ҮЛКЕН ИСЕНИМ ЖҮКЛЕЙДИ

Жақында «Сыпатлы билимлендириў – күшли жәмийет» атамасында екинши устазлар миллий форумы болды. Форум Қарақалпақстан Республикасы мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министрлиги, Республикалық Билимлендириў орайы ҳәм Республикалық Балалар китапханасы менен биргеликте өткерилди.
Форумның баслы мақсети – қатнасыўшыларға жедел раўажланып атырған билимлендириў системасы бойынша кең түсиник алып, өз-ара тәжирийбе алмасыўдан ибарат болды.
Форумның салтанатлы ашылыў мәресиминде жақынласып киятырған Ғәрезсизлигимиздиң 32 жыллығы байрамы менен қутлықлап, жаңа оқыў жылының табыслы басланыўына тилеклеслик билдирилди.
Соң устазлар өз жөнелиси бойынша семинарларға қатнасты. Семинарда сабақлықлар менен тәмийинлеў ҳәм китапханалар жумысларын раўажландырыў сектор методисти Т.Жуманиязов сөзге шықты. Ол улыўма орта билим бериў мектеплери китапханашылары жумыслары ҳаққында өз пикирлерин айтты. Соң сабақлықлар ҳәм оқыў-методикалық қолланбаларды жаратыўды муўапықластырыў сектор баслығы И.Медетов улыўма орта билим бериў мектеплериниң сабақлық ҳәм оқыў-методикалық қолланбалары, миллий оқыў бағдарлама ҳаққында сөз етти.
Республикалық балалар китапханасы директор орынбасары К.Абипов «Электрон китапханалар» атамасында ислениўи керек болған жумыслар ҳаққында, сондай-ақ республикалық балалар китапханасының мектеплерге әмелий жәрдем көрсетиў бөлими методисти Д.Қаниязова мектеп оқыўшылары арасында китапқумарлықты үгит-нәсиятлаў бойынша өз баянатлары менен қатнасты.
Семинар жүдә қызықлы ҳәм мазмунлы болды.
Тазахан Қдырниязова,
Әмиўдәрья районы, 3-санлы улыўма орта билим бериў мектеп китапханашысы.