ХАЛҚЫМЫЗ БУЛ СЫНАҚТЫ ДА ЖЕҢДИ

2023-жылдың 30-январь сәнеси. Пайтахтымыз Нѳкис қаласындағы «Темир жол» МПЖ аймағындағы 22-киши район, 8/1 жай турғынлары да ҳәмме қатары әдеттегидей турмыс тәризинде еди. Лекин, саат 16-10 ларда қәпелимде жүз берген бахытсыз ҳәдийсе себепли мүсийбетли апатқа дуўшар болды. Қас қағым пайыттың ишинде биймезгил «жан үзилди». Жыйналған газ жарылыўынан имарат ўайран болып, бираз адамлар жарақатланды. Бул қорқынышлы хабар сол ўақыттың ѳзинде социаллық тармақлар арқалы тарқалды.
Ўақыя орнына Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы, Министрлер Кеңесиниң Баслығы, Айрықша жағдайлар басқармасы, Ишки ислер уйымлары ҳәм Миллий гвардия, мәкеме-шѳлкемлер менен Денсаўлықты сақлаў хызметкерлери жетип барып, сол ўақыттың ѳзинде қутқарыў, излеў жумысларын алып барыў мақсетинде оператив штаб дүзилип, барлық зәрүрли техника ҳәм исши күшлер мобилизация етилди.
Жарылыў жүз берген турақ жайда жасаўшы пуқаралар қәўипсиз орынға кѳширилип, оларға керекли дәри-дармақ ѳнимлери, үш мезгил, ыссы аўқат ҳәм басқа да зәрүрли затлар Жоқарғы Кеңес Баслығының тапсырмасы менен тәмийинленди.

Бахытсыз ҳәдийсе себепли қулап түскен бетон конструкциялар астында бес пуқара мезгилсиз дүньядан кѳз жумды. Үш пуқара қутқарып алынып, емлеўханаға жеткерилди. Соның менен бирге бес жасар қыз аўыр бетонлар астынан қутқарып алынды.
Бул орында тийисли тараў хызметкерлери күни-түни ѳзлериниң кәсиплик миннетлерин бәржай етиў ушын тыным билмеди. Ҳәр бир саат, ҳәр бир минутты ѳткермей, аўыр бетонлар астынан қутқарыў жумысларын алып барды.
Биз ўақыя орнында болып, мағлыўмат алыўға ҳәрекет еттик.
Ҳәзирги ўақытта имарат арнаўлы қоршама менен қоршалып, Абаданластырыў басқармасы хызметкерлери ҳәм басқа да тийисли тараў ўәкиллери жумыс алып бармақта. Дүзилген арнаўлы штабқа кирип, ѳз мақсетимизди айтып шығар, екенбиз, әтирапта жыйнастырыў ҳәм тазалаў ислери алып барылып атырғанына гүўа болдық. Сыртта болса ўақтынша жасаў орынларына кѳширилген пуқаралар ѳз үйлерине сырттан қарап, айырымлары штабқа келип хабарласып атыр. Ҳәр бир инсан үйим-жайым деп жуўырып жортады, тапқан-тергенин тасыйды. Сѳйтип халық қатары турмыс тербетиўге умтылады. Жақсы нийетлеримиз қуўанышларында үйлеримизге мийманлар шақырамыз. Сонлықтан, «Қустың да уясы бузылмасын» екен. Ҳәр бир үйдиң ошақ басы аман болсын – деген тилеклер менен турғынларға жүзлестик.

Турғынлардың биразлары (кеўлине ҳеш нәрсе сыймай тур ма) бизлер менен сәўбетлесиўден бас тартты. Айырымлары биз бенен сәўбетлесип кеўлин босатты…
Сағатдин Қабулов: – Бул турақ жай 1984-жылы қурып питкерилип пайдаланыўға тапсырылды. Мен 1-қабат, 26-квартирасында жасадым. Ҳәзирги ўақытта шаңарақ қурып, Телеорай беттен жай салып, бѳлек хожалық болып кеттим

. Қарындасым бир баласы менен усы жайда турады. Қарындасым сол ўақытта балалар бѳлмесинде болған. Кѳз алдында қапталдағы үлкен бѳлме тѳбеси ойылып түскен. Бес жасар баласы сыртта ойнап жүр екен. Қорыққанынан сыртқа шыққан. Телефоны да иште қалған. Хабарын биле алмай, соң басқа телефон арқалы сѳйлестик.

Бүгин де хабар алыўға келип турман. Елбасшыларына рахмет кѳп жәрдемлер берип атыр, – дейди ол.
Ерназар Ерманов: – Бул жайда 48 хожалық жасайды. Ѳзим шетки подъезд, 4-қабатында жасайман. Ўақыя болған ўақытта, мен азғана уйқылап алыў ушын бѳлмеде жатыр едим. Қандай да бир күш мени жоқары бир кѳтерип таслады. Мен жер силкиниў болды ма екен, деп ойладым. Қоңсы бѳлмедеги қызым қорыққанынан бақырып жиберди ҳәм шаўқым кѳбейди. Айнадан қарап, бизлер де ҳаўлығып, тѳменге түсип, сыртқа шықтық.

Имарат авариялық аўҳалға түскени ушын, ҳәммемизди барлық қолайлықлары бар, жасаў орнына кѳширди. Әлбетте, ѳз баспанаңнан айрылыў аңсат емес. Енди қаяққа барамыз дегизбей, бизлерди асырап-абайлап атыр. Ел басшыларына рахмет айтамыз. «Жақсылық аралық билмейди» дейди ғой. Перзентлеримниң устаз-муғаллимлери де келип, хабар алды. Басымызға түскен бундай аўыр исте кѳп ғана жақсы инсанлар жәрдем берип атыр. Усындай ел-халқымыз барына шүкир етип атырмыз.
Жарылыў жүз берген үйде оңлаў жумысларын алып барып атыр екен. Әттең, жарылыў бес инсанды биймәўрит арамыздан алып кетти. Илайым, қулаған бетонлар арасынан қутқарылған кишкене қызымыз да жақсы болып, саўалып кеткей, – дейди ол.
«Апат айтып келмейди». Азғана бийпәрўалық та, итибарсызлық та усындай орны толмас ѳкинишке алып келиўи мүмкин. Гүз ҳәм қыс айларында, жылытыў мәўсиминде ѳрт қәўипсизлиги қәделерине әмел етиў қағыйдалары барлық ғалаба хабар қураллары арқалы, қәнигелер менен үгит-нәсият, түсиник ислери алып барылады. «Сақлықта қорлық жоқ» дегениндей, ҳәр биримиз ѳзимизге, әтирапымызға ҳеш ўақытта бийпәўра болмаўымыз кереклигин әттең, кеш болса да және бир мәрте терең қайғырыў менен түсинип атырмыз.
Бул сынақлы күнлерде де халқымыздың меҳир-мүриўбетине сүйсинесең. Көп ғана әпиўайы инсанлар да қолынан келген жәрдемлерин бермекте. Азық-аўқатлар ҳәм жыллы кийимлер жеткерилмекте. Инсан қәдири уллы елимизде халқымыз бул сынақты да жеңип өтеди, деген пикирдемиз.

Жумагүл ЕМБЕРГЕНОВА.
Ѳз хабаршымыз.