Мәмлекетимизде әзелден көплеп миллет ўәкиллери татыўлықта жасап келмекте. Халқымыз кеңпейиллик миймандослық, кеширимлилик, үрп-әдет ҳәм қәдириятларды қәдирлеў сыяқлы улыўма инсаныйлық пазыйлетлери менен үлги болып келген. Ҳәзирги күнде түрли миллет ўәкиллериниң миллий дәстүрлери ҳәм қәдириятларын сақлаў, оларды және де раўажландырыў ҳәм байытыў мәселеси мәмлекетимиздиң итибарында болып келмекте. Усы мақсетте Назархан аўыл пуқаралар жыйынында «Миллий қәдириятларымыз-бийбаҳа байлығымыз» атамасында тарийхымыздың миллий мий
расы болған Шылпық қорғанында руўҳый ағартыўшылық ҳәм мәдений илажлар шөлкемлестирилмекте. Нәўбеттеги илаж «Назархан аўылы» ҳәм «Бес там» мәҳәллесинде өткерилди. Көше бийи ҳаяллары менен ҳәм де Назархан АПЖ ҳаял-қызлар белсендиси Гүлжаҳан Ибраймова менен биргеликте шөлкемлестирилди. Бүгинги күнде бул мәҳәлледе ҳәр қыйлы миллет ўәкиллери атап айтсақ өзбек, қазақ, түркмен, қарақалпақлар аўызбиршиликте, татыўлықта жасап келмекте. Буны ҳәмийше олар мақтаныш етип, әўладтан-әўладқа мийрас етип келмекте. Назархан АПЖ турғынларының улыўма халық саны 5000ға шамалас. Шылпық қорғанында болғанымызда бизге Әмиўдәрья районының Шаңарақ ҳәм қызлар бөлими баслығы Гөззал Сабурова ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Ҳаялларды реабилитация етиў ҳәм масластырыў районлық орайы директоры Гаўҳар Шымбайшиева, «Шайкөл» аўылы ҳаял-қызлар белсендиси Сайлихан Муратбаева соның менен бир қатарда туристлер де қаламызда мийманда болды. Ол жерде көше бийи ҳаяллары ата-бабаларымыздан бизге усы күнге шекем мийрас болып киятырған той мәресимлеринен тусаў кесиў, сүннет той, қыз узатыў сыяқлы тойдан көринислерди көрсетип өтти. Көше бийи ҳаяллары – үлкен мектеп, үлкен тәрбия көзи. Олар тек ақлық-шаўлықларының ғана емес жәмийеттиң де пүтинлигин ойлайтуғын көптиң сыйлы анасы. Мине усындай уллы қәсийетлерди өзинде жәмлегени ушын ҳүкиметимиз оларға үлкен исеним менен ўазыйпалар белгилеп берип атыр. Илаж даўамында белсенди қатнасыўшы ҳаял-қызлар қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.
Тазахан Қдырниязова,
Әмиўдәрья районы 3-санлы улыўма билим бериў мектеби китапханашысы.
