Несийбемизди асырайық

Тақыятас районы Айрықша жағдайлар бөлими хызметкерлери тәрепинен машина трактор парклериниӊ қәнигелери менен орым-жыйынға қатнасатуғын техникалардың мәўсимге сазлығын бир қатар көзден өткерилди. Дән жыйнаў комбайнлары, автомашиналар, трактор тиркемелери ҳәм басқа да орым-жыйымға қатнастырылатуғын механизимлердиң жумыс ислеў жағдайлары бир қатар тексерип көрилди. Усы көзден өткериў дәўиринде олардын өрт өшириўде қолланылатуғын арнаўлы үскене, әсбапларынан, әсиресе ушқын өширгишлеринен тәмийинлениўиндеги анықланған гейпара кемшиликлерди, орым-жыйым мапазында болдырмаўдыӊ ҳәмме шараларын тәмийинлеў туўралы бир қатар тапсырмалар ҳәм көрсетпелер берилди.
Орым-жыйым дәўиринде усы мапазға қатнастырылатуғын механизмлердиӊ өрт өшириў қураллары менен, әсиресе күтилмеген жағдайда өрт пайда болғанда, олардың комплектленген қураллары менен тәмийинлениўине айрықша дыққат бөлиў тапсырылды. Бийдай орымы ўактында комбайнныӊ айланба механизмлериниӊ кызып кетиўи, оларға сабан оралып қалыўы да өртти пайда етеди. Соның ушын комбайн айдаўшылары өзлери техникаларын тез-тезден қадағалап турыўы, ўақты-ўақты менен техниканы тоқтатып, оралып турған шөп-шарларды алып таслаўы тийис. Ҳәр бир техника өрт өшириў қураллары менен жетерли дәрежеде тәмийинленгени мақсетке муўапық болады. Яғный, комбайнныӊ өзинде 2 өрт өширгиш, 2 бел, 2х2 метр кийиз ямаса брезент, 40-100 литр суў, 2 шелек болыўы керек. Буннан басқа да орылып атырған бийдай атызыныӊ шетинде сүрим трактор болыўы керек.
Дән сақлаў қырманларда өрт әсиресе электр тармақларыныӊ насаз болыўынан, сигарет шегиўден келип шығады. Усы ҳәдийселердиӊ алдын алыў ушын биринши гезекте исши-хызметкерлер өрт қәўипсизлиги бойынша түсиниклерге ийе болыўы тийис. Дән сақлаў қырманлары өртке қарсы қураллар менен тәмийинленип кеминде еки данадан болыўы, әтирапында суў толтырылған бочка ҳәм қум толтырылған қутылар ҳәмме ўақытта болыўы шәрт.
Жоқарыда айтылған кемшиликлерге жол қоймаў, өрт кәўипсизлиги қағыйдаларына қатаң әмел қылыў мийнеткеш дийқанларымыздыӊ жетистирген бийдай өнимин зыянсыз жыйнап алыныўына үлкен жәрдем болады.

Р.Худайбергенов
Тақыятас районы АЖБ қәнигеси, аға сержант.