Тахтакѳпир районы аймағында жайласқан социаллық тараў объектлери, көп қабатлы турақ жайлардың мәўсимге таярлығы кеңнен үйренилип шығылып профилактикалық ис-илажлар өткерилмекте.
Ҳәр бир инсан өмири даўамында жақсы өмир сүрейин деп жай салады, мийнет етип мал-дүнья жыйнап, мүлкке ийе болады. Бирақ азғана итибарсызлық ақыбетинде, әне сол жыйнаған мал-мүлкине зыян жетиўи мүмкин. Өрт қәўипсизлиги қағыйдаларына әмел етиў, кеўилсиз жағдайлардың алдын алыў мақсетинде гүз-қыс мәўсимине таярлығы бойынша районлық Айрықша жағдайлар бөлими хызметкерлери тәрепинен кеңнен үйрениў жумыслары алып барылмақта. Үйрениў даўамында көп қабатлы турақ жайлардың жер төле ҳәм де шертек төбе бастырмалары көзден өткерилди. Көзден өткериў даўамында бир қатар кемшиликлер анықланды. Атап айтқанда айрым көп кабатлы үйлердиң жер төлелеринде, ҳәр қыйлы тез жаныўшы материаллардың сақланып атырғанлықлары, айрым хожалықлар тәрепинен газ тармағына резина шлангалар менен жалғанғанлығы яки электр ток сымларынан ашық ҳалда пайдаланып киятырған жағдайлары ушыраспақта.
Бул ис илажларды өткериўден тийкарғы мақсет социаллық тараў обектлериниң үзиликсиз ислеўин тәмийинлеў, ҳәр түрли айрықша жағдайлардың ҳәм де өрт қәўпиниң алдын алыўдан ибарат болып табылады. Соның менен бир қатарда район аймағында жаңадан салынып атырған көп қабатлы турақ жай, жеке меншик турақ жайлар ҳәм де социаллық тараў обектлеринде өрт қәўипсизлиги қағыйдалары ҳәм нормаларына итибар бериўимиз тийис. Ҳәзирги күнде республикамызда ҳәрекетте болған барлық түрдеги норматив ҳүжжетлерге «Өрт қәўипсизлиги қағыйдалары ҳәм нормаларына» (ПУЭ. КМК. ШНК) на тийкарланып имаратларымызды салсақ көп жыллар даўамында өзимизге хызмет етер еди. Район аймағында жасаўшы пуқараларымыздан жоқарыда көрсетип өтилген қурылыс тараўындағы норма- қағыйдаларына әмел қылыўын ҳәм гүз-қыс мәўсимине ҳәр тәреплеме пуқта таярлық көриўин соранып қалған болар едик.
А.ИкРамов,
Тахтакөпир районы, АЖБ баслығы, капитан.
