«ЖАҢА ТУРМЫС УШЫН, ЖАҢА ѲЗБЕКСТАН УШЫН»

Ғәрезсизлигимиздиң 32 жыллығы мүнәсибети менен «Жаңа турмыс ушын, жаңа Ѳзбекстан ушын» сүрени астында мәнаўият фестивалы болды.
Фестивальдың мақсети-мәмлекетимизде болып атырған реформалардың мазмун-мәнисин және де терең ҳәм жақыннан таныстырыўдан ибарат болды. Ең дәслеп пайтахтымыздағы Қарақалпақ мәмлекетлик Жас тамашагѳйлер театрында «Жаңа Мойнақ» китап-альбомының таныстырыў мәресими болды. Онда Мойнақтың бүгинги келбети, ол жердеги бурын болмаған жаңалық ҳәм ѳзгерислер ҳәм ҳәзирги Мойнақтың раўажланыў жолындағы әжайып кѳринислери менен жақыннан таныстырылды.

Фестиваль шеңбериндеги илажға Ѳзбекстан Республикасы мәсләҳәтшиси Т.Худайбергенов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығы Ф.Эрматов, Тарийх илимлери докторы, профессор А.Маврулов, М.Ҳожиматов, Ѳзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Арал бойы аймағын раўажландырыў мәселелери ҳәм экологиялық комитети баслығы орынбасары Б.Мәтмуратов, Ѳзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Халық шайыры К.Каримов, Қарақалпақстан Халық Шайыры, Олий Мажлис Сенаты ағзасы Г.Аннақличева, Ѳзбекстан Республикасына хызмет кѳрсеткен мәденият хызметкери, шайыр З.Муминовалар қатнасты.
Пайтахтымыз Нѳкис қаласындағы Жаслар Орайында фестиваль және де кѳтериңки кейпият пенен даўам етти. Ташкент қаласынан мәденият ҳәм кѳркем ѳнер тараўы ўәкиллери, алымлар ҳәм бир қатар зиялылардан ибарат үгит-нәсиятшылар топары қарақалпақ халқының ѳнерментшилик буйымлары, кийим-кеншеклери миллий кѳргизбелерин тамашалады. Үлкемизде жасап атырған түрли миллет ўәкиллериниң де ѳзине тән әжайып миллий кѳргизбелери қойылды. Республикалық китапхана ҳәм балалар китапханасы тәрепинен таярланған китаплар кѳргизбеси де қатнасыўшыларда үлкен тәсир қалдырды. Сол күни Жаслар Орайында «Сен туўылған күн» атамасында да илаж шѳлкемлестирилди. Бунда усы жылы республикамыз кѳлеминде юбилей сәнелери белгиленип атырған белгили жазыўшы ҳәм шайырларымыздан Қарақалақстан Халық шайыры Н.Тѳрешова, Қарақалпақстан халық жазыўшысы, «Шухрат» медалы ийеси, Туран бирлиги Мықлы қәлемгер медалы ийеси, Ѳзбекстан Ғәрезсизлигиниң 10-15 жыллығы медаллары ийеси, Ѳзбекстан Мәденият тараўы ағласы, Дослық ордени ийеси филология илимлериниң кандидаты, «Әййемги дүнья» халықаралық академиясының профессоры, академиги, «Алтын қәлем» миллий сыйлығының ийеси А.Абдиев ҳәм Туран бирлиги мықлы қәлемгер медалы ийеси, жазыўшы, Қарақалпақстан жазыўшылар аўқамы ағзасы А.Қайыпов пенен ушырасыў болды. Ушырасыўды Республика руўхыйлық ҳәм ағарытыў орайы Нѳкис қалалық бѳлими баслығы Қ.Нуратдинов кирис сѳз бенен ашты. Қатнасыўшылар шайыр ҳәм жазыўшыларымыз бенен жүзбе-жүз ушырасып, олардың әжайып дѳретиўшилиги менен жақыннан танысты. Олар соңғы шыққан китаплары менен таныстырып, дѳретпелеринен оқып берди. Қатнасыўшылар ѳзлерин қызықтырған сораўларға жуўаплар алды. Ушырасыў соңында оларға естелик саўғалар инам етилди.

Фестиваль шеңберинде әдебият сүйер, китапқумар мектеп оқыўшыларының қатнасыўында «Бахру-байт» таңлаўы да ѳткерилди. Онда қатнасыўшылар Ѳзбекстан Қаҳарманы, Ѳзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Халық шайыры И.Юсупов қосықларынан айтып ѳз-ара күш сынасты. Жеңимпазлар баҳалы естелик саўғалар менен сыйлықланды.

Сондай-ақ, фестиваль шеңберинде Нѳкис қаласындағы Арқа-Батыс әскерий гарнизонында «Мәдет тәлимде, мәдет-тәрбияда, мәдет-билимде» атамасында «Манәўият күни» ѳткерилди. Илажда шайыр ҳәм жазыўшылар тәрепинен ғәрезсизлигимизди улығлаўшы ѳз дѳретпелеринен оқып берди. Фестиваль шеңберинде «Үш әўлад ушырасыўы» илажы да байрам кейпиятында ѳткерилди. Жәмийетимизде ѳзлериниң үлгили мийнет жоллары менен танылған, белгили инсанлар менен ушырасыў жасларға үлкен тәрбия мектеби болды.

Соң Ѳзбекстан ҳәм Қарақалпақстан эстрада қосықшыларының атқарыўында гала концерт қойып берилди. Бахытлы елге байрамлар жарасады.
Фестиваль даўамында жаңа Ѳзбекстанның жаңаланып баратырғанын терең сезиндик.
Жумагүл ЕМБЕРГЕНОВА,
Ѳз хабаршымыз.