НОТАРИУС ХЫЗМЕТИНДЕ МИЙРАС ҲУҚЫҚЫ

Нотариус хызметинен ҳәмме теңдей пайдаланады. Ҳәр күни оннан артық қарыйдарларға хызмет көрсетемиз ҳәм ҳәр түрли кейпияттағы пуқаралар менен ислесиўимизге туўра келеди. Олардың барлығына дурыс ҳуқықый жәрдем көрсетиў биринши нәўбеттеги ўазыйпамыз. Адамларға бәрқулла ҳуқықый мәсләҳәт бериў де аңсат емес, гейпаралары нәзик тәбиятлы яки биреўлер түскин кейпиятта болады. Бундайда олардың руўхыятына қарап ис тутамыз.
Адамлар айрықша мийрас мәселесинде, үй-жай менен байланыслы машқалаға нотариус арқалы шешим табыў мүмкин, деп ойлайды. Усындай жағдайда биринши болып нотариустан ҳуқықый мәсләҳәт бериўди сорайды. Усы орында бир ўақыяны айтып өтпекшимен.
Жумыста отырсам алдыма бир ана келди. Ол шаңарағы ҳаққында азы-кем айтып берди. Биреўге мәсләҳәт бериў де аңсат емес. Бир қарағанда аңсаттай түйилген менен усы мәсләҳәтиңиз себепли кимниңдур турмысын, жасаў тәризин өзгерттирип жибериў мүмкиншилигин ойласаң сергек тартып қаласаң, әлбетте.
Ҳаялдың өмирлик жолдасы қайтыс болған. Оның ойланып гәп баслаўынан «жети өлшеп бир кесетуғын», асығып қарар шығармайтуғынын түсиндим.
– Мийрасты өзиме өткерейин бе яки перзентлериме, не мәсләҳәт бересиз, сиңлим? – деп сорады.
Сол ўақытта не деўге де ҳайран болып қалдым. Ҳаялдың көп ойланып, ақыры нотариусқа барып мәсләҳәт алайын, деген пикирде екенин аңладым. Бир тәрептен маған исенгени болса, екиншиден оның шаңарағын, перзентлерин жақсы билмегеним, танымайтуғыным ойландырды.
Анығында, ол ҳаялдың турмысын, перзентлерин өзинен артық ҳеш ким жақсы билмейди. Көпти көрген, турмыстың ашшы-душшы сынаўларын татып, жақсы нийетте турмыс қурған өмирлик жолдасынан айырылып не ислеўди билмей өзинен де бетер перзентлерин ойлап, шаңарақ шараятларын есапқа алып қарар қабыл етиўде екиленип турғаны анық еди.
Ол ул-қызлары, келинлери, ақлықлары ҳаққында айтып берди. Усындай пайытта нотариус тергеўшидей, психологтай жол тутады. Ондай етпесең, қәте ислеўиң мүмкин.
Өмирлик жолдасы тири ўақтында бәрқулла перзентлериниң тәрепин алып, оларды қоллап-қуўатлап келген. Ал, ери қайтыс болғаннан кейин қопаллық, бир-биреўине жат сезиле баслаған. Ол соған екиленген. Ана жасы тәўираққа барғанда балалары жуўапкершиликти сезинбеўинен қәўетерде екен. Әкеси қайтыс болғаннан кейин мийрасқа таласатуғын перзентлерди көп көргенбиз. Екиленип турған ана бирден шешим қабыл етип, мийрасты өз атына рәсмийлестиретуғын болды. Бундай жағдайлар көп ушырасады. Соның ушын, бундай пайытта асықпастан сабыр-тақатлық пенен ис тутыў керек, деп ойлайман.
Мен көбинесе адамлар арасында болып, оларды үйрениўге ҳәрекет етемен. Бул бизиң ис усылымызда қол келеди. Себеби, мәсләҳәтимиз бенен алғыс та алыўымыз мүмкин. Гейде керисинше де болып кетиўи мүмкин. Сол ушын, нотариус хызметиниң нәтийжелилигине ерисиў ­ бул пуқаралардың ҳуқықый мәдениятына да, бизлердиң сапалы хызметимизге де байланыслы.
Камила ДЖУМАНИЯЗОВА,
Нөкис қаласы жеке әмелият пенен шуғылланыўшы нотариус.