ҚОҢСЫ ҚЫЗ

Қандайда бир ҳүжжетти излеп, гөне сандықтыӊ ишин тинте баслаған ғаррыныӊ нәзери почта мөри басылған конвертке түсти. Қараса, оныӊ сыртындағы жазыӯлар өзиниӊ қол таӊбасына усап кетти. Дәрҳал конверттиӊ ишин ашты. Ол өзиниӊ әскерликте жазған хаты екен. Мектепте бирге оқыған қызға жоллаған бул хат қалайынша буныӊ үйине келип қалған? Ол жағы биймәлим. Бәлким, қоӊсысы әкелип берген шығар?!
«Алыс үлкеден, жақын жүректен Сизлерге дуўайы-дуўайы сәлемимди жоллайман. Бул хатты алғаныӊызда мен рота асханасында картошка қыршып атырған болыӯым мүмкин. Мен билемен, қаншама желөкпе болып, жүрегимди қолыма алып, ҳәр қызға бир жуӯырып жүрсем де, сен маған бийпарық қарай алмайсаӊ. Мен сени сонда кишкентай қыз деп есапладым, себеби сен онда сегизинши класста оқыйтуғын едиӊ. Үйде жасы үлкен атам ҳәм кемпир апам болғанлықтан қоӊсышылық ҳүрмет пенен үйиӊизде писирилген аӯқаттан анаӊ сен арқалы бизиӊ үйге берип жиберер, сен оны қолыӊ қалтырап мениӊ қолыма услатар едиӊ. Мени көриӯден қысынып, негедур қызарып, бозарып қалар едиӊ сен… Балалар менен қызлар қосылып қашарман ойнар едик, сонда мен сени аяӯды билмей, ойын қызығына түсип, топ пенен сени қаттырақ урып жиберетуғын едим. Ҳәзир ойласам өзимниӊ ақмақшылығыма, ойсызлығыма ҳайран қаламан, енди ҳәзир сол қылықларымныӊ жәбирин тартып атырған сыяқлыман.
Кишкенелигимнен гитараға өш болдым. Оныншы класс ўақтымда «Биттлз»ға еликлеп дыӊғырлатып гитара шерте басладым, устазларымныӊ айтқанын қылмай шашымды да өсирип, расклëш шалбардыӊ балағы менен аӯылдыӊ борпаӊ топырағын сыпырып оқыӯға қатнар едим. Сол жылы аӯылымызға Қазақстаннан бир шаӊарақ көшип келип, үлкен қызы мениӊ, кишкене қызы сениӊ класыӊа оқыӯға барды.
Өзгеше кийинетуғын классымызға келген сол қыз маған жүдә шырайлы көринди. Сол жыллары шыққан ҳинд кинофильминдеги Боббидиӊ дәл өзи еди ол. Узынлығы еки қарыс келте юбкасынан көринетуғын дүп-дүзиӯ уп-узын аяқлары тек мениӊ емес, мектептеги мурнына самал енип киятырған «шөже қоразлардыӊ» туӊғыш сезимлерин оятты. Бизлер сол қызға ғайбана ашық болып, өз-ара таласып, аӯылдыӊ сыртындағы үлкен алаӊлыққа барып, қыран-топалаӊ төбелесип те жүрдик.
Қыздыӊ аты Гүлмайра еди. Бизлер оны «Бобби» деп атап кеттик. Бағана айтқанымдай, ол үстине етеги еки қарыс шым қара юбка менен жеӊи гүлтеленген аппақ кофта, аяғына бийик өкшели қара туфли кийер еди. Ҳәттеки қыстыӊ күнлери де, Гүлмайра сын-сымбатын бузбай, әтирин аӊқытып, аяқларыныӊ узын екенлигин хешкимнен жасырмады. Мектеп басшылары буны билгени менен қыздыӊ әкесиниӊ совхоздағы абыройлы хызметкер болғанлығы ушын ҳеш нәрсе дей алмады. Сонлықтан «Бобби» аӯылға тән болмаған кийимлери ҳәм қылықлары менен аӯыл жасларын лал қалдырды…
Ол қыз ушын бизлер көп тартыстық, ақыры «Бобби»диӊ нәзери маған түсти. Өйткени мениӊ басқалардан өзгешелигим-астымда шылт жаӊа мотоциклим бар, ағам еки сыйырды сатып, жалғыз ул перзенти мени еркелетип, сол «Ява»ны маған алып берген еди. Мектепте сабақ тамамланыӯдан мен мотоциклге «Боббиди»миндирип, аӯыл жолында желдей ушаман, ол қыз болса, кинолардағыларға еликлейме, белимнен тас қылып қушақлағанда, тула бойым балқып, дүньяныӊ о шетине мотоциклди айдап кетебериӯге қайыл едим. Бул қылӯалар көзге түспей тура ма, бизлердиӊ жөнсиз ҳәрекетимиз мектептиӊ ҳаял-қызлар кеӊесинде қаралып, Гүлмайра қайтып мотоциклге минбейтуғын болып қалды.
