Инсан ҳәр қандай жағдайда да өзине жақын инсанлар-ата-анасы, туўған-туўысқанлары менен бир қатарда досларының да болыўын қәлейди. Шын досларыңның орны өз алдына. Дослық арқалы алға қойған мақсетлеримизге жетиўде, бир-бирлеримизди түсиниўде исенимге тийкарланған мүнәсибет үлкен орын тутады. Дослар базы да өз меҳри менен өмиримизди гөззал ҳәм абат етиўи мүмкин.
«Бес бармақ бирдей емес» дегениндей өзиниң мәпи жолында сеннен пайдаланыў ушын дос болып жүргенлер де ушырайды. Сонлықтан инсан ушын ҳақыйқый дос ким, душпан кимлигин билиў жүдә әҳмийетли. Дослықтың әҳмийетли шәртлериниң бири опа болып есапланады. Достына опадар адам Ўатанына да, халқына да опадар болады. Керисинше достына қыянет еткен инсанның халыққа, миллетке, Ўатанға да қыянет етпеўине кепиллик жоқ.
Ҳақыйқый дос өз жолдасының табысларына тап өзиникиндей қуўанады, сәтсизликлеринен қапа болып, тәшўишленеди. Ол достының қәте-кемшиликлерин, надурыс басқан қәдемин жүзине айтады. Бундағы мақсети оны ушыраўы мүмкин болған кеўилсизликлерге жолықпаўының алдын алыў.
Турмыста ҳақыйқый садық дос табыў инсан ушын үлкен бахыт. Ҳақыйқый дос сизиң өзиңизге ғана емес, барлық шаңарақ ағзаларыңызға да дослық, мийрим-шәпәәт көзи менен қарайды. Дослық шегара билмейди. Ол сизиң бенен бизиң бир-биримизди түсиниўимиз, кеўлимиз, көз-қарасымыздың жақынлығы, сәйкеслиги негизинде жүзеге келеди. Өз-ара исенимлилик үлкен ислерге тийкар салады.
Мәмлекетлер, миллетлер аралық дослық дәстүрлери дүньяда тынышлықтың турақлы болыўы, мәмлекетлер арасындағы исенимли бирге ислесиўдиң раўажланыўы ушын тийкар жаратады.
Дилфуза Убайдуллаева,
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети, математика факультетиниң 2-курс студенти.
