Итибарсызлыққа жол қоймайық

Нөкис районы айрықша жағдайлар бөлими хызметкерлери район аймағында жайласқан мәкеме, кәрханаларда, оқыў орынларында, мектепке шекемги билимлендириў мәкемелеринде пайда болыўы мүмкин болған айрықша жағдайлардың, өртлердиң алдын алыў бойынша бир қанша жумыслар әмелге асырылыўы жолға қойылды.
Пуқаралар турақ жайларында ҳәм көп қабатлы турақ жайларында өрт қәўипиниң алдын алыў ҳәм ийис газинен зәҳәрлениўдиң алдын алыў мақсетинде өртке қарсы жағдай көзден өткерилип анықланған айырым кемшиликлер өз орнында сапластырыў илажлары көрилди, бир қанша түсиндириў ҳәм үгит-нәсият жумысларын алып барыўына қарамастан айырым пуқараларымыздың өртке итибарсызлық пенен қараўы нәтийжесинде көплеген өртлер ҳәм материаллық зыянлар келтирип шығарып атырганынын гүўасы болып атырмыз
Сапластырылмаған кемшиликлер бойынша, кемшиликлерге жол қойған пуқаралар аўыл пуқаралар жыйыны, мәкан пуқаралар жыйынларда аўыл турғынлары менен додаланып, келешекте бундай қәте-кемшиликлерге жол қоймаў бойынша кең түрде түсиндириў жумыслары алып барылды.
Б.Қалмуратов,
Нөкис районы АЖБ қәнийгеси, әскер.