Акимнияз улы Тѳренияз
Тѳрениң шаўлығы боламан
Айымбет ахун тарийхын
Тәриплеп хатка саламан.
Биз тәрип етип атырған Айымбет ахун «Кѳк-ѳзек» болыслығында, Бекпан-ийшан мешитиниң қасындағы аўылда туўылған. Ол 12-13-жасларынан баслап, диний жолға қызығып жасаған. Есеке ахуннан ҳәм Бекпан ийшан мешитине қатнап тәлим алып, қуран тиләўатларын үйренген инсан. Сол тәрептеги кәраматлы «Қабақлы-Ата» қойымшылығына қатнап, жақсы тилек тилеп, түнеп жатып зияратлап жүрген әжайып инсан.
Қабақлы Ата, жатар үлкен бийикте
Тѳбеси турғандай, бултқа тийипте
Ушқан қуста, қанат жайып айланып,
Түнеп жатар, адам түўе кийикте.
Соң 20-21 жасларында Назархандағы Хожанияз бий салдырған «Тас Медреседе» де бес жыл жатып оқып, уллы устазларынан рухсат алып ахунлық дәрежеге жетисип қайтқан инсан.
Елге келгеннен кейин, Тахтакѳпир, Қараѳзек тәреплерде мешит салдырды. Келешек жасларға, ересек адамларға алған билим нурларын таратып, сабақ берген екен. Соңынан Мойнақ районына қараслы «Мерген атаў» деген, Арал теңизиниң ортасындағы пүтин атаўда жасап бир неше суўпылары менен бирге елге, аўылға тәлим-тәрбия берип ел-арасындағы тынышлықты сақлап жасаған инсанды еслеп, қәдирлейик демекшимен.
Нѳкистен 180 км дей, Қараѳзек аймағынан жетпис км деги «Мерген атаў»да жасаған биринши ахун ѳзиниң кәраматы менен болажақ ислерди алдынан болжап билиў қәсийетине ийе болған. Бир болған ўақыя, мениң әкем Акимнияз ол кисиниң суўпысы еди. Бизиң туўысқан жигит ағам сол дәўирде 1947- жыллары 3 батарея менен айтатуғын радио пирёмниктиң биреўин алып айттыражақ болса қойдырмайды. Ол қутының ишинде сѳйлеп турған шайтан деп мен ахуннан сорайман рухсат берсе қоясыз дейди. Аўылдан 60 км узақтағы ахунға барып сораған, бизиң бала бир қуты әкелди түрли сѳзлерди айтады, қосық айтады, тақсыр мен қалай, намаз оқып, ораза тутаман, – дегенде: – Әй, Жарымбетжан-ай, оның зыяны жоқ, есите бер, еле сол қутының ишиндеги сѳйлеп қосық айтып турғанының өзлери шығады деген екен. 1964-жылы «Аврора» – деген телевизорды алдық. Арадан 17 жыл бурын болжап айтқан 2-ши кәраматы: аўылдан 60 кмдей узақтағы аҳунға ғаррылар ешеги менен жуманамаз оқыўға барып турады. Олар 7 ғарры болып, намазшамды барып, ахун менен бирге оқыйық – деп кетеди. Бир ғаррының ешеги қатты жүрмейди, сен асықпай барабер деп таслап кетеди. Ишке кирип жайнамазларын жайып отырса ахун ишке кирмейди, Бир ғарры шығып, тақсыр сиз бенен оқыйық деп отырмыз десе, мен сизлер таслап кеткен адамға қарап турман, ол да биз бенен намаз оқыйжақ, – дейди. Бизлер айтпасақ қалай билген деседи.
Үшинши кәраматы, балықшылар теңизден аў менен, жылым, шанышқы менен балық аўлайды. Бир аўылдан барған суўпысы узын шанышқыны алып қалың қолаң қамыслықты аралап жүрсе 2 метрдей тереңде жатырған үлкен ылақаны кѳрип шаншады. Бирақ, ылақа күш бермей шанышқы менен кетип қалады. Усыннан усласам ахунға саўға етемен деп сыйынады. Соң таўып алып услап, екинши мәрте әдепкиден кѳп киши ылақа шаншып алады, үлкен ылақаны ғаррылар менен қайтарсын бѳлисип алармыз деп қопалыққа жасырып, байлап кетеди. Кишкене ылақаны ахунға береди, қазанға салып кеште жеп отырғанда ахун айтады. Жарымбетжан үлкен ылақадан сени қутқараман деп қатты қыйланып қалдым, дейди. Қалай билгенине ҳайран болып, ғаррылар тәўбе еткен.
Хожанияз деген адам қарыўлы батыр жигит болған. Әкеси қайтыс болған соң, талабы баспашылық, урлық еткен. Бала-шағасын, анасын усындай жол менен бағады, бир күни анасы айтады. Балам сен бул талапты қой, ишкен-жегенимиз ҳарам, о дүньяға не деп барамыз, ҳадал мийнет ет. Егин ек, мал бақ, балықшы бол – дейди. Егер қоймасаң берген ақ сүтиме ырза емеспен депти. Сол күннен баслап, дәрьяға керши қурып балық услап, егин егип, малын бағып жүрген. Бир күни дәрьяға шолпы салып отырса, хан 40 ләшкери менен киятырғанын кѳрип, ханға сәлем береди. Сәлемди әлик алып, тоғайдың ишиндеги жол менен баратырған хан жолдың ортасында қарсы қарап жатқан жолбарысты кѳрип, хан тоқтап бир ләшкерин шақырып, жолдағы кѳрген балықшыны әкелиўди буйырады. Жолбарысқа жемтик етип ѳтип кетемиз дейди. Еки ләшкер Хожаниязды алып келеди. Сен жолбарысқа жемтик боласаң дейди. – Қуллық, хан ҳәмири, қудай ҳәмири деген ханым, пәтия бериң – деп ханның пәтиясын алып, жолбарысқа қарап жүре береди. Жолбарыс тикке секирип, оған шапшыған ўақытта Хожанияз жолбарысты аш белинен қатты қушақлап тикке кѳтереди, ханым қылышыңыз бенен геллесин шабың дейди. Хан жолбарыстың мойнын шаўып таслайды. Хан шикарға, балықшы дәрьяға кете берген екен. Сѳйтип жүргенинде Хожанияздың алдынан, Қыдыр ата шығып қолыңды кѳтер, пәтия берейин дейди. Тикке турып: әй инсан сен бахытлы, дәўлетли үлкен адам боласаң. Анаң – қәбаң деген анаңды ырза етип жаса дейди.
Ана ҳаққында тѳрт қатар сѳз жазып отырман.
Анаң кәбаң қәдирлей бил азамат,
Анаң болса, сыйлай билиң саламат,
Бул дүньяда тири жанлар болмас еди,
Ана уллы болмағанда кәрамат.
Соң Хожаниязды хан шақыртып Назархан елиниң бийи етип, Ат, тон саўға етип қайтарады. Бир күнлери бул да аң аўлаўға шикарға шығып баратырса «Шылпық» таўдың батысы дәрья тәрептеги еки аралықта онлаған ақ кийимли адамлар намаз оқыйын деп атырғанын кѳрип, бул да аттан түсип, намаз оқыйды. Қуран оқып болған соң түргелип қараса, қасында ҳешким жоқ, бул жер кәраматлы жер екен, маған кѳринген периштелер екен деп, сол жерге тас гербиштен медресе салдырады. Солай етип «Тас медресе» пайда болады екен. Усы медреседе бес жыл оқыған Айымбет, ахун болып елге қайтқан екен.
Атасыз әўлад жоқ, ѳзинше ѳнген,
Анасыз перзент жоқ, дүньяға келген.
Арада кѳп болсын, ақыллы жаслар,
Ата анасының қәдирин билген.
Халқымның мәртлерин, ким
билсин дослар,
Әсирлер сазасын еске салмасақ,
Елим деген если дана дослардың,
Тарийхын тәриплеп жазып турмасақ.
Өткен жылы Қараөзек районында қурылған мешитке Айымбет ахунның аты берилди.
Тѳренияз Акимниязов,
Нѳкис қаласы.
