ОЛ: ИСБИЛЕРМЕН, МУҒАЛЛИМ, МЕҲРИЙБАН ПЕРЗЕНТ, ҚӘДИРДАН АНА

(Айымгүл Шамуратованың ѳмиринен штрихлар)

Ол жылларды еслегиң де келмейди. Халық ушын аўыр күнлер кѳп болды. Медицина раўажланбағаны ушын ба ҳаяллар изли-изинен он, оннан да кѳп перзентлерди дүньяға келтиреди. Күнделикли наныңды таўып жеў қыйын дәўирлерде бизиң ата-аналарымыз сонша перзентти тәрбиялап, оқытып кәмалға келтирген қыйыншылықларын айтар болсақ компьютердиң клавишлери басылмай тоқтап қала береди.
Ол дүньяға жетинши перзент болып келгенде 1953-жыл 20-апрель еди. Белгили, зиялы шаңарақта туўылды. Бул туўылғанда әкеси Ташкенттеги емлеўханада қатты аўырып жатып қалады. Генжетайына Айымгүл деп ат қойды. Болмаса анасының аты Айымхан. Әмет Шамуратов пенен Айымхан Шамуратованы танымайтуғын адам болмаса керек. Бири шайыр, мәмлекетлик ғайраткер. Ал, келиншеги ѳз дәўириниң белгили қосықшысы, актрисасы. Перзентлерин дүньяға келтиреди де баўырына басып гастролларға кете береди. Артына қарап, қой, қалай жүремен булар менен-деп қәўетерлениўди де билмейди. Ишиндеги, қәлбиндеги қайнап турған талант Айымханды жатқарсын ба?! Екинши дүнья жүзилик урыста да тыныў дегенди билмепти. Урысқа баратуғынларға да, тылдағыларға да қосық айтып шаршамас, сирә. Бирең-сараң үлкен машиналарды есапқа алмағанда, ат арбада да емизиўли перзентин баўырлап, аўылма-аўыл жүрип сахналарға шығады. Ҳәр түрли роллерди жаратыў менен бирге, қосық та айтады. Ҳақыйқый ислеген қайсы артистиң балаларына аўқатлар писирип, жуўындырып-шайындырып, кеўиллерине қарап жүрген күни бар дейсең…
Әке-шешеси бирдей ҳүкиметтиң жумысы-деп жуўырып жүргенде гейде аўқатсыз да қалады.
Қәйткенде де Айымгүл усындай орталықта туўылды. Ѳзинен үлкен бес әжапасы, бир әжағасы бар еди. Емлеўханадан шыға салып, Айымхан қызын қундақлап, Ташкентке кетти. Аўырыўға жеңдирген Әметтиң қасында он үш күн болды. 1953-жыл 18-майда оның жаны үзилди. Ол сонда енди 41 жаста еди. Келиншеги Айымхан 36 жаста жети перзенти менен үйилип-шашылып қала берди. Кишкене Айымгүдиң де ѳмири басланды. Сонша перзентлери менен 1968-жыл 27-августта Айымхан Шамуратова Аўқамның халық артисти-деген жоқары атақты алды. Ол сонша еллерди кѳрди. Ѳзиңниң мәдениятқа бағышлаған ѳмириңниң қырқ жылдан асламырақ ўақтында қанша қыйыншылықлар кѳрсе де ҳәр қыйлы спектакльлерде қырқтан аслам образларды дѳрете алған сол дәўирдиң қаҳарманы еди.
Қызларын артистликке жибергиси келмеген дәўирде оның артист болыўы аңсат болмағанын А.Шамуратованың «Театр-ѳмирим ҳәм тәғдирим» китабында оқып билесиз. «Ҳеш қашан анамның түскинликке түсип, уўайымнан сарсылып отырғанын кѳрмегенбиз. Қыйыншылық болған сайын қайсарланып, алға басар еди. Туўры сѳз айтыўдан ҳеш жерде, ҳеш кимнен тартынған жоқ. Әкемиз қасымызда жүргендей болып ѳстик. Себеби, анамыз бәрқулла оны айтып еслетеди, яки қәбирин зыяратлаўға апарады. Барып тири адам менен сѳйлескендей етип, бир қызыңды узаттым-деп яки шаңарағымызда қандай жаңалық болса бәрин айтады. Бизлер есейе келе бул ислерин артистликке салады-деп ойлар едик. Бирақ, ол сѳйлесип болған соң жылайды. Әкемиздиң ѳлген күнлерин белгилейди. Юбилейлерин қалдырмастан ѳткереди. Бул исиңди ҳеш ким мақулламайды яки мақуллайды-деп қулағымызға қуйғаны қуйған.
