жүзсем деймен,
Ѳз орнында мәңги қалып,
Арал сени кѳрсем деймен.

Зульфия КѲПТИЛЕЎОВА,
Нѳкис қалалық 36-санлы мектептиң оқыўшысы.