Бизлер бүгинги турмысымызды автомобильсиз кѳз алдымызға келтире алмаймыз. Ҳәзирги ўақытта автомобильлер саны ҳәм де айдаўшыларымызда кѳбеймекте. Қәниге сыпатында автомобильдың мәнисин, ўазыйпасы, дүзилиси ҳәм де ислеп шығарылған жыллары ҳаққында мағлыўмат берип, ѳтким келеди. «Автомобиль»-грекше «audos» грекше ѳзи, «mobilis» латынша ҳәрекетлениўши деген мәнини билдиреди. Автомобиль транспорты-жүк ҳәм жолаўшыларды рельссиз жолларды тасыўға мѳлшерленген транспорт түри. Халық хожалығының барлық тармақларында кең пайдаланылады. Автомобиль ўазыйпасына қарай: Транспорт, арнаўлы ҳәм бәйги автомобильлерине бѳлинеди:
Транспорт автомобильлерге жолаўшы ҳәм жүк тасыўшылар киреди. Жолаўшы тасыўшы автомобильлер екиге бѳлинеди: Жеңил автомобиль ҳәм автобуслар. Орынлықлар саны айдаўшы орын менен бирге 8 болса, бул жеңил автомобил, 8 орынлықтан артық болса автобус – деп аталады. Жүк автомобильлери жүк тасыў ушын хызмет қылады.
Арнаўлы автомобильлерге: – белгили жумысларды орынлайтуғын механизм әсбап ҳәм үскенелер менен үскенеленг
ен болады. Буларға санитария, ѳрт ѳшириўши, кѳше сыпырыўшы, суў себиўши автомобильлери киреди.
Бәйги автомобильлерине спорт жарысыўына қатнасыў автомобильлери киреди.
Автомобиль дүзилиси бойынша 3 бѳлимге бѳлинеди: Двигатель, шасси ҳәм кузов.
Двигатель – ыссылық энергияны механикалық энергияға айландырыў ушын хызмет қылады. Кузов айдаўшы ҳәм тасыйтуғын жолаўшыларды, жүкти жайластырыў ушын хызмет қылады. Автобус ҳәм жеңил автомобильлерде кузовты салон деп те атайды.
Шасси-Транмиссия, басқарыў ҳәм жүриў бѳлимлери киреди.
Кейинги 2001-жыллардан баслап 2023-жылларға Ғәрезсиз Ѳзбекстаннан ислеп шығылып атырған автомобильлерди сырт еллерге ҳәм де ѳз халқымызға хызмет етип атырған тулпарларымызды мақтаныш ете аламыз. «Асака» автомобиль заводы ѳз искерлигин, кѳлемин жыл сайын кеңейтип барды. Миллий автомобиль санаатымызда жаңа маркалар пайда болды. 2001-жылдың август айында «Matiz», Хetchbeki-2002-жылдың сентябринде жаңа маркадағы «Nexia DOHC» усынылды. Компания дерлик ҳәр жылы қарыйдарларды жаңалықлар менен кеўилли етип келип атыр. 2003-жылда автомобиль санаатымыз «Lacetti» маркасындағы автомашина ислеп шығарыўды ѳзлестирди. 2004-жылдың декабринде бир литр кѳлемли двигатель ҳәм автомат узатқышлар «Matiz Best», 2006-жылдың февраль айынан жаңа «DamasII» автомашиналары ислеп шығарыла басланды.
2008-жылда тармақтағы туңғыш кәрхана – «Асака» автомобиль заводы турмысында жаңа дәўир басланды. Оны негизинде «Ózavtosanoat» акционерлик компаниясы ҳәм де «General Motors» компаниясы шѳлкемлестириўшилигине «GMUzbekistan» қоспа кәрханасы дүзилди.
Ѳзбек автомобильлери қатары жаңа, заманагѳй ҳәм сапалы автомобильлер есабына және де кеңейе баслады. 2010- жылда раўажланыў ҳәм технологиялық ықшамластырылған «ChevroletCaptiva», 2012-жылда «Chevrolet Malibu», 2013-жылда «Chevrolet Cobalt» автомобили ислеп шығарыла баслады.
Соңғы жылларда миллий автосанаатымыз автомобильлери қатарына жаңа маркадағы машиналар қосылды. Атап айтқанда, жаңаланған «Lacetti», 2014-жыл басында «Orlando» шаңараққа тийисли автомобили кѳрсетилди.
Мәмлекетимизде сол жыллары 217 771 жеңил ҳәм де 2 936 дана жүк автомобильлери ислеп шығарылды. Соннан 59 252 си «Cobalt», 52 689 та «Nexia-250», 39 960 та «Lacetti-Gentra», 39 631 «Damas», 19 980 та «Spark», 6 259 та «Labo» автомобильлери болып табылады.
Ѳзбекстанда 2021-2023-жылларда 7 компания тәрепинен жеңил автомобильлер, жүк машиналары, микроавтобуслар ҳәм басқа автомобильлер ислеп шығарыўды жолға қойыў режелестирилип атыр.
Саятхан Сапарбаева,
Нѳкис қаласы, 1-санлы кәсип-ѳнер мектебиниң ислеп шығарыў ѳндирислик устасы.
