Гүз мәўсиминде республикамызда тәбиий ҳәм ийис газинен зәҳәрлениўге байланыслы айрықша жағдайлар көп жүз бермекте.
Айрықша жағдайлардың жүз бериўи де пуқаралардың қәўипсизлик қағыйдаларына итибар бермегенликлери ҳәм қағыйдаларды билмегенликлери, итибарсызлық илажларына қарамағанлығы себеп болмақта.
Қыстың суўық күнлеринде пуқаралар үйлерин ысытыў мақсетинде печкалардан, газ ямаса түрли ысытыўшы затлардан пайдаланады.
Ысытыўшы затлардың ишинде басқаларға қарағанда қәўипли болған бул – тәбийий газ болып есапланады.
Тәбиий газдиң бөлме ишине жыйналыўы ақыбетинде партлаў ҳәм жаныў пайда болады ҳәм де усының нәтийжесинде инсан түрли жарақатлар алыўы ямаса өмирден көз жумыўы мүмкин.
Буннан тысқары, адамлар арасында ийис газинен зәҳәрлениў жағдайлары көп ушыраспақта.
Солай екен, немқурайдылық пенен қарамайық. Ҳәр қандай апатшылық айтып келмегениндей, бундай ҳәдийселерге туўры қарап, шаңарағымыздың апатшылығы ушын гүресейик.
Р.Исаев,
Нөкис районы АЖБ оператив бөлимшеси баслығы, майор.
