БАХЫТЛАРЫ ГҮЛДЕЙ АШЫЛСЫН

Ресторан алдында бир топар жаслар жыйналып тур. Олар Полаттың класслас дос­лары. Ресторанның есиги еле ашылған жоқ.
Үстине жылтыр қара коф–та менен ашық сары реңли шалбар кийген, қолында кишкене сумка, мойнында ақмаржан моншақ, шашларын онсегиз жасар қыздың шашындай жайып, аяғына қара шпилка туфли кийген, көзине қара көзли әйнек тағып алған қыз, наз қәдемлер менен келер еди. Буны кѳрген Мақсет:
– Еле гүлдей ашылмаған, ғумшамыз киятыр, – деп қыз тәрепке ҳәммениң дыққатын бурды.
– Пай-пай, мына достымыз­дай, – деди Бахтияр қыздың наз қәдем тас­лап киятырғанына. – Көзиң көрип қуўанады. Усындай гөззалларды көрип, кеўлиң жасарып кетеди.
– Кеўлиң жасарама, ямаса көзиң бе? – ҳәзиллести Мақсет.
– Екеўи де жора, екеўи де, – күлди Бахтияр.
Олардың қасына келип қалған қыз ҳәмме менен қол берип сәлемлести.
– Күннен-күнге ашылысып баратырсаң, достым, – қыз­ға марапат берди дослары.Досларының мақтаўынан сәл қысынғандай болған қыз,
– Әстерек, мақтай бериңлер, – деди назланып.
– Бизлер ырасын айтып атырмыз, – классласы Руслан дәлизден-туўры ѳтип. – Енди тек бир нәрсе жетиспей турыпты, достым. Айтқаныма қапа болма. Бирақ, саған бир жақсы жигит керек.
– Туўры, айтасаң, – ­қосылысты дослары.
– Табылып қалар, еле жаспан ғой.
– Жаспан деп, жасыңды өткерип алма, достым. Сени билмедик-дә, бизлер отыздан ѳттик, – анығына кѳшти Руслан.
Ресторан есиги ашылып, тойға келген мийманлар тығылысып ишке кире баслады. Қәпелимде ишке кирип атырған мийманлардың арасынан бир жигит абайсыздан қапталында киятырған қыздың аяғын басып алды. Қыз бирден «ўай, аяғым», деп жиберди. Қыздың аяғын басып алған жигит «кешириң, билмей қалдым», деди. «Ҳеш гәп болмас», деп қыз ишке кирген соң, бир шетке шығып кетти. Жигиттиң изинде ­киятырған жорасы «сулыў қызларға қарай берип, олардың аяғын баса бермей, аяғыңның астына қараса, қурдастың бар екенлигин умытпа, жора», деп ҳәзиллести.
Залға кирген еки жигит белгиленген орынға барып отырды. Олар Полаттың кәсип­лес жоралары еди. Қасларына келген кәсиплеслери менен әңгимесин баслап жиберди. Бирақ, еки жигиттиң биреўи жаңа ғана жорасы аяғын басып алған қызды излей баслады. Жанында отырған кәсиплес­лери бул жағдайды байқап қалып бир-бирине ым қағыс­ты. Арасында жасы үлкенирек апай:
– Дәўлетияр, кимди излеп атырсаң? – деди.
Жигит бул сораўды еситпеди. Ол мийманлар арасынан сол қызды излеп атыр еди. Қасында отырған жорасы оны ийининен түртип сораўды қайталады:
– Апа, кимди излеп атырсаң, дейди?
– Ким, мен бе? Ҳеш кимди, – деди жигит кәсиплес­лерине қарап. – Тек өзим, тойға келген адамларды көрип отырман, болғаны. Бәлким арасынан таныс-паныс шығып қалар, деп.
Кәсиплеслери жигиттиң алдағанын сезип бир-бирине қарап мыйғында күлип қойды. Олар жигитти қысындыр­ғысы келмеди. Ишлеринен «тезирек үйленип бахытлы болғай» деди.
