Вируслар ең әпиўайы дүзилиске ийе паразитлер болып табылады. Олар тек ғана ДНК ямаса РНК деп аталатуғын нәсиллик материалдан (нуклеин кислота) ибарат. Яғный, оларда бактериядағы сыяқлы метаболизмди (зат алмасыўын) тәмийинлейтуғын элементлер жоқ. Олар бактериядан да бир неше есе кишкене. Сыртқы тәрепинен болса капсула менен оралған.
Вируслар клетка иши паразитлери болып, тек ғана тири клетканың ишинде көбейе алады. Яғный, олар клеткаларды ишинен зыянлайды.
Инсан денесиндеги клеткаға түскен вирус өз капсуласынан шығып, ондағы барлық процесслерди басқарыўға өтеди. Клетканың ишине жайласып алған вирус көбейиўге таярланып, өзинен жаңа вирусларды пайда етеди. Гөнеси болса өз-өзинен набыт болады. Ол пайда еткен вируслар әтираптағы клеткаларға өтип, оларды да зыянлаўға кириседи. Ҳәр бир вирус ҳәр қыйлы кеселликлерди пайда етеди. Мәселен, грипп вирусы – силекейли қабат клеткаларына, герпес вирусы – нерв тоқымасы клеткаларына, иммунитет жетиспеўшилиги вирусы болса – лимфоцитлердиң ишине жайласып алады. Бул паразитлер тек ғана инсанларды емес, ал ҳайўан, өсимлик клеткаларын да зыянлап, оларда кеселлик туўдырыўы мүмкин.
Инабат Бекмуратова,
Нөкис районы санитария-эпидемиология, тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы бөлими қәнигеси.
