Ѳмир адамзатқа бир мәрте берилетуғын бийбаҳа байлық. Усы байлықты ғәниймет билип, бир-биримизди ҳүрметлеп, перзентлеримизге дурыс тәрбия берип жасасақ, қәнекей?! Бул гәплерим менен мен «перзентлеримизге жақсы тәрбия бере алмай атырмыз» деп барлық ата-аналарды айыплаўдан жырақпан. Лекин «гүриш шигинсиз болмайды» дегениндей, балаларына дурыс тәрбия бериў былай турсын, тәрбия деген сѳздиң мәнисиниң не екенлигин билмейтуғын ата-аналарымыз, тилекке қарсы, арамызда жоқ емес.
Мен буны сизлерге болып ѳткен ўақыя тийкарында дәлиллеп бермекшимен. Мақаланың басында айтқанымыздай адам ѳмириндеги алтынға бергисиз жас ѳспиримлик ҳәм жаслық дәўирлерин жаман жоллар менен ѳткерип, ўақыт ѳтип кеткен соң мың пушайман болған менен орнына ҳеш нәрсени қайтара алмайсаң.
Усындайда балаға дурыс тәрбия керекпе-керек. Оны ким береди, әлбетте-ата-ана! Тәрбияның насазлығынан, ҳәттеки мектеп жасындағы балаларымыз ҳәр қыйлы жынаятларға қорықпастан, ойланбастан қол урып атыр.
Екеўи де бир мектепте бири 9-класста, екиншиси 10-класс оқыўшысы бола турып, бир емес, еки мәрте жынаят кѳшесине кирип кеткен.
Ол 9-класста оқып жүргенинде-ақ бир мәрте жынаят ислеп, 169-статья 3-бѳлими менен 1,5 жылға азатлықтан шеклеў жазасына судланып, сол жазаны толығы менен ѳтемей турып, және урлық жынаятына қол урады. Алан исмли бул жас ѳспирим ѳзиниң бул сум нийетине сол мектептиң 10-класс оқыўшысы Абатбайды да шерик етеди. Алдын-ала екеўи жынайы тил бириктирип. Алан Абатбайға ѳзиниң дайысы Барлықбайдың үйинде ақша кѳп екенлигин, соның үйине барып урлыққа түсиўин усыныс етеди. Алдын яқ, деген Абатбайды, кѳп пуллар аламыз, қыдырамыз, кафеге барып, шашлык жеп, арақ ишемиз, ҳәз етемиз деп «сулыў» сѳзлери менен кѳндиреди. Сѳйтип, ертеңине азанғы саат 8 лер шамасында екеўи Нѳкис районы Саманбай АПЖ да жасаўшы Барлықбайдың үйине келип, узақлаў жерде турып, екеўи үйди аңлый баслайды. Саат 9-45 лер шамасында Барлықбай «CОBОLT» машинасын минип, үйинен шығып кетиўден, Абатбайға «сен сыртта қарап тур» деп Алан ашық турған айнадан ишке ѳрмелеп кирип, трюманың алдында жатырған 600 мың сумға шамалас ақшаны алып, және көзи тоймай, бир нәрселерди излеп атырғанында, үй ишинде биреўдиң жүрген аяқ сестинен сетемленип, айнадан сыртқа шығып қашып кетеди. Бул 2022-жыл 18-май күнги болған ўақыя еди.
Негизинде Барлықбай жумысқа кетер алдын ҳаялы Гүлназға емлеўханада жатырған әжапасының изинен хабар алыў ушын 550 мың сум пул берип кеткен еди. Тап сол пуллар урыға буйырды.
Ал, урылар болса мектебине барып, сабақ таўсылған соң және еки жорасын алып, Нѳкис қаласында 108 бурылма деп аталыўшы тәрептеги кафеге барып аўқатланып, шағал-мәслик қурады. Ал, енди бир сораў бул отырысқан 4 баланың ата-аналары ҳеш нәрсени сезбеген, итибар бермеген болса? Қызық! Тоқтай турың қызықтың «кѳкеси» алдымызда.
Әлбетте, жынаят ашылмай қалғаннан кейин урлықшылар жаўыннан соңғы замаррықлардай және басларын қылтыйтып шыға келеди. Бул сапары да «мишень» Аланның дайысы Барлықбайдың үйи. Сѳйтип екеўи және жынайы түрде тил бириктирип, сол жылы 23-май күни үйде адам жоқлығынан пайдаланып, жайдың артқы тәрепиндеги дийўалдан Аланды еплеп Абатбай кѳтерип, ишке түсиўине кѳмеклесип жибереди. Алан дәрўазаны иштен ашып, Абатбайды үйге киргизеди. Сѳйтип урлықшы жийенлер арқайын қолына не илинсе соны алып кетеди. Ақыры дайысының үйи дә. Соннан сейфтиң гилтин таўып ашып, ишинде турған 150 АҚШ долларын, 1 дана нағысы бар гүмис жүзикти, сумканың ишинде жатырған 100 мың сум пулды алып, бул жерден зым-зыя болады.
Долларды «қара базар»дағы валютчиклерге 1,5 млн. сумға алмастырып, жүзикти 380 мың сумға сатып жибереди. Сѳйтип кѳп ақшаға ийе болған урлықшылар, және тѳртеў болып, тағы сол баяғы 108-бурылма беттеги компьютерханаға барып, қумарлары тарқағанша ойнап, соңын ала «Истиқлол» кафесине барып, және кәйпи-сапа сүрип, үйлерине дағысады. Саат түнги нешелерде үйине қәйтип келди. Аўзынан арақ ийиси шықпай ма? Кафеде ҳәттеки калян шеккен, (буны кафе хызметкери дәлиллеп берген). Сондай ийислерди де сезбесе, қандай ата-ана болдың сен? Бул жерде тәрбияның сондай дәрежеде насазлығынан биринши жынаят ислегенинен 4 күн ѳтпей-ақ, және урлық тәкирарланған. Әбзели, ата-ана ѳз перзентиниң тәрбиясына бийпарық болмаўын соранар едик. Жынаятқа қол урған жас ѳспиримлер жазасын алды, бирақ ата-аналардың ҳүжданлары жазаланбаўына ким кепиллик бере алады? Ойланайық, ҳүрметли ата-аналар, перзентлеримиз бизлердиң ертеңги келешегимиз екенлигин умытпайық?!
(Адам исмлери өзгертилип алынды)
Азат СЕЙТАНОВ,
Жынаят ислери бойынша Нѳкис районы суды баслығы.