Той басланды, тамада той ийелерин шақырып оларға сөз берди. Залдың иши шаўқымға толы. Биржақтан той ийелери келген мийманларға оларды сийлап келгени, қуўанышын бирге бөлесип атырғаны ушын миннетдаршылық билдирип атырған болса, екинши тәрептен келген мийманлар бир-бири менен әңгимени ­қыздырып отыр.
Жигит болса, еле баяғы сол қызды излеў менен ҳәлек. Жигит отырған столдың қасында бир топар өзи қатарлы жаслар келип отырған еди. Оларда әңгимени қыздырып бир-бири менен ҳәзиллесип, гәп ойнын ойнап отыр. Жигиттиң қасында отырған жорасы оны түртип қасындағы столда отырғанлардың арасынан бағанағы, аяғын басып алған қызды көрсетти:
– Жора, сен мына қызды излеп атырған жоқсаң ба?
Дәўлетияр жорасы көрсеткен тәрепке қарады да, қызды көрип ишинен қуўанып кетти. Бирақ, оны ҳешкимге сездирмеў ушын:
– Яғаў, – деп қойды.
Той даўамында жигит қыз­ға көз астынан қарап оның менен қалай танысып сөйлессем екен, деп ойланып отырды. Ол ишинен «Қыз бенен танысып бахтымды сынап көрсем, қалай болар екен. «Қызды ким сорамайды, қымызды ким ишпейди», дейди ғой. Бәлким, мен излеп жүрген қыз усы шығар», деп ойлады. Қызда жигитиң оған қарап отырғанын байқап қалды, ишинен «пай мына жигиттей, түр-түсинен жаман адам еместей, оның менен танысып, сөйлесип көрсем бе екен, бәлким мен күткен шахзадам шығар» деп ойлады. Бир-бирине нәзери түскен еки жас, ҳешкимге көринбейтуғын сызық пенен сөйлесиўге киристи. Олардың үнсиз сөйлесип отырғанын тек ғана араларындағы жасыүлкенлер ғана байқады.
Той жуўмақланып атыр­ғанда еки столдағы мийманлар орынларынан түргелип сыртқа шыға баслады. Дәўлетияр ҳәммеден бурын сыртқа шығып, қызды бир шетте күтип турды. «Егер мениң менен танысыўды қәлесе, әлбетте мениң қасыма келеди. Келмесе не қыламан, яқ ол әлбетте келеди», деп ойлады үмитин үзгиси келмей. Қыз дослары менен сыртқа шығып олар менен хошласып, жигит турған тәрепке қарай емес, ал оның тусынан өтетуғын жолдан жүрип кетти. «Мен оның қасына барсам, оған жырбаңлаған боламан, ал тусынан өтсем ол мениң изиме ереди. Әне, сол ўақытта, оның танысқысы келгенин билиўге болады», деп ойлады.
Жигиттиң кәсиплеслери менен қыздың дослары бул ўақыяны көрип бир-бирине қарап.
– Илайым, достымыз әрман еткендей жигит болғай, – деди Замийра.
– Аўмин, айтқаның келсин, – дести классласлары.
– Ол да бир жигиттиң сүйикли ҳаялы, өз шаңарағы болғай, өзинен өнип-өсип сизлердей бахытлы ана болғай, – деп тилек билдирип қызлар тәрепке қарады Руслан.
– Аўмин, айтқаның келсин, – дести және дослары.
Жигит тәрептегилерде оларға қарап:
– Мусылманның қызы болғай!
– Үйим-жайым дейтуғын ҳаял болғай да!
– Баламызға жақсы ҳаял болып, жаманын жасырып, жақсысын асырып отыратуғын келин болғай. Бахытлары гүлдей ашылып, мийўалы теректей мийўалағай, деп тилек билдирип атыр.
Дәўлетияр менен Санабар изиндегилердиң гәплерин еситпей, ҳәттеки оларға итибар бермей сөйлесип барар еди.

Мубарек
Сапарбаева,
Ѳзбекстан мәмлекетлик кѳркем-ѳнер институты Нѳкис филиалы,
Сахна ҳәм экран драматургиясы факультети сыртқы бѳлими студенти.