МИЛЛИЙ КИЙИМ – МӘНӘЎИЯТ АЙНАСЫ

Инсаният турмысы кийимлер менен тығыз байланыслы. Кийимлер олардың ѳмирин безейди, эстетик заўық бағышлайды, ѳзлигин кѳринетуғын етеди ҳәм түрли тәбийий шараятларда турмыс кешириўлеринде қолайлықлар туўдырады. Усы мәнистен алып қарағанда да кийимлер инсанияттың қәлиплесиўи ҳәм раўажланыўы тарийхы менен уйқас жағдайда раўажланып келген. Кийимлердеги айрықшалық болса миллеттиң қәлиплесиўи менен байланыслы болып, бунда миллет қәлиплесиўиниң зәрүрли факторларынан бири болған аймақ зәрүрли орынға ийе болған.
Кийимлерде миллеттиң санасын, дүньяға кѳз-қарасы ҳәм менталитетин айрықшалығы аңлатпасын табады. Кийимлердиң формалары, олардың айрықша гѳззаллығы ҳәр бир миллеттиң қәлиплесиўи, оның тарийхый мәденияты, турмыс тәризи, ишки дүньясы, эстетик ойлаўы менен уйқас жағдайда байланыслы болады.
Миллий-руўхый турмысымызда жүз берген унамлы ѳзгерислер жасларымыздың кийниў мәдениятын раўажланыўына да ѳзиниң тәсирин ѳткере баслады. Олардың миллий кийимлеримизге болған қызығыўшылықлары күннен – күнге артып барып атыр. Нѳкис қаласы 1-санлы кәсип-ѳнер мектебинде Ҳаял-қызлар арасында кийиниў мәденияты ҳәм әдебине әмел етиўди үгит-нәсиятлаў, басқа миллетлерге еликлеўиниң алдын алыў бойынша жаслар арасында «Миллий кийим – мәнәўият айнасы» атамасында илаж ѳткерилди.
Бунда Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигиниң Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасы қәнигеси Зульфия Дәўлетназарова ҳәм басқа да тараў қәнигелери қатнасты.
Илажда «Ѳзбекстан улыўма үйимиз» сүрени астында миллетлер-ара татыўлықты үгит-нәсиятлаў мақсетинде барлық миллетлер миллий липасларының кѳргизбеси, «Жаўызлыққа қарсы ағартыўшылық» сүрени астында сүўретлер кѳргизбелери ҳәм «Кийиниў мәденияты-миллет кѳрки» темасында миллийлигимизди сәўлелендириўши аяқ ойынлар, миллий қосықлар ҳәм сахналық кѳринислер шѳлкемлестирилди. Илаж даўамында белсенди қатнасқан жасларға, шѳлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғлары тапсырылды.
Замира
Шеримбетова,
Нѳкис қаласы, 1-санлы кәсип-ѳнер мектеби оқытыўшысы.