«МЕН ӨЗИМ ДӘСТҮРИ» АКЦИЯСЫ ӨТКЕРИЛДИ

Ҳәзирги күнде технологиялар ҳәм де интернет тармағы глобализация тийкарында тез пәт пенен раўажланып атырған бир заманда, кѳпшилик инсанларда психологиялық жақтан машқалалар ҳәм ѳз психологиясы менен гүресиўи яки ненидур анық қәлеўи яки қәлемеўи ҳаққында түсиниксиз пикирлер арасында жасап атырғанлар жүдә кѳп. Әсиресе, бундай жағдай «ѳтиў дәўирин» кеширип атырған жаслар арасында кѳп ушыраспақта. Мектеп оқыўшылары бул дәўирде тәсиршең ҳәм тез де ҳәмме нәрсеге, әтираптағы ўақыяларға эмоционал жақтан жуўап береди, бул дәўирде мектеп психологларының оқыўшылар менен индивидуал тәризде ислесиўи, мастер класслар ѳткериўи ҳәм сораўнамалар шѳлкемлестириўи жүдә әҳмийетли ҳәм де заман талабы болып табылады.
Усындай себеп пенен Қараѳзек районы халық билимлендириў бѳлимине қараслы 5-23-27-29-санлы улыўма орта билим бериў мектеплериниң психологлары Гүлжахан Ербосинова, Дильфуза Даўекеева, Шайда Палўанова, Баҳадыр Календеров тәрепинен мектеп оқыўшылары арасында оқыўшылардың психологиялық саўатқанлығын асырыў мақсетинде «Мен ѳзим дәстүри» акциясы ѳткерилди.
Акцияның тийкарғы мақсети ѳспиримлерде ѳзин кѳрсете алыў ҳәм де барлық жағдайларда ѳзин қандай услаўы кереклигин түсиндириў болып есапланады. Бир жақлама бул акция ѳспиримлер менен психологлар арасында исенимди беккемлесе, екинши тәрепинен ѳспирим оқыўшыларға ѳзин қалай услаў керек екенлигин үйретиўши этика сабағын ѳз ишине алады.
Ҳәзирги күнде кѳпшилик жаслар ѳз пикирлерин толық жеткерип бериўге қыйналады, бул бәлким ѳз ойларынан қорқыў яки кишкене ўақтында әтирапындағы адамлардың негатив пикирлеўинен келип шыққан травма нәтийжеси болыўы да мүмкин. Ал, усы акция арқалы жаслар психологиялық жақтан ѳзин еркин услаўға таярланады ҳәм де ѳз ойларын ашық ҳәм тынық жеткерип бере алады.
Ҳәр биримиз бир топар адамлар алдында бир нәрсе айтыў ямаса кѳрсете алыў имканиятына ийемиз. Сиз класста сѳйлеп атырсыз ямаса досларыңызға қызықлы нәрселерди айтып бермектесиз, кафеде караоке менен бирге қосық айтасыз ямаса спорт жарысларына қатнасасыз. Булардың ҳәммеси сѳйлеў мәдениятының түрли вариантлары. Олардың ҳәр бириниң ѳз қәсийетлери бар, лекин кѳплеген қәсийетлер ҳәмме ушын улыўмалық. Сондай екен, кейпият адамлар алдында сѳйлеўдиң ең керекли ҳәм зәрүр элементи. Ол жақсы ҳәм ѳзине ҳәм ҳәрекетлерге исенген болыўы керек. Лекин сиз сѳйлесеңиз қәлеген мақсетлериңизди анықлаўыңыз мүмкин.
Акция даўамында бир қанша тренинглер шѳлкемлестирилди. Мысалы, Өзине хат шынығыўы, Аукцион шынығыўы ҳәм де «Таў тѳбелек» шынығыўы. Бул шынығыўлардың бәршеси оқыўшылардың ойлаўын ҳәм де пикирлеўин раўажландырыў ушын жүдә пайдалы және керекли болып есапланады.
Акция жүдә қызықлы ҳәм мазмунлы шѳлкемлестирилди. Қатнасқан барлық оқыўшылар ѳзлериндеги қорқыўды жеңиў, ѳз пикирлерин еркин айтып бере алыў, берилген тема бойынша ѳз ойын билдирип, дискуссия қыла алыўды үйренди ҳәм мектеп психологлары да усындай илажларды ҳәр ай сайын шѳлкемлестирип турыўға келисип алды.
Бул акция тек ғана семинар-тренинг емес бәлким ҳақыйқый дослық ҳәм пикирлесиў орталығына айланды. Елимиз келешеги болған жас әўладтың тек физикалық жақтан емес, руўхый жақтан да күшли болыўы заман талабы болғанлықтан келешекте жәҳән ареналарында турып ѳз пикирин айта алатуғын жасларды тәрбиялаў ушын усындай акциялар жүдә әҳмийетли және пайдалы болады деп исенемиз.

Г.Ербосинова,
Д.Даўекеева,
Ш.Палўанова,
Б.Календеров,
Қараѳзек районы 5-23-27- 29-санлы улыўма орта билим бериў мектеплериниң психологлары.