Жынаят ислери бойынша Төрткүл районлық судында судья С.Атабаевтың басшылығында ашық суд мәжилиси өткерилди. Онда Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниң 1842-статьясында көрсетилген ҳуқықбузарлық бойынша пуқара Хушнудбек Аминовтың қарсысына Төрткүл районлық ишки ислер бөлиминен келип түскен ис көрип шығылды.
Пуқара Хушнудбек Аминов 2022-жылы 26-ноябрь күни Төрткүл районы ИИБ имаратында өзине тийисли болған REDMI Note 9 маркалы уялы телефон аппаратының ишки ядында диний мазмундағы файллар бар екенлиги анықланып, усы диний мазмундағы файллар қадаған етилген ямаса қадаған етилмегенлигин тексерип көриў мақсетинде қалыслардың қатнасыўында ИИБ хызметкерлери тәрепинен анықланған.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Дин ислери бойынша комитетиниң экспертлик топары жуўмағында телефон аппаратындағы диний мазмундағы аудио ҳәм видео файлларда Өзбекстан Республикасының әмелдеги Конституциясына қайшы болған мағлыўматлар жоқ екенлиги ҳәм усы материаллардағы мағлыўматлар қадаған етилген диний өнимлер дизимине киргизилгенлиги анықланды.
Х.Аминов айыбын мойынлап ҳәзирги ўақытта жумыссыз, ержетпеген үш перзенти бар екенлигин, басқа бундай ислерди қайталамайтуғынлығын айтып жеңиллик сорады.
Суд ҳуқықбузар Х.Аминовқа жаза тайынлағанда истиң аўырластырыўшы ҳәм жеңиллестириўши тәреплерин есапқа алып, оған ҲЖҳКниң 33-статьясын қолланып, санкцияда көрсетилген ең аз жазадан да азырақ жаза тайынланыўы ҳәм айғақлы зат ретинде алынған телефон аппаратының ядындағы файллар тийисли тәртипте өширилип, конфискацияланыўы лазым, деп тапты.
Ҳуқықбузар Х.Аминов базалық есаплаў муғдарының бир есеси, яғный 300 мың сум муғдарында жәриймаға тартылып, мәмлекет пайдасына өндирилиўи ҳәм телефон аппаратының ядындағы файллар тийисли тәртипте өширилип, конфискацияланыўы белгиленди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.
