Ташкент ўәлаятындағы Шыршық олимпия ҳәм паралимпия спорт түрлерине таярлаў орайында «Бес баслама олимпиадасы» жарысы шеңберинде стритбол бойынша жуўмақлаўшы финал ойынлары болып өтти.
Қуўанышлы тәрепи сонда, ерлер арасында өткерилген жарыстың 3 жас категориясында да қарақалпақстанлы жаслар мүнәсип түрде қатнасып, жеңимпазлар қатарынан орын ийеледи.
Атап айтатуғын болсақ, 16-21 жас аралығындағы командалар арасында Нөкис қаласындағы «Дәрбент» мәкан пуқаралар жыйынының командасы Шыршық қаласы «Баҳор» МПЖ жасларынан соң екинши орынды ийелеген болса, 22-26 жас аралығындағы жаслар арасында Нөкис районындағы «Қырантаў» аўыл пуқаралар жыйыны командасы үшинши орынды жеңип алды.
Ал, 27-30 жас аралығындағы жаслар арасында болса, Тақыятас районындағы «Абат» м
әкан пуқаралар жыйыны командасы барлық қарсыласларын жеңип шығып, жарыстың бас сыйлығын алыўға миясар болды.
Жарыс соңында жеңимпаз командалар арнаўлы диплом, медаль ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.
Сондай-ақ, усы жарыста биринши орынды ийелеген команданың жасаў аймағына Универсал спорт майданшасы, екинши ҳәм үшинши орынды ийелеген командалардың аймақларына «Workout» ҳәм «Streetball» майданшалары қурып бериледи.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.
