Поэзия

Гулистан Дәўлетова,
Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген мәденият хызметкери, «Дослық ордени» ийеси.

БАСЫМДАҒЫ АЛТЫН ТАЖЫМСАҢ ЎАТАН!

Писентимде барым ,ар ҳәм намысым,
Бир саған жетпейди тапқан табысым,
Ҳеш кимге бермеймен бир тал қамысың,
Басымдағы алтын тажымсаң, Ўатан!

Дәртим емес қара қулқын тамағым,
«Үш ай қаўын, үш ай саўын, шабағым»,
Үйрендим өзиңнен меҳир сабағын,
Атамсаң, анамсаң, баламсаң,Ўатан!

Кимлер айырғысы келер толымнан,?!
Суў азайып,от есер оң- солымнан,
Сени қыйып кетиў келмес қолымнан,
Сен ҳәм мен бир пүтин сийнемиз Ўатан!

Көктеги қус ҳәўес пенен қарасар,
Мәкан басып ин қурыўға таласар,
Кең көксиңе дана халық жарасар,
Өзиңсиз мен ҳеш ким емеспен, Ўатан!.

«Суўым жоқ» көшер деп ҳасла өксинбе,
Бир тири жан қалар болса көксиңде,
Мен қаламан сенлик «ышқы көшкимде»
Тамырымда аққан қанымсаң, Ўатан!

Шоршытпайды мени дузлы кебири,
Қайтар бир күн тәбияттың жәбири,
Көксиңде анамның, улдың қәбири,
Жүрегимде жанған жалынсаң, Ўатан!

Ҳақ жаратқан састырмағай дегбирден,
Бабаларым ҳарып, талған сегбирден,
Жел өкпелер кете берсин жең түрген,
Ал бизде киндик бир әзизим, Ўатан!

Киндик бир, арым бир, жаным
бир Ўатан!!!

ТЫНЫШЛЫҚ, ТАТЫЎЛЫҚ, ДОСЛЫҚ БАР ЖЕРДЕ

Қуўаныш, бахыттың бағы гүллейди,
Биймәўрит нәкастың ийти үрмейди,
Бәдҳасыллар «тили» менен жүрмейди,
Тынышлық, татыўлық,дослық
бар жерде.

Қызларды узатып тойлар беремиз
Зәўлим-зәўлим имаратлар өремиз,
Маңлай тердиң мийўелерин теремиз,
Тынышлық татыўлық, дослық
бар жерде.

Қарақалпақ, өзбек, қазақ туўысқан,
Бир дәрьядан суў ишип,
қол жуўысқан,
Тәжик, қырғыз белди бирге буўысқан,
Бул әлем гулистан дослық бар жерде.

Атызларда бийдай, салы ырғалар,
Төрт түликти көргиң келсе
қырға бар,
Азаматлық ар-намысың қорғалар,
Тынышлық, татыўлық, дослық
бар жерде.

Қус шалқыса, толып тасар көллерим,
Еңселерин бийик тутар еллерим,
Лалазарға айланады шөллерим,
Түркменим, орысым, татар
бар жерде.
Илимпазлар көзин ашар «булақтың»
Қурышын қандырар бақсы қулақтың,
Мәртлигин умытпас ҳеш ким Шырақтың,
Тынышлық, татыўлық, дослық бар жерде.

Ўақыт емши дейди ғам-қайғың тозар,
Өзиң шабанлассаң, тайларың озар,
Тарықсаң сақый ел қолларын созар,
Тынышлық, татыўлық, дослық бар жерде.

Кеўли ҳақты Ҳақ яратқан қоллайды,
Ийниндеги қос периште қорғайды,
Жумалатар қой үстинен торғайды,
Тынышлық, татыўлық, дослық бар жерде.

Бахыт дәрьясында жүзип қалықтым,
Көргенимде шапшығанын балықтың,
Иске асар әрманлары халықтың,
Тынышлық, татыўлық , дослық бар жерде.

Исенемен суўға Арал толады,
Елдиң шамшырағы парлап жанады,
Қумай қусы Қарақалпаққа қонады,
Тынышлық, татыўлық, дослық бар жерде.

АНАМ, ОРЫНЛАДЫМ АМАНАТЫҢДЫ

Нәрўан болды Шахаманның таллары,
Жигит болды Сәрсенжанның баллары,
Мың шүкир-аў жаман емес ҳаллары,
Ат туяғын тайлар басты анажан.
Автордан
Қулағымда айтқан сөзиң татымлы,
Шығарма дегенсең жаман атыңды,
Қолдан келгенинше маған тапсырған,
Анам, орынладым аманатыңды.

Көз алдымда ана соңғы демлериң,
«Балларым аманат» деген гезлериң,
Алланың исине менде не шара,
Қолға тиймей қалды еткен еңбегим.

Укелерим орнын тапты өмирден,
Қыйын жыллар жан дүньямды кемирген,
Нашар басым гә палақпан, гә сақпан,
Муштай басым қатты екен темирден.

Тәй-тәй басып келе болдық бәримиз,
Гә көркейдик, гә жулынды пәримиз,
Улларыңа шалғай жаўып жүриппен,
Сол баяғы әжапалық кәримиз.

Шегинбедим өмир деген гүрестен,
Базда пайда өжетлигим тирескен,
Сен айтқандай жибермедим ҳақымды,
Өз пайымды алып жүрдим, үлестен.

Ақлық-шаўлықлардың жағдайы жақсы,
Биреўи илимпаз, биреўи бақсы,
Бири сизге уқсар, бири әкеме,
Бир-биринен сулыў өмирдиң нақшы.

Үлкен улың пенсияға шығыпты,
Қойды еркелигин бираз шынықты,
Жыртық-жыртық турмыс деген кемени,
Жамап жүриў кереклигин уғыпты.

Қара шаңарақтың олдур ийеси,
Қорасында қатар саўын бийеси,
Ўатанымның отын түтетип отыр,
Келгенде айтайын сөздиң жүйеси..

Аўыл бетке алып ушып бараман,
Барғанымда бойыма қан тараған,
Орныңыздан таппасам да сизлерди,
Күш қуўатты төркин журттан аламан.

Қолыма услатқан генжетайыңды,
Ҳәммесинен таяқ жеўге қайымды,
Тистырнақлап жүрип үй-жайлы қылдым,
Ўайымлап жүрмегил, сарытайыңды.

Еки улың кетип қалды жаныңа,
Муңлы нама ол да кеўил тарыма,
Орнын билген келинлериң дым жақсы,
Қапа болсам жалғаў шыбын жаныма.

Мени шыңландырды аманатыңыз,
Мың шукир шықпады жаман атымыз,
«Тулпарым» деп еркелетер едиңиз,
Сизди умытпайды қаназатыңыз.

О дүньяға меннен сәлем хат болсын,
Тыныш уйықла, жаман ойлар
жат болсын,
Бар өмирин перзент ушын арнаған,
Ҳәр бир ана сендей ҳасыл
зат болсын.