Соған ашыӯым келип, «Ява»ны көзсиз айдап, аварияға ушырадым. Арбаға салып, емлеӯханаға алып киятырғанын емески билемен. Басымда каска болғанлықтан геллеме зақым келмепти, бирақ пүткил денем тырналып жарақат алған екен, шеп қолымныӊ аӯырыӯы шыдатар емес, сынған ба, шыққан ба билмедим, оны докторлар гипслеп таслады. Емлеӯханада бираз жаттым. Бул гезлерде мектепте питкериў имтиханлары басланып кетти. Сонда да кеӯлимди сорап емлеӯханаға бир келип кетер деп оны күттим. Лекин мен унатқан қыз кейнимнен келмек түӯе, жағдайымды сорап шаппаттай хат та жазып жибермеди. Ол мениӊ соған деген ашыӯым ақыбетинде усындай азапқа түсип атырғанымды умытып та кеткен болыӯы итимал. Ол пединституттыӊ дене тәрбия факультетин питкерип келген мениӊ класслас достымныӊ әжағасы менен табысып, мектепти жаӊа питкергенине қарамастан оныӊ менен ашық-машық болып, қалаға қашып кетипти. Солайынша мен ержеткенлик аттестатын ала алмай қалдым, досларым жоқары оқыӯ орынларына кирмекши болып үлкен қалаларға кетти.
Сен тоғызыншы класста едиӊ. Мен емлеӯханадан шығып үйге келдим. Бирақ сен бизиӊ шаӊараққа бурынғыдай аӯқат алып келмейтуғын әдетти шығардыӊ. Мен енди айнаға термилип сени күтер едим. Қарап турман, әне сен суӯға шықтыӊ, ийнағаштан белиӊ майысып, еки шелек суӯды қалтыраклап алып киятырғаныӊды көрип есикти ашып саған қарай жуӯырғым келди. Сен ҳәкисине мен тәрепке қарамадыӊ.
Кейин мени армияға шақыртты. Әскерий комиссариаттағы комиссия мениӊ мотоциклден авария болғаныма қарамастан, «бәлеӊ жоқ, стройбатқа жарайсаӊ» деп әскерликке алып кетти. Пальто орнына үстиме шинель кийип үш жыл армияда жүрдим. Сен сонда оныншы классты питкерип едиӊ.
Саған бул сөзлерди жазыӯға себеп бүгин аӯыллас жорамнан хат алдым. Онда баяғы парткомныӊ баласыныӊ Гүлмайра менен ажырасқанын, енди «сени алып қашаман» деп жолыӊда жүргенлерин айтыпты. Сен болсаӊ жаӯшы болып барғанларға «күткеним бар» депсеӊ. Күткениӊниӊ мен екенин анық билемен… себеби сениӊ қалтыраған қолларыӊ, борлаттай қызарған жүзлериӊнен маған деген сүйиспеншилик сезимлериӊди әлле қашшан оқып алған едим, сени жас көрип, көзге илмегениме еле өкинемен.
Мени күт дилбарым, Қуда қәлесе, үш айдан ӯатан алдындағы ӯазыйпамды атқарып саған самалдай ушып бараман.
Сәлем менен сени сүйиӯши киши сержант …
Ол енди хат пенен тиллесе баслады: «Бүгин өзим жиберген хатты оқып отырып,алыс өтмишке көз жиберемен. Өмир биймәни өткен сыяқлы, босап қалғандай өзимди жалғыз сеземен. Мине алпыстыӊ жетеӯинде турман. Армиядан келсем сен турмысқа шығып кеткен екенсеӊ. Анамныӊ айтыӯы менен дайы журттан жупты таӯып, оныӊ менен қослас болдым. Үбирли-шүбирли болдық, жуғырласқан ақлықларым да дөгерегимде. Турмыс жолдасымды ковид кесели биймезгил алып кеткени жаныма қатты батады. Билсем, өмир ҳаял менен жарасықлы. Сүйиклиӊе қосылып оныӊ менен қоса қартайыӯ үлкен бахыт екен.
Гәптиӊ ҳадалы, хатты оқып болыӯдан негедур өтмишке қайтқым, мен сени излегим келди, қоӊсы қыз. Таӯып алып жүӯенсиз жигитшилигим ушын кеширим сорамақшы едим. Тиримисеӊ, бармысаӊ? Енди бәри бийпайда екенин билемен. Сонда да… тәӯбеге келиӯ инсаныйлықтан шығар?!»