Илимлер академиясының 80 жыллық юбилейи өткериледи

«Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы дүзилгениниң 80 жыллығына бағышланған юбилей илажларын өткериўдиң шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы Президент қарары қабыл етилди.
Қарарға бола, Илимлер академиясының юбилей илажлары 2023-жыл 12-14-декабрь күнлери Ташкент қаласында өткериледи.
Оған көре, төмендегилер шөлкемлестириледи:
– «Илим – Жаңа Өзбекстан тийкары» атамасында халықаралық конференция:
– Инновациялық қолланбалар көргизбеси;
– Илимлер академиясының ҳақыйқый ағзалығына (академикликке) таңлаў;
– «Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясының тарийхы» экспозициясы.