«ҚАЙДАСАҢ, ЧИНАРА»?

Жасыратуғыны жоқ, бүгинги күнде газета-журнал бетлерине нәзер салсақ-көзиң дәрҳал қосықларға түседи, прозалық шығармаларды шенде-шен көресен. Соған қарағанда косық жазыў аңсат па екен деген қыялларға берилесең.
Ол қәте пикир. Шынында философиялық ой-пикир менен суўғарылған поэзияны дөретиў ҳәр кимге несип ете бермейди. Соны қолына қәлем алған ҳәўескер шайырлар уғына қойса екен дейсең. Себеби, соңғы ўақытларда белгили шайырлардан көре, косық-китап шығарып атырған мектеп оқыўшылары көбейип кетти.
Олар неге көркем прозаға қол урмайды?
Биз бүгин көпшилик оқыўшыларға таңсық болып қалған проза ҳаққында азы-кем сөз етпекшимиз.
Романды айтпағанның өзинде, повесть, гүрриң новеллаларды асыға күтетуғын оқырман бизде жоқ емес, баршылық. Биз сол талғамы күшли оқыўшының кеўлинен бүгинги күнде шыға алмай атырған сыяқлымыз.
Жақында мениң қолыма «Қайдасаң, Чинара?!» деген топлам түсип қалды. «Авангард-баспа» тәрепинен 500 нусқада басып шығарылған бул китаптың авторы Нөкис қаласындағы 34-санлы мектептиң директоры Оралхан Сапарова болып, бул оның екинши прозалық топламы екен.
Бириншиден, китаптың аты дәрҳал дыққатты өзине аўдарды. «Чинара ким екен? Оны ким излеп атыр?!» деген ой қыялыма келди. Китап авторының өтинишине бола, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан жазыўшылар аўқамының ағзасы, белгили жазыўшы Марат Таўмуратов пенен топламға пикир билдиргеним де ядымнан көтерилипти. Сөйтип, повесть, гүрриңлер, новеллалар, драбллар енгизилген, китапты қайтадан оқып шықтым.
«Сарғайған сүўрет… Оннан қол усласқан жигит пенен қыз телмире қарап тур.
Усы сүўретке нәзер салса, ананың дәртлери қозғалып, көзлерине жас толып кетеди, себеби жигербенти Мураты менен буған келин болыўды әрман еткен қырғыз қызы Чинараның сап мухаббаты ядына түседи. Себеби, енди жалғыз перзенти-Мураты жоқ. Арал апаты менен келген сум әжел оны о дүньяға алып кеткен. «Сүттей пәк нәрестем, бәлким бейиш бағларында жүрген шығар?! Ал балам ашық болып қалған қырғыз қызы-Чинара қайда? Оннан хабар-атар жоқ.
– Қайдасаң, қызым, Чинара?
Қоллары қалтырып, сүўретке қарап гүбирленеди ана пақыр».
Мине, новелла усылай басланады.
Қолына ержеткенлик аттестатын алған қарақалпақ жигити Мурат Шыңғыс Айтматов оқыған кырғыз аўыл хожалығы институтына қабылланады. Арал бойларынан келген ол қырғыз жаслары менен тез тил табысып кетеди. Әсиресе, бирге оқыйтуғын Чинара деген қыз оған жүдә унап қалады. Гитараны шебер шертетуғын буннан ол «Айдынлар» қосығын айтып бериўди көбирек сорайды. Сонда ол: «Қарақалпақлар нағыз өзимиз екен ғой, түри де, тили де бизлерге уқсайды», дейди.
– Аўа да, түркий халықпыз ғой, айырмашылығы сизлер «Ақ қалпақ», ал бизлер «Қарақалпақ» – бир ананың перзентлеримиз! – деп оған жуўап береди Мурат.
Солай етип, Мурат Чинараның ата-анасы менен де танысып алады. Олар жаслардың бир-биреўине кеўли бар екенин сорамайақ сезе қояды. Сөйтип жүргенде мойнақшы жигит институт лекцияларында көринбей қалады. Ол экологиялық апатшылықтың тәсиринен аўырып қалғанын жасырып, қыздан сыр сақлайды.
…Каникулға Мойнаққа келгеннен Мураттың мазасы қаша баслайды. Анасы: «балам Бишкекке, оқыўына кетеди», деп жүргенде ол аўырып емлеўханаға түседи. Шыпакер оның аўзы-мурнынан кислород пенен нәпес алдырып қояды. Муратқа дем жетпей атырса да, «Чинара!” деп шыйқылдайды ол… Қәпелимде оның жүреги соғыўын тоқтатады…
Мурат Бишкекке келеди деп жүргенде, Қырғызстанға суўық хабар жетип барады. Чинараның көз жаслары дәрья болып ағады…
– Енди бул күнде қайда екен Чинара?
Ана сарғайған сүўретке карап елеге шекем: «Мен Мураттың баласыман», деп қысық көзли қара бала келип қалмас па екен? – деген үмит пенен жасайды..
Новелла жанрының талапларына толық жуўап беретуғын бул шығарманы оқып, автордың сөз саплаў шеберлигине таң қалғанлығымды ҳасла жасыра алмайман. Газета бетлеринде мораль темасына жазылған мақалаларға «новелла» деп айдар тағып атырғанларына наразы болып жүрген мен, белгили педагогтан талантлы жазыўшы қәлиплесип киятырғанына қуўандым.
Кишигирим бул мақалада мен Қырғыз Республикасы шайыр-жазыўшылары жәмийетлик фонды жәриялаған халықаралық таңлаўдың проза жөнелиси бойынша биринши дәрежели сыйлығына миясар болған Оралхан Сапарованың бир новелласына ғана тоқтап өттим.
Топламға киргизилген оның «Баслықтың еки қызы», «Соңғы сырласыў», «Еки ҳаялдың бир муҳаббаты», «Түс», «Саза» атлы дөретпелери де айрықша дыққатқа ылайық. Ондағы терең психологизм, философиялық өткир шешимлер инсанды терең ойландырып, жақсылыққа, мехрибанлыққа, жоқары адамгершиликке, әдеп-икрамлы болыўға ийтермелейди.
Сөзимниң соңында нық қәдемлер менен көркем әдебият әлемине кирип киятырған Оралхан Сапароваға еле де тасқын дөретиўшилик табыслар, бәлент пәрўаз, таўсылмас илҳәм-йош тилеймен.
Алп СУЛТАН,
Қарақалпақстан халық жазыўшысы.