Санлар сөйлегенде

турақлы халық саны

Нөкис районы статистика бөлими мағлыўматларына бола, 2023- жылдың 1-апрель жағдайына турақлы халық саны:
Халық саны — 53 148 адам; Соннан: Ҳаяллар саны — 26179, Еркеклер саны — 26969, Қалалық жерлерде — 10722 адам; Аўыллық жерлерде — 42426 адам;
Нөкис районы статистика бөлими.

статистикалық көрсеткишлер

Қанлыкол районы бойынша 2023-жылдың 1-апрель жағдайында районымыз аймағында 1429 хожалық жүритиўиши субъектлер мəмлекетлик дизимге алынған. Дизимге алынған хожалық жүритиўиши субъектлер ҳəрекет етип турғаны 963 субъект болып, соннан 683 киши бизнес субъектлери. Жыл басынан жаңадан 67 кәрхана ашылып, бүгинги күнде өз жумысларын жолға қойып, өз хызметлерин халқымызға усынып атыр.
2023-жылдың 1-апрель жағдайына район аймағында ҳәрекет етип турған санаат кәрханалары тәрепинен 100,4 млн. сум санаат өнимлерин ислеп шығарған болып, 102,3 пайызды курады. Саўда айланбасы 2023-жыл 1-апрель жағдайына 70,6 млн. сумды қураған, ҳәм де хызметлер тараўы бойынша 39,4 млн сум болып, 111,6 пайызды қурады ҳәм ɵсим пәти тәмийнленди.
Қанлыкол районы статистика бөлими.