Китап жаңалығы әлемине және бир жаңалақ қосылып, сол китап пенен таныстырыў кешеси пайтахтымыздағы Республикалық мәлимлеме китапхана орайында болып ѳтти.
Орайдың улыўма оқыў залы секторы баслығы Болғанай Утениязова ашып берип, мийманлар менен таныстырды.
Оннан соң Ѳзбекстан Журналистлер аўқамы, Қарақалпақстан бѳлими баслығы К.Реймов китапты баспаға таярлаған авторлардың мийнетлери, таярланыўлары ҳаққында жасларымызға айтып берди.
Китап мазмунын атамасынан-ақ аңғардық деўимиз мүмкин.
Бирақ, китаптың қунлылығы анық фактлер менен байытылып, кѳркемлеп, изленип-изертлеўлер нәтийжесинде баспаға таярланғанын, авторлардың мийнетлерине тән бересиз, оқыўшылар.
-«Кегейли» китабы Кегейли районының дүзилгенине 95 жыл толыў мүнәсибети менен шығарылды. Қарақалпақстан халық жазыўшысы Муратбай аға Нызанов пенен таярлаған бул китабымызда Кегейли районы Шымбай районынан бѳлинип шыққан 1928-жылдан баслап, бүгинги күнге шекемги тарийхы сәўлеленген. Онда барлық тараўлардың раўажланыў басқышлары, елеўли ўақыялар, район тарийхына уллы хызметлери менен аты жазылған инсанлар ҳаққында мағлыўматлар бар.
Кѳпшиликте районның не ушын Кегейли деп аталғаны туўралы сораўлар болып турады. Китапта бул сораўларға жуўапты гүрриң ҳәм әