Соӊғы жылларда республикамыздыӊ халық хожалығы тармақларында бир қанша ѳсиўлер, экономикалық раўажланыў бойынша айтарлықтай илажлар әмелге асырылмақта.
Атап айтқанда, республикамыздыӊ барлық қала ҳәм районларында жаӊадан-жаӊа саўда-санаат орайлары, ҳәкимшилик-мәдений имаратлар, кѳп қабатлы заманагѳй турақ жайлар ҳәм де оқыў орынлары қурылып, пайдаланыўға тапсырылмақта.
Қурылып атырған имаратларды ѳрт қәўпинен сақлаў бүгинги күнниӊ әҳмийетли ўазыйпаларыныӊ бири болып есапланады. Буны әмелге асырыў тек ғана ѳрт қәўипсизлиги хызметиниӊ жумысы болып қалмай, бәршениӊ миннетли ўазыйпасы болыўы тийис.
Тийкарғы мақсетимиз халық хожалығы карханаларыныӊ ҳәм жеке меншик турақ жайлардыӊ ѳртке қарсы жағдайын жақсылаў, сондай-ақ категорияланған ҳәм ең әҳмийетли карханаларда ѳрт қәўипсизлигин тәмийинлеў болып табылады.
Кѳзленген тийкарғы мақсет — халқымыз тәрепинен жетистирилген миллий байлықларды, бой тиклеген имаратларды ҳәм де пуқараларымыз тәрепинен жыллар даўамында жыйнап терген мал-мүлкин ѳрттен сақлаў ҳәм инсан ѳмири менен байланыслы бахытсыз ҳәдийселердиӊ алдын алыў болып табылады.
Ѳрттиӊ алдын алыў жумысларына белсене қатнасып, мәкеме ҳәм карханаларда, оқыў орынлары ҳәм емлеўханаларда, мәҳәллелер аймағында, ѳзлериӊиздиӊ ҳәм де жақынларыӊыздыӊ турақ жайларында ѳрт қәўипсизлиги қағыйдаларын сақлаўда ѳрт қәўипсизлиги хызметкерлерине жақыннан жәрдем берип, олар тәрепинен берилген кѳрсетпелерди ҳәм усынысларды ѳз ўақтында булжытпай орынласаӊыз Сиз ѳрт — деген тилсиз жаўдан Мәмлекетлик ҳәм жеке мүлкиӊизди сақлап, жақынларыӊыз ҳәм перзентлериӊиз қәўипсизлигин тәмийинлеген боласыз.
Ж.Урманов,
«Тақыятас ЖЭС» АЖ Обеъктлерде ѳрт қәўипсизлигин тәмийинлеўди шѳлкемлестириў бѳлимшеси аға инспекторы, капитан.
