Бүгинги күнде жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясат, оларға қаратылып атырған итибар жасларымыздың оқып билим алыўы, дүньяның алдыңғы еллериндеги заманласлары менен бир қатарда қәдем таслаўы ушын кең мүмкиншиликлер жаратып, елимиздиң келешеги қандай болыўын әмелде көрсетпекте.
Бул бағдарда Прокуратура уйымларына да бир қатар ўазыйпалар ж
үкленген. Усы тийкарда Қарақалпақстан Республикасы прокуроры Е.Таджиев Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде болып, ол жердеги жаңа оқыў жылына таярлық процесслерин көзден өткерди.
Онда университет ректоры А.Реймов жаңа оқыў жылында әмелге асырылатуғын режелер бойынша мағлыўмат берип өтти. Буннан соң, университеттиң жаңа оқыў жылына таярлығы, китапхана жумысы, китап фонды, студентлер жатақханасында жаратылған шараятлар, оқыў орны әтирапындағы абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумыслары менен жақыннан танысты. Сондай-ақ, жаңа оқыў жылында китап фондын байытыў, оқыў орнының гүзги-қысқы мәўсимге таярлығы бойынша бирге ислесиў бағдарындағы жумыслар белгилеп алынды.
