Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм ҳүкимети тәрепинен исбилерменликти раўажландырыў, олардың ҳуқық ҳәм мәплерин қорғаўды күшейтиў тараўында қабыл етилген пәрман ҳәм қарарларының орынланыўын тәмийнлеў бойынша Мәмлекетлик статистика комитетиниң комплекс ис-илажлары режесине муўапық жумыслар әмелге асырылмақта.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Исбилерменлик субъектлери тәрепинен тапсырылатуғын есабат системасын жетилистириў ҳәм оны нызамсыз талап қылғанлығы ушын жуўапкершиликти күшейтириў ҳаққындағы” қарарына муўапық исбилерменлик субъектлеринен мәмлекетлик статистика органлары белгиленген финанслық ҳәм статистикалық есабатларға қосымша түрде ҳәр қандай мағлыўматлар, мағлыўматнама ҳәм басқа да ҳүжжетлерди талап қылыўына жол қойылмайды.
Және де “Өзбекстан Республикасында инвестиция ықлымы ҳәм исбилерменлик шараятын және де жетилистириўге қаратылған қосымша ис илажлар ҳаққындагы” Пәрманына муўапық киши исбилерменлик субъектлери статистика есабатларын жылына бир мәрте тапсырыўлары белгиленген.
“Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы” кодексине исбилерменлик субъектлери ҳәм олардың қәнигелериниң жуўапкершилигин жеңиллестиретуғын бир қанша өзгерислер киргизилди. Финанс хожалық ҳәрекетлерин әмелге асырыўда биринши мәрте ҳуқықбузарлыққа жол қойған исбилерменлик субъектлери ҳәм де олардың жуўапкер қәнийгелери жол қойылған нызам бузыўшылық жағдайын нызам ҳүжжетлеринде белгиленген мүддетлерде сапластырса, ҳәкимшилик ҳәм жынайы жуўапкершиликтен, жәриймалар ҳәм финанслық санкциялар қолланылыўынан азат етиледи.
Атап айтқанда өзгерис киргизилгенге шекем статистика тараўында исбилерменлик субъекттиң лаўазымлы ўәкили тәрепинен усы кодекстиң 215 статьясы биринши бәнтинде көрсетилген ҳуқықбузарлық, яғный мәмлекетлик статистика есабатын тапсырыў тәртиби биринши мәрте бузылғанда, оған қарсы ең кем ис ҳақының жети есесинен он есесине шекемги муғдарда жәрийма санкциясы қолланылыўы белгиленген еди. Нызамға киргизилген өзгериске муўапық ҳуқық бузарлыққа биринши мәрте жол қойған исбилерменлик субъекттиң лаўазымлы ўәкили ҳуқық бузарлық анықланған күннен баслап отыз күн мүддетте жол қойылған нызам бузыўшылық жағдайын сапластырса, яғный мәмлекетлик статистика есабатын усы мүддетте тапсырса яки есабатта жиберилген кемшиликти дүзетсе, оған қарсы ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққында ис жүритилмейди.
Киши бизнес субъектлери ҳәм де жеке исбилерменлеримизге жаратылып атырған қолайлықлардан өнимли пайдаланып, республикамызда реформаларды тереңлестириў, экономиканы либералластырыў, мәмлекетимиз экспорт имканиятларын асырыў, бәсекеликти раўажландырыў, ҳалқымыз бәнтлигин ҳәм базарларымыз молшылығын тәмийнлеў жолында алып барылып атырған ислерде өзлериниң мүнәсип үлеслерин қосады деп исенемиз.
Зарафшан Салиева,
Нөкис қаласы статистика бөлиминиң жетекши қәнигеси.
