Ҳәр бир инсан дүньяға келеди екен оның ақыл ойы ҳәм де ишки руўхый дүньясы китап оқыў арқалы байып барады. Бунда инсанның барлық процесслери раўажланады, дыққаты жәмленеди. Шахс сыпатында кәмиллигине ерисиўине китаптың орны гиреўли екенлиги сөзсиз. Ҳәзирги раўажланған жәмийетимизде излеген китапларыңды ҳеш машақатсыз табыўға болады. Бул ушын көплеген имканиятлар жаратылған. Китапханалар, Информациялық ресурс орайлары яки болмаса интернет тармақларынан излеп таўып оқыўға болады. Тарийхқа нәзер салсақ дәслепки китапларды қыссаханлар менен саўатлы адамлар өзлери оқыў менен бирге айырым саўатлы балаларға оқыў ушын берип турылған. Жигирмаланшы жыллары Қарақум ийшан медресеси қасында үлкен китапхана болғаны, оннан балалардың оқып пайдаланатуғынлығы ҳаққында айтылады. Демек, халқымызда әзелден китапқумарлыққа қызығыўшылық болғанлығын билиўимизге болады. Алымларымыз китап бул-байлық, бирақ сатып алынғаны емес, оқылғаны делинген.
Данышпаннан сорапты: Илим қандай нәтийже береди?- деп сорапты, сонда данышпан: Киши болсаң уллы боласаң, пақыр болсаң бай боласаң, деп жуўап береди. Демек инсанның уллы, мәнаўиятының бай болыўына китап жетекши орында туратуғынлығын бийкарлай алмаймыз. Президентимиздиң: «Жаслардың китап оқыўға болған қызығыўшылығын арттырыўға, оларды китап пенен дос болыўға халықтың китапқумарлық дәрежесин асырыўға айрықша итибар қаратыў лазым» дегениндей биз жаслар, жас әўладлар китап оқыўды турақлы әдетке, зәрүрли көнликпелерге айландырыўымыз тийис.
Лиза Байниязова,
Әмиўдәрья районы, 3-санлы мектептиң муғаллими
