Жаңа Конституция: Пуқаралардың миннетлери

Өзбекстан Республикасының жаңа редакциядағы Конституциясы 2023-жыл 30-апрель күни өткерилген Өзбекстан Республикасы референдумында улыўмахалықлық даўыс бериў арқалы қабыл етилди. Жаңа редакциядағы Конституцияда пуқаралардың миннетлери белгилеп берилген.
Конституция ҳәм нызамларға әмел етиўге, басқа инсанлардың ҳуқықларын, еркинликлерин, ар-намысын ҳәм қәдир-қымбатын ҳүрмет етиўге, Өзбекстан халқының тарийхый, руўхый, мәдений, илимий ҳәм тәбийғый мийрасын қәстерлеп сақлаўы, тарийхый, руўхый, мәдений, илимий ҳәм тәбийғый мийраслар мәмлекет тәрепинен қорғалады. Сондай-ақ қоршап турған тәбийғый орталыққа ықтыятлы түрде қатнас жасаўға, нызам менен белгиленген салықларды ҳәм жыйымларды төлеўи шәрт.
Салық ҳәм жыйымлар әдил болыўы ҳәм де пуқаралардың өзиниң конституциялық ҳуқықларын әмелге асырыўына тосқынлық етпеўи тийис.

Руслан Аннаразов,
Қоңырат районы әдиллик бөлими юридикалық хызмет көрсетиў орайы бас юрисконсулты.