Майыплар жәмийети грант жеңип алды

Өзбекстан Майыплар Ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими Орайлық Азия Евроазия Фондынан «Майыплығы болған ҳаял-қызлардың ишки дүньясы» атамасындағы жойбары менен грант жеңип алды. Жойбардың мақсети Қарақалпақстанда 25-35 жас аралығындағы майыплығы болған ҳаял-қызлардың социаллық машқалаларын анықлаўдан ибарат.
Бүгинги күнде Қарақалпақстан Республикасында 59 мың 871 майыплығы болған пуқара болып, соннан 29 мыңға шамаласы ҳаял-қызлар. Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлигиниң мағлыўматларына қарағанда, майыплығы болған пуқаралардың 25 проценти ямаса 14 мың 967 пуқара мийнеттиң айырым түрлерине жарамлы болып табылады. Бүгинги күнде майыплығы болған 1 мың 432 пуқара жумысқа орналастырылған. Оның тийкарғы бөлеги Нөкис қаласына туўра келеди. Статистикалық мағлыўматларға қарағанда, майыплығы болған пуқараларға жумыс таўып, орналасыў қыйын. Әсиресе, майыплығы болған ҳаял-қызлардың жумыс табыўы машқала болып келмекте. Жоқарыдағы статистикалық мағлыўматларға сүйенетуғын болсақ, 398 майып ҳаял-қыз жумысқа орналастырылған. Бүгинги күнде Қарақалпақстанда 1 мың 730 майыплығы бар пуқара, соннан 530 майыплығы болған ҳаял-қыз жеке исбилермен сыпатында дизимнен өткен.

2021-жылы Жәҳән банки «Майыплығы болған пуқаралардың инклюзиясын мәмлекетлик талқылаў» изертлеўлерин өткерди. Изертлеўлер майыплығы болған шахслардың майыплығы болмаған шахсларға қарағанда жумыс табыў имканияты 4 есеге аз екенлигин көрсетти. 2019-жылы Өзбекстан бойынша майыплығы болған 8,9 процент ер адамлар ҳәм 4,4 процент ҳаял-қызлар, яғный, усындай шахслардың тек 7,1 проценти жумысқа орналастырылған. Аўыллық жерлерде жағдай оннан да төмен, яғный, 5,8 процентти қурайды. Бәнтлик министрлигине майыплығы болған тийкарынан 25 жастан 40 жасқа шекемги ҳаял-қызлар жумыс сорап хабарласқан.
Изертлеўлер Өзбекстанда, әсиресе, шетки аймақларда майыплығы болған шахслардың жәмийетлик жумысларда қатнасы төмен дәрежеде екенлигин көрсетти. Сондай-ақ, бүгинги күнде майыплығы болған шахслар арасында ажырасыў жағдайлары көп ушыраспақта.
Өткен жылы майыплар жәмийети майыплығы болған шахслар арасында ажырасыўлардың себеплерин үйрениў бойынша изертлеў алып барды. Ажырасыўлардың тийкарғы себеби етип майыплығы болған шахслар үйдеги турмыслық жумысларды ислеўге қыйналатуғыны көрсетилген болып, сол себепли шаңарақта өз-ара келиспеўшиликлер келип шығады. Тийкарынан майыплығы болған ҳаял-қызлар дискриминацияға дус келеди. Себеби, ҳаял-қызлардың шаңарақтағы ўазыйпасы үйдеги турмыслық жумыслар менен шуғылланыў. Майыплығы болған ҳаяллардың жағдайы оларға белгили жумысларды ислеўине имканият бермеўи мүмкин. Бул шаңарақта екинши ямаса үшинши тәреплердиң оған психологиялық басым өткериўине алып келеди. Нәтийжеде ажырасыўлар жүз береди. Ажырасыўлар тийкарынан 25-35 жас аралығындағы майыплығы болған шахслар арасында ушыраспақта.

Усындай машқалаларды анықлаў мақсетинде усы жылдың 11-12-январь күнлери Өзбекстан Майыплар Ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими тәрепинен грант жойбары шеңберинде Қарақалпақстанда жасайтуғын майыплығы болған ҳаял-қызлар арасында сораўнама өткерилди.
Оған Нөкис қаласы ҳәм районлардан көзи әззи, сөйлеўинде ҳәм еситиўде нуқсаны бар, нерв-психикалық раўажланыўында, ҳәрекетлениўинде кемшилиги болған ҳаял-қызлар қамтып алынды.
Изертлеўдиң нәтийжелери талқыланып, анықланған машқалаларды сапластырыў бойынша тийисли усыныслар ислеп шығылады. Келешекте министрликлер, мәкеме ҳәм уйымлар менен бирге ислескен ҳалда усыныслар тийкарында тийисли илажлар әмелге асырылады.
Ж.Нарбаев,
Өзбекстан Майыплар Ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими баслығы
Қарақалпақстан хабар агентлиги.