Бир қайнаўы кемис гәплер

Ийт ийесине қарай ыржыйды.
(Жас қәлемкештиң гүрриңинен)
Мәрзия апа бир қызын «Қарақурсақ»қа, екиншисин «Бирқулаққа» узатты.
(Екеў ара сөйлесиўден)
Қәлимбет қассаптың қолы узын болғаны менен тили қысқа.
(Базардағы гәп)
Жәбирленген пуқараның дөңгелеги шығыўы нәтийжесинде ол өзин терекке барып урған.
(МАИ хызметкериниң есабатынан)
Градусы күшли қосықтан айтың, еситип ҳәмме мәс болсын.
(Тойдағы гәп)
Айпараның таўығын машина асфальтқа үтиклеп кетипти.
(Қоңсылардың әңгимесинен)
Баўыр күйип кетти, баўыр.
(Кәбаппаздың сөзи)
Отеллоның қулағы тесилген усылда тесемиз.
(Рекламадан)
Бүгин бар-жоғы он гелле саттым.
(Қассаплардың әңгимесинен)
Астапыралла, мына қатынның аўзы етегинен үлкен ғой.
(Базардағы гәп)
Сая табылмаған жерде сыйырдың астына кир.
(Падашының мәсләҳәти)
Сондай талантлар болады, олар сыйықсыз болып туўылады, бирақ шырайлы болып тарийхта қалады.
(Сыншының мақаласынан)
Стаканға емес, шийшеге қара.
(Арақхордың жолдасына айтқаны)
Аўзым машинасы урланған гараждың дәрўазасындай аңқайып қалды.
(Қоңсының гәпи)
Сахнаға шықтым ба, тамашагөйге бир нәрсе көрсетиўим керек.
(Қосықшының сөзинен)
Ер керек болса интернетке хабарландырыў бер, жигирмасы жуўырып келеди.
(Қурдаслардың сәўбетлесиўинен)
Бир қоңсым бар компьютерди қамырдай ийлеп, бөректей бүгеди.
(Қоңсының мақтаныўы)
Қыз бизден, оқыў пулы сизден(Жаўшыларға қойылған шәрт)
Жапақ Шамуратов,
Қоңырат районы.