Келешектеги мен таңлаған кәсип

Дүньяда мыңлаған кәсип түрлери бар. Олардың ҳәммеси де әҳмийетли ҳәм қызықлы. Бирақ, ҳәр бир инсан өзиниң қызығыўшылығы ҳәм қәбилетинен келип шығып кәсип таңлайды. Кишкене ўақтымыздан бизиң қызығыўшылығымыз артып барады. Кимдур муғаллим, шыпакер, тигиўши және кимдур сүўретши, қосықшы, актёр болыўды нийет етеди. Дурыс, кишкене ўақтымызда көп нәрсеге қызығамыз,бирақ пикиримиз тез-тезден өзгерип турады.
Мен өзимниң кишкене ўақтымда шыпакер, муғаллим, жазыўшы болыўды әрман еттим. Ҳәзир жасым үлкейди ҳәм пикиримди жәмлеп бир шешимге келдим. Мен келешекте журналист кәсибин таңламақшыман. Мен таңлаган кәсип өзине жараса машақатлы, бирақ жүдә қызықлы. Келешекте журналист кәсибин таңлап телевидение, радио, баспасөз орайларында жумыс алып барыў нийетиндемен. Ҳәр бир кәсиптиң өз қыйыншылығы болады. Устазларым айтқанындай, тосқынлықларға, қыйыншылықларға қарамай, жүрген жолыңда шалынбай ҳәм ҳәр бирин сабыр менен жеңип өз жолыңды даўам етиўди үйрениў керек. Себеби, дана халқымызда нақыл бар, «Сабыр түби-сары алтын». Демек, журналист кәсибиниң әҳмийети сонда, басқа кәсиплерден ажыралып турады. Кәсип таңлаўда ата-ананың пикири жүдә әҳмийетли. Себеби, ата-ана перзентиниң өз кәсибиниң маманы болып жетилисиўин тилейди. Перзентиниң жақсы кәсип ийеси болыўын, үлкен лаўазымларда ислеўин қәлейди ҳәм соған қызықтырып тәрбиялайды. Базылары перзентин ата кәсибинде яки ана кәсибинде көриўин қәлейди. Бирақ, перзент өзиниң қызығыўшылығын ата-анасына айта билсе ҳәм ҳәрекет етсе мақсети жолында оған ериседи. Перзент, устазлар берген билимин алып, жақсы баҳаларға оқыса, «Болар бала бес жасынан белгили» дегениндей келешекте өз орнын таўып алыўға қыйналмайды.
Кәсип таңлаў бул – мақсет. Мақсетке ерисиў ушын тек ҳәрекет етиў керек. Мине, ХХI әсирде жасап атырмыз, мәмлекетимиз күннен-күнге раўажланып бармақта. Интернет ҳәтте шетте жайласқан аўылларға да жетип атыр. Мектеплерде тәлим ҳәм оқытыў системасы күшеймекте. Жоқары оқыў орынларына кириў имканиятлары көбеймекте. Жаңадан жумыс орынлары, саўда орайлары ашылмақта. Қулласы, ҳәмме шараятлар жаратылған. Биз буннан пайдаланып билиўимиз зәрүр. Оқып-билим алып, өз кәсибимиз ийеси болып ўатанымызға өз үлесин қосатуғын кәмил инсан болып жетилисиўимиз керек. Нийет етсең әлбетте мақсетиңе жетесең.

Зүлфия Төлебаева,
Кегейли районы 33-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң оқыўшысы.