Ѳмириниң ақырына шекем әкемди айтыўдан шаршамады. Оның мийнеткешлигин, пидайылығын, перзентлери ушын ѳзин отқа-суўға урыўға таярлығын кѳрип ѳстик. Жумыстан шаршап кеш келген күнлери азанда ерте турып, белин буўып, басқа еллерге барып үйренип келген таңсық аўқатларын писирип береди.
Анам сондай қолы ашық, қонақшыл болды. Үйимизге Ташкенттиң белгили инсанлары да мийман болды. Зульфия шайыр да келетуғын еди. Оның қызларындай болып ѳстик. Кишкене әжапамның атын да оның ҳүрметине қойған.
Районларға, аўылларға мени ертип жүреди. Түнде бир оянсам роллерин ядлап атырғанын кѳремен. Гейде ойланып, кѳп ўақыт отырады. Сиз сорағаныңызға бир ўақыя ядыма түсти. Онда 10-11 жаста едим. Зыяда әжапам балет мектебинде Ташкентте оқып атыр еди. Жазғы дем алысқа келгенде мени де үгитледи. Мен де балетке қатты қызығаман. Оның гәпине бола оқыўға кетемен-деп қоңсылар менен, үлкен атамыз Артық ағаның үлкен кемпир апасы, үй-иши менен хошластым. Үйге келсем таяқ алып апам Зыяданы қуўып жүрген екен. Маған кѳзи түсип: «сен не қылып жүрсең?»-деп сорады.
Мен қорыққанымнан «Нѳкисте қаламан, ҳеш жаққа бармайман»-деп жыладым. Балалықтағы бул әрманым усылайынша сѳнди. Деген менен бизлердиң бәримизди оқытты. Заманагѳй, билимли болып жетилистик» – деп еслейди сол кишкене қызы Айымгүл балалығы ҳаққында. Айымхан апаның генжетайы Айымгүл ақ бозлақ, сулыў, ақыллы, сабырлы қыз болып жетилисти.
Ол 24 жыл англичан тили муғаллими болды. Жети перзентинен туңғышы Гүлистан Шамуратова белгили шайыр еди. Гүлжахан Зухра, Зыяда, Бердақ, Зульфия бәри де ѳз орынларын таўып, түрли тараўларда сынақлардан мәрдана ѳте алды. Бәри бирге жыйналса үй музейин шѳлкемлестириў керек-деп ойласады.
Оның аңсат болмасын, шѳлкемлестириў дәўиринде ҳүжжетлерди жыйнаўдың машқаласын ойлап, және бул арқаға сүрилди.
– Музейди ѳзим баслайман-деп соңғы қарарын айтқан усы Айымгүлдиң ѳмирлик жолдасы Султамурат Таубалдиев болды. Ол Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген қурылысшы. Султамурат баслаған 1996-жылғы шлѳкемлестириў, қурылыс ислери 1999-жылы питти. Халық та қарап турмады. Ѳзлери жасаған кѳше бойында ѳзгеше проекттеги жаңа музей бой тикледи. «Әмет ҳәм Айымхан Шамуратовалар үй музейи» деп жазып қойылды. Ата-анасының услап-тутқан мүлкин, кийим-кеншеклерин, китапларын бәрин-бәрин музейге әкелип, оған және де сән берди. Музейге келетуғынлардың ишинде шет елликлер де бар еди. Олар менен Айымгүл емин-еркин сѳйлесип, жоқары дәрежеде хызмет кѳрсетип, елимиздиң үрп-әдетлери, мәдениятын кең жәмийетшиликке тарқатыўда үлкен үлес қосып киятыр.
2001-жылы үй-музейи қасынан қарақалпақ миллий кийимлерин тигиў цехын ашып, отызлаған ҳаял-қызларды жумыс пенен тәмийинледи. Сондай-ақ, усы жылы 5-7 жас арасындағы балаларға заман талабына сай рус, англичан тиллерин үйретиўши оқыў дѳгерегин ҳәм оқыў орайын ашты. Дәслепки сабақларды үй-музейи директоры Айымгүл Шамуратованың ѳзи баслады. Жаңа жыл, Наўрыз байрамларында кем тәмийинленген, майыплығы болған балаларға саўғалар тапсырып, ҳәр жылы қоллап-қуўатлаўды үрдиске айландырды. Ал, 2002-жылы «Айымхан лапызы» фольклор-этнографиялық ансамбли дүзилди.
Олар балалар үйи, интернатларға концерт қойып жүрди. Ансамбльде Қарақалпақстан халық бақсысы Т.Қурбанов, Қ.Алламуратов, С.Баширов, Ҳ. Р. Тилеўмуратова басшылығында ѳз исин даўам еттирген болса кейин ала Г.Ахымбетова, Е.Асқарова, Л.Мухаммедовалар басшылық етти.
Ансамблге Ѳзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги тәрепинен «Халық ҳәўескерлик жәмәәти» сыйлығы берилди. Қарақалпақстанның ишки туризмин раўажландырыўда бириншилерден болып үлес қосқан Айымгүлди мақтаныш етип айтсақ арзыйды. Ол 2005-жылы «Айым тур» жеке шаңарақ фирмасына қараслы бес бѳлмеден ибарат «Жипек жолы» мийманханасын иске қосты.  Кейин ала және бир мийманхана қосылды. Екеўи де үш қабатлы. Мийманхана қарақалпақ тарийхы, мәдениятын сәўлелендирип туратуғын миллий буйымлар, дәскелер менен безетилгенликтен шет елден келген мийманлардың нәзерин тартады. Шет тилин жақсы билген соң Айымгүл дәслеп мийманларды ѳзи күтип алып, оларға жақсы хызметлер кѳрсетип киятыр. Дәслеп ол ис баслағанда исбилерменлерге ҳәзиргидей шараятлар жоқ еди. Бүгинги күни мәмлекетимиз тәрепинен исбилерменлерди, ишки туризмди раўажландыраман дегенлерди қоллап-қуўатлап, кѳплеген қолайлықлар жаратылған. Солардан пайдаланып, мийманхана қурылысын баслап еди. Мине, енди тѳрт қабатлы 200 орынға мѳлшерленген, лифтли, соңғы технологиядағы заманагѳй мебеллер менен үскенеленген үшинши мийманхана пайдаланыў алдында турыпты. Оның қасынан автотранспорт хызмети де жолға қойылған. Бул арқалы Қарақалпақстанның тарийхый орынлары, Арал теңизи, «Ийшан қала», «Қойқырылған қала», Миздасқан киби кѳплеген жерлерге саяхатлар шѳлкемлестирилди.
Бүгинги күни Халқабад қаласы «Ийшан қала» қасында туристлик «Этно аўыл» дем алыў орайы салынып атыр. Ол жерде қара үйлер болады. ПРООН кәрханасы тәрепинен әтирапын кѳклемзарластырыў, абаданластырыў жумыслары қызғын алып барылмақта. Изли-изинен жазып атырған бундай ислердиң басында ѳмирлик жолдасы менен бирге турған Айымгүл кейин ала Султамуратынан да айырылады. Жақсы инсанды, қайырқомын жоғалтқан соң бес перзентин ѳзи ҳәм әке ҳәм ана болып тәрбиялап, ақлықлар кѳрип отыр. Перзентлери де ѳз орынларын тапқан. Анасынан кѳргенлерин, тәрбиясын, меҳрибанлығын енди ѳзи де перзентлерине аямастан береди. Ол бир қанша кѳкирек нышанлары, ҳүрмет жарлықларын алды. Кеше ғана Айымхан Шамуратованың генжетайы болып жүрген Айымгүл апа усы жылы 70 ти алқымлап қалыпты. Үй-музейинде анасы үйреткениндей әкесиниң руўхын қәстерлеў, анасының екинши ѳмирин даўам еттириўдей перзентлик ўазыйпасын артығына орынлаған перзент-ол.

Олардың юбилей сәнелерин, ушырасыў, еслеў кешелерин ѳткериўди сирә артқа сүрген емес.
Ислеўшилердиң ис ҳақыларын тѳлеў, үй музейиниң техникалық базасын беккемлеў, картиналардың рестоврациясы, оқыў курсларын жүргизиў сыяқлы күнделикли жумысына айланып қалған айтыўға аңсат болған менен адамнан бир қанша ақыл-парасатты, бираз шығынды талап етери сѳзсиз.
Ѳмирлик жолдасы Султамурат Таўбалдиев жүдә жақсы инсан еди. Оның саўаплы ислерин даўам еттирип, усы инсанды да жүрегиниң түбинде мѳрлеп қойыпты.
Бәрқулла жақсы инсанлар арасында кѳзи жақсылықты кѳрип ѳскенликтен Айымгүл Шамуратова қәлби кең, қатал кѳринсе де ҳақ кеўил ҳаял, жақсы басшы, меҳрибан ана болғаны менен бәрқулла ҳүрмет-иззетте киятыр.
Айымгүл апаның шаңарағына аманлық, өзине денсаўлық тилеймиз. Көп қырлы бул инсан үлкен абырай-атақларға ылайық – деп исеним менен айта аламыз.
Арыўхан ТУРЕКЕЕВА.