ДОСЛЫҚ – ТАЎСЫЛМАЙТУҒЫН ҚОСЫҒЫМЫЗ

Қарақалпақ халқы үлкенге ҳүрмет, кишиге иззет көрсетиўши, қоңсы-қоба, дослық қатнасықларын муқаддес тутыўшы, миймандос, кеңпейил халық. Бул пазыйлетлер атадан балаға мийрас өтип, бүгинги күндеги инсанлардың да ис-ҳәрекетлеринде, ой-пикирлеринде өз сәўлелениўин таўып киятыр. Шайыр Ибрайым Юсупов:
Ҳәр кисиниң болар Ўатан – анасы,
Өз ўатанын сүйер адам баласы,
“Ўатан қайда?” “Ўатан саған билип қой,
Мойнақ пенен Муз теңиздиң арасы,
Сол аралық бәри сениң Ўатаның”. деп жазғанындай саҳрайы халқымыздың азаматлық кең пейилинде миллетине, үрп-әдет, дәстүрине қарамастан инсанларға меҳир-муҳаббат көрсетиў, ҳеш кимди жатсырамай, төринен орын бериў қанына сиңген пазыйлет есапланады. Сонлықтан да халқымыз ески дәўирлерден баслап өз дөгерегиндеги басқа миллет ўәкиллерине дослық, бирадарлық, бирге ислесиў, меҳир-ақыбет сезимлерин сақлап қалыўы миллий өзликти аңлаўдың және бир өзгешелиги есапланады.
Өзбекстан көп миллетли мәмлекет болып, түрли турмыс тәризине ийе 130 дан зыят миллет ўәкиллери жасайды. Мәмлекеттеги пуқаралардың татыўлығы, бирлиги – оның раўажланыўының гиреўи. Мәмлекетте жасап атырған түрли миллет ўәкиллерине, олардың қәдириятларына, үрп-әдетлерине, дәстүрине, мийрасларына, тарийхына ҳүрмет етиў, олар менен дослық ҳәм инсаный қатнасықларды орнатыў миллетлераралық татыўлықты тәмийинлеўши фактор болыўы менен бирге шахстың жоқары инсаныйлық пазыйлети болып есапланады. Миллетлераралық татыўлық улыўма инсаный қәдирият болып, түрли халықлар жасайтуғын мәмлекетлерде цивилизациялық қатнас тийкарында миллий процессти белгилейди. Бул сол елдеги тынышлық ҳәм татыўлықтың кепили болып есапланады. Сонлықтан да Өзбекстанда ғәрезсизликтиң дәслепки күнлеринен-ақ, шешилиўи тийис мәселе сыпатында миллетлераралық татыўлық мәселесин мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерди.
Миллетине, дүньяға көз қарасына қарамастан ҳәр бир миллет пуқарасы өз талапларын қанаатландырыў ушын имканиятларға ийе болыўы керек. Өзбекстан өз ғәрезсизлигине ерискеннен кейин жәмийетимиздиң барлық тараўлары сыяқлы руўхый идеологиялық өмиримизде де үлкен өзгерислер жүз берди. Өзбек ҳәм қарақалпақ миллетлери әзелден Ўатанымыз, қанымыз, жанымыз, тәғдиримиз бир болған, халықларымыздың дослығы тиллерде дәстан. Қарақалпақ фольклорының гүлтажы “Қырқ қыз” дәстанындағы қарақалпақ батыр қызы Гүлайым ҳәм хорезмли жигит Арыслан образында шеберлик пенен сүўретленген.
Қарақалпақ халқының өзлигин аңлаўы өзбек миллетиниң өзлигин аңлаўы менен үзликсиз байланыслы, бир булақтан нәр алады. Бул өзликти аңлаў өзбек ҳәм қарақалпақ халқының уламаларының бирлиги, тарийхының, өтмишиниң бирлиги ҳәм дослық-туўысқанлық қатнасықларының тийкарына барып, арада аўызбиршилик ҳәм татыўлықты раўажландырды. Қарақалпақстанда Наўайы, Беруний, Хожа Ахмет Яссаўий, Нажмиддин Қубра сыяқлы уллы уламалардың, Бердақ, Әжинияз сыяқлы даналарды өзлигимиздиң гүлтажы деп баҳаласа, Өзбекстанда да олар руўхый гүллениўимиздиң дереклери есапланады. 1998-жылы декабрь айында қарақалпақ халқының уллы шайыры Бердақтың 170 жыллығын пүткил Өзбекстан бойлап белгилеўи буның айқын тымсалы есапланады.
Өзбек халқы менен қарақалпақ халқының әзелий дослығы оның тарийхыйлығы, тиллерде дәстан болған тәрийпи, ғәрезсизлик дәўирде оннан бетер беккемленди, оның халық тәрепинен қабыл етилиўи ҳәм яд етип жүриўи олардың руўхый дүньясының бирге раўажланыўына мүмкиншилик берди.
Себеби, Өзбекстанда жасап турған халықлардың ҳәммеси оны өз ўатаным, өз елим деп есаплайды. Өйткени, олардың халқы, журты, мәпи, руўхы, өтмиши, келешеги ҳәм пикир дүньясы бир. Олардың ҳәммеси бир мәпти – елди абаданластырыў менен бирге өзиниң мәпин иске асырады, бул ўазыйпаны еркинлик ҳәм ғәрезсизликтиң тийкарында ең әдил жәмийет – ҳуқықый демократиялық мәмлекет дүзиў ўазыйпасын орынлайды. Олар: “Аталастың аты озғанша, аўылластың тайы озсын” деген принципте жасап, Өзбекстанның, соның қатарында Қарақалпақстанның әдебиятының өсиўине, гүллениўине өзимиздиң үлесимизди қосыў ушын талпынамыз. Биз усы Өзбекстанда камал таптық, жетилистик, усы топырақта мийнет етпектемиз. Сонлықтан бизди ўатан муҳаббаты, миллетлераралық дослық туйғысы бизлерди табысларға, пидәкерликке бириктиреди.

Гүлпаршын Баўетдинова,
Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультети, Баспа иси бағдарының 4-курс студенти.