«ҚАРАҚАЛПАҚСТАН МӘДЕНИЯТЫ» ГАЗЕТАСЫ 30 ЖАСТА

Қәлеген тараўды раўажландырыўда, ен жайдырыўда үгит-нәсияттың, яғный тараўдың жаңалық-хабарларын, мәселелерин сәўлелендирип баратуғын басылымның орны ѳз алдына.
«Қарақалпақстан мәденияты» газетасының тарийхына азы-кем нәзер тасласақ, ѳткен әсирдиң 90-жыллары басында талантлы жазыўшы, журналист Бекназар Ерназаров мәденият тараўы газетасын ашыў идеясы менен шығады. Оның кѳтерген басламасын сол ўақыттағы министр, атақлы композитор Нажиматдин Мухаммеддинов ҳәм жигерли орынбасарлары Генжебай Хожаниязов (марҳум), Бухарбай Дәўлетмуратовлар қоллап-қуўатлап, дәслепкилерден болып Мәденият министрлигиниң кәсиплик газетасын шѳлкемлестириўде бас-қас болады.
Министрлик басшылары газетаны реңли, сүўретли журналға айландырыўды ойластырып жүрген. Лекин, ѳтиў дәўириндеги экономикадағы финанслық қыйыншылықлар газетаның жабылыўына алып келген. Солай етип 1995-жылдың сентябринде «Қарақалпақстан мәденияты»ның 9/10 санлары 1000 данада басылып, соннан кейин қаржы жетиспеўшилиги себепли шығыўы үзилиске түскен. 2,5 жылда газетаның 44 саны басылған.
Солай етип саррас 10 жылды артқа салып және мәденият ѳз басылымына ийе болды.
Жаңа «Мәденият ҳәм спорт» газетасына «Қарақалпақстан спорты» газетасында редактор болып ислеп киятырған белгили жазыўшы, журналист ҳәм алым Алланазар Әбдиев 2004-жылдың 1-апрелинен баслап бас редактор етип тастыйықланды.
Бүгинги «Қарақалпақстан мәденияты» газетасының даңқлы 12 жылы «Мәденият ҳәм спорт» қа тийисли.
Бурын айына еки мәртебе шығатуғын, кейин үш ретке жеткерилген басылым 2006-жылдан баслап ҳәптеликке айланды. Ҳәр ҳәптениң шемби күни шығатуғын газетаның жаңа саны ҳәр бир оқыўшыға сол күни жеткерилиўи қадағаланды.
«Мәденият ҳәм спорт» газетасы 2016-жылдың 22-сентябринде Олий Мажлис жанындағы мәмлекетлик емес, коммерциялық емес шѳлкемлерди ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фондының «Тарийхыңды аңла!» атамасында грант жойбарын жеңип алды. Грант жойбарында белгиленген барлық ўазыйпа, миннетлерди режедегидей саррас, дәл орынлап, жуўмағы бойынша тарийхый мақалалар топламын 4 тилде (қарақалпақ, ѳзбек, орыс ҳәм инглис) шығарып, жойбарды табыслы жуўмақлады. Нәтийжеде редакцияның материаллық-техникалық базасы беккемленди.
Усы грант жойбары таңлаўына келип түскен мақалалар газетада жәрияланды ҳәм таңлаўлардың жеңимпазлары анықланып, сыйлықлар менен хошаметленди.
Мақалалар топланып, «Тарийхыңды аңла!» атамасында 2016-жылы ѳз алдына топлам болып жарыққа шықты.
Сондай-ақ, газета редакторы А.Әбдиев ҳәм (әдебий хабаршы едим сол ўақытта, «Ниҳол» ҳәм «Зульфия» сыйлықлары жеңимпазларының (2014-жыл мартқа шекемгилер) ѳмирбаяны ҳәм хызметлери жыйналып, «Талантлы жаслар» (2015) атамасында ѳз алдына китап басып шығарылды.
«Мәденият ҳәм спорт» газетасы ѳзиниң мийрасқоры – «Қарақалпақстан спорты» на ѳтетуғынын билген П.Айтмуратов газета редакторы А.Әбдиевке Мәденият министрлигиниң газетасын шѳлкемлестириўде де бас-қас болыўын соранды. Екеўи ойласып «Қарақалпақстан мәденияты» газетасына бас редакторлыққа, жас болсам да кѳркем ѳнертаныў журналисти қәнигелигин ийелеген, жазыўшы-устаздың ең талантлы, қәлеми бар шәкиртлеринен бири – деп мениң кандидатурамда тоқтады. Министрдиң сораныўына бола жаңа газета редакциясына А.Әбдиев «Қарақалпақстан мәденияты» газетасының режесин ислеўден баслап барлық басқа да шѳлкемлестириўшилик жумысларында жақыннан жәрдем, жол-жоба кѳрсетти. Ҳәтте, ол ѳзи тәрбиялап шығарған «Мәденият ҳәм спорт» газетасының дѳретиўшилик жәмәәтинен «Қарақалпақстан мәденияты» газетасына тәжирийбели журналистлерди бѳлип шығарды.
А.Әбдиев бүгинги күни де «Қарақалпақстан мәденияты» газетасының редколлегия ағзасы сыпатында газетаның мазмунлы, кѳркем ҳәм сапалы, қәтесиз шығыўына үлес қоспақта.
Баспасѳз – биринши гезекте, мәмлекет идеологиясын жүргизиўши, халықтың сиясий билимин жетилистириўге үлес қосыўшы қурал. Усы бағдардан алып қарасақ, «Қарақалпақстан мәденияты» ѳткен алты жыл ишинде Президентимиздиң Пәрман, қарарларын, Министрлер Кабинети ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси менен Министрлер Кеңесиниң, әсиресе мәденият ҳәм кѳркем ѳнер тараўына тийисли нызам, қарар, бийликлерин халық массасына кең жеткериўде белсендилик кѳрсетпекте.
Сондай-ақ, газетамызда Мәденият министри Қ.Турдиевтың усы ел ақсақалының республикамызға басшылық еткен дәўиринде мәденият ҳәм кѳркем ѳнер тараўына қосқан мийнетлери ҳаққында сѳз етиўши «Иси де, исми де теберик инсан», кѳркем ѳнеримиздиң байтереги Н.Мухаммеддинов туўралы «Қарақалпақ кѳркем ѳнериниң байтереги», «Айқулаш» – миллий мақтанышымыз», «Елдиң ери умытылмайды» ҳ.т.б. кѳлемли мақалалары жәрияланды.
Тәжирийбели журналист Э.Сайтжанованың да «Арал – Анамыз, 126 тағамымыз», «Муҳаббат – от. Шығысты ләрзеге салған «Жамила», «Искенже»: Қазанқаптың ѳлими, Мәңгүрлик ҳәм «Ана мәйит» әпсаналары», «Ўатан топырағы», «Ѳнерден ѳрлеген «Музей апа», «Мәдениятымыз айнасы» ҳ.т.б кѳлемли, мазмунлы кѳркем мақалалары оқыўшылар кеўлинен жай алды.
Газета бас редакторы ҳәм кѳркем ѳнертаныўшы журналист ретинде ѳзим 2021-жыл биринши рет Бозатаў районында ѳтерилген «Жаслар ҳаўазы» республикалық фестивалына бағышланған «Мудам жаңлай бергей, жаслар ҳаўазы!», Ѳзбекстан мәмлекетлик консерваториясы Нѳкис филиалы директоры Р.Алланбаев пенен болған «Президентимиз ғамқорлығы – жетискенликлеримиз тийкары», Өзбекстан мәмлекетлик филармониясы Қарақалпақстан Республикасы бѳлими директоры Б.Есемуратов пенен «Кѳркем ѳнер – ел ғәзийнеси», Қарақалпақстан халық артисти Бийбираба Ѳтепбергенова менен «Тѳртинши пасыл» атлы әҳмийетли сәўбетлер, «Тараўда жаңа ояныў дәўири: Жуўапкерлилик ҳәм имкәниятларымыз артпақта», буннан тысқары «Аязий», «Сақаўат бағы», «Ромео ҳәм Жульетта» спектакльлери, «Халық ушын» операсы ҳаққында кѳлемли мақалалар ҳәм жақында Сырдәрья ўәлаятында болып ѳткен III Халықаралық бақсышылық кѳркем ѳнери фестивалы туўралы «Ѳтмиш сазасы, келешек ҳаўазы» атлы публицистикалық мақалалар жәрияланып, оқыўшыларға усынылды.
Буннан басқа да кѳлемли, қунлы илимий, проблемалық, публицистикалық таптырмас мақала, мийнетлер газетада тез-тез жәрияланып турғанын республикамыз жәмийетшилиги, тараў жәмәәти жақсы биледи.
Сондай-ақ, газетамызда 2017-жылы Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрының 90 жыллығына, 2018-жылы «Қарақалпақстан мәденияты» газетасы шѳлкемлестирилгенлигиниң 25 жыллығы, 2021-жылы «Айқулаш» Қарақалпақ мәмлекетлик миллий фольклор ансамблиниң 65 жыллық юбилей сәнелерине бағышланған арнаўлы санлары таярланып, кең жәмийетшиликке усынылды.
Айрықша атап ѳтиў орынлы, 2019-жылы елимизде коронавирус пандемиясы ўақтында да ѳз искерлигин тоқтатпай, редакция хызметкерлери үйлеринде отырып, газетаның электрон вариантларын таярлап, газета оқыўшыларына усынып отырды.

Соңғы алты жыл даўамында редакция хызметкерлери де кѳплеген табысларды қолға киргизбекте. Газетаның жуўаплы хаткери Э.Сайтжанова 2022-жылы Ферғана ўәлаятында ѳткерилген «Чимён-2022» Х медиафорумына табыслы қатнасып, сертификат пенен сыйлықланды. Ѳткен жылы 27-июнь – Баспасѳз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни мүнәсибети менен газетаның дизайнер версткалаўшысы А.Файзуллаева Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси тәрепинен сыйлықланды. Қуўанышлысы, 2022-жылы август айында газета редакциясы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси жанындағы мәмлекетлик емес, коммерциялық емес шѳлкемлерди ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фонды тәрепинен «Мәҳәлледен танылған талант» атамасындағы жойбары менен қатнасып, жеңимпаз болды.
Жоқарыда айтып ѳтилгениндей, «Қарақалпақстан мәденияты» газетасы бүгинги күни де Ѳзбекстан мәмлекетлик кѳркем ѳнер ҳәм мәденият институты Нѳкис филиалы студентлери ушын әмелият орайы болып қалыс хызмет етип киятыр. Быйыл Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги, «Қарақалпақстан мәденияты» газетасы редакциясы, Ѳзбекстан мәмлекетлик кѳркем ѳнер ҳәм мәденият институты Нѳкис филиалы менен биргеликте усы филиалда кѳркем ѳнертаныўшы журналистлерди таярлаўшы «Арт журналист» шеберлик мектебин шѳлкемлестирди. Бүгинги күнде усы шеберлик мектебине басшылық етип, жасларға билим берип келмектемен.
Пүткил халқымызды алдымыздағы 27-июнь – Баспасѳз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни байрамы менен ҳәм «Қарақалпақстан мәденияты» газетасының 30 жыллық юбилейи менен қызғын қутлықлап, оқыў ҳәм жумысларында табыслар, ѳзлерине беккем денсаўлық, елимизге парахатшылық тилеймиз.
Биз ойлаймыз, газетамыз алдында исленген жумыстан кѳре, жазылған, қозғалған машқала-мәселеге қарағанда еле айтылмағаны кѳп. Сонлықтанда пәт-таўды жаздырмай, газетамыздың еле де мазмунлы, қызықлы, тәсирли шығыўы жолында редакция жәмәәти бар дѳретиўшилик, искерлигин жумсап, күш-жигерин аямайды деп исендиремен.
Гүлмира ПАЛЎАНОВА,
«Қарақалпақстан мәденияты» газетасы бас редакторы.