БИБЛИОТЕРАПИЯ

Мий ушын ең жақсы шынығыў – китапты қунт пенен оқыў. Китап оқыў мий ушын ең жақсы шынығыў, инсанның ақыл искерлигин күшейтеди. ХХ әсир алымлары Орта Азияның жулдызының бири деп Бердақ шайырды атап, дүнья классиклери болған Гомер, Данте, Рудакий, Фердаўсий, Низамий, Руставили, Саадий, Жәмий, Шекспир, Бальзак, Пушкин, Толстой, Мақтумқулы ҳәм Абайлар қатарынан орын береди. Немец экспертлери китап оқыўды «жаслық элексири» деп атайды. Дүньяның ең раўажланған мәмлекетлеринде китапханалар қурылмақта ҳәм олар адамлар менен толы. Китапханалар бийпул мағлыўмат, ресурсларды усыныс етеди. Бугин жаслар шексиз мағлыўмат ағымы арасында өспекте. Китапхана – инсанларға билим, илим дәрежесин кеңейтирип ҳәм жәмийетте мүнәсип орын табыўға жәрдем береди.

Мениң 35 жыллық ис-тәжирийбемнен келип шығып айтаман, раўажланған мәмлекетлерде китапхана иши китапқумарлар менен толы болыўын қәлеймен. Устазым Зиба апа Тлегенова китапханаға келген китап оқыўшы китап алмаяқ қойсын, бирақ сен китапхананың ишине турли мазмундағы китап ҳаққында даналық сөзлерди жазып қыстырып қой, келген пайдаланыўшы еки қатар сөзди оқып китапқа деген меҳри артып барады деген еди. Илимпазлар ықтыярыйларды еки топарға бөлди. Биринши топардағылар түскинликти жеңиў ушын антидепрессанттан яғный кеўил кейпиятты көтериў усылларынан пайдаланды. Екинши топарға болса китап оқыў жолы менен емлениў усыныс етилди. Өткерилген тексериўлер жуўмағында болса, биринши топардан тек 25 пайыз адамның депрессиядан қутылғанлығы анықланды. Ал, екинши топарда болса, бул көрсеткиш 40 пайызды қураған. Жоқарыдағыдай изертлеўдиң нәтийжелери илимпазларды төмендегидей жуўмақ шығарыўға алып келди. Китап оқыў есте сақлаўды жақсылайды. Мийди раўажландырады. Ақыл қәбилетлигин өсиреди. Китапханалар тарийхты, дәстанларды әсирден-әсирге абайлап түрли мазмундағы мағлыўматларды сақлап келген. Солай етип китапханамызда «Жас китапқумарлар» клубы шөлкемлестирилип, клуб ағзалары бос ўақытларында көркем әдебий китаплар оқып, пикирлерин теңлеслери менен ортақласып келмекте.

Т. Бөлекбаева,
Нөкис районы, Мәлимлеме-китапхана орайы қәнигеси.