Арамызда талантлы, кѳркем-ѳнерге қызығыўшы жаслар оғада кѳп. Олардың талант ҳәм қәбилетлерин жүзеге шығарыўда мәденият бѳлимлериндеги дѳгереклердиң орны айрықша.
Пайтахтымыз Нѳкис қаласындағы Мәденият бѳлими кѳпшилик талант ийелери жетилисип шығып атырған орынлардан бири. Ҳәзирги ўақытта бул орында 400 ден аслам қатнасыўшылар ѳз ѳнерлерин жетилистирип келмекте. Олар устазларынан шеберлик сабақларын алады. Қаламыз аймағында ѳткерилетуғын мәдений кешелер, фестивальларға қатнасады ҳәм бул арқалы халқымыздың кеўилли дем алыўына ѳз үлесин қосып киятыр. Бүгинги күнде бѳлимге қараслы 6 мәденият орайы, 8 жәмийет ҳәм 19 дѳгерек ислеп тур. «Қырық қыз», «Сазлар сыйқыры», «Илме султан» ансамблинде миллий қосықлар ҳәм миллий намаларды шертиў сырлары үйретиледи. «Арзыў», «Нәўше» ансамбльлери ҳәм «Гитаршылар» дѳгерегинде заманагѳй эстрада, ал «
Арзыўлар», «Ғумша» ойын ансамблинде миллий ҳәм заманагѳй аяқ ойын сырлары тәжирийбели устазлары тәрепинен үйретилмекте. Сондай-ақ, «Суў серпер» фольклор-этнографиялық ансамблинде қарақалпақ халқының миллий ойынларын, салт-дәстүрлерин сүўретлеўши композициялары менен «Бес қала» халық театры ѳзлериниң сахналық кѳринислерин инам етип келмекте.
Әсиресе, бул орында «Гитаршылар дѳгереги» бизиң дыққат-итибарымызды тартты. Бул дѳгерекке Мухаммед Есимбетов басшылық етип киятыр. Ол кең жәмийетшиликке актёрлық таланты бойынша танылып үлгерген инсан. Халқымыздың сүйикли киносы «Танка» фильминде «Тракторшы» болып роль атқарған актёрымыз. Оқыўшылар сарайында Режиссер ҳәм театр дѳгерегиниң басшысы болып ислеген.
– Гитара саз әсбабының бүгинги күнде халық арасында пайдаланыў ѳриси жүдә кең. Буның акустикалық ҳәм классикалық түрлери бар. Үйрениў ушын жасы шекленбеген. Гитарашы оқыўшыларымыз сахналарға шығыў ушын таярланады. Ҳәр қандай талант сахнада ѳз баҳасын алады. Сазенде ҳәм кѳркем-ѳнерге қызығыўшы жасларымыз бир қатар фестивальларға ҳәм байрам кешелерине қатнасып атыр. Мәҳәллелер ҳәм секторлар арасындағы байрам илажларында ѳз белсендилигин кѳрсетип келмекте. Жасларымыздың бос ўақытларын пайдасыз нәрселерге сапластырмастан ѳнер үйренип, алдыларына анық мақсет қойып, тәлим-тәрбия алыўына ѳз үлесимизди қосып атырғанымыздан жүдә қуўанышлымыз, – дейди Нѳкис қалалық Мәденият бѳлими «Гитаршылар» дѳгереги басшысы Мухамметдин Есимбетов.
Дѳгеректеги гитарашы оқыўшылардан Д
.Убайдуллаева ең үлгили қатнасыўшылардан бири. Ол актерлық ѳнерин де үйрениўге қызығады. «Қуўнақлар ҳәм зийреклер» жарысының мәҳәлле ҳәм сектор басқышларына қатнасып келмекте. С.Хожаниязов атындағы жас тамашагѳйлер театрындағы есап бериў концерт бағдарламасына басшылық етеди. Социаллық тармақларда тәсирли, қысқа кѳринисли дѳретпелер таярлаўға қызығады. Сондай-ақ, Ж.Таўасаров, М.Жийенбаев, Ә.Дәўлетбаев, С.Жолдасовлар ең жақсы гитарашылар болып жетиспекте.
Мәденият бѳлиминде фокусшы ҳәм дәрўаз Ш.Каримбаев та бизге ѳз ѳнерин инам етти. Ѳзиниң арнаўлы әсбап-үскене ҳәм қурылмалары менен фокус ѳнерин кѳрсетип, қайыл қалдырды. Клоун формалары менен оған үнлес нама жаңғырығы менен тамашагѳй нәзерин жаўлап, алыўы бизде айрықша тәсир қалдырды. Олардың алдағы мақсети ҳәм бағдары ушын машақатлы ҳәм пайдалы мийнет етип атырғаны бизди сүйсиндирди.
Мектеплерге барып, талантлы ҳәм қәбилетли оқыўшылар менен ушырасып, оларды ѳз дѳгерегине шақырып, аянбай хызмет етип атырған Муҳамметдин Есимбетовтың алдағы жумысларында табыслар болыўына тилеклеспиз.
Жумагүл ЕМБЕРГЕНОВА,
Ѳз хабаршымыз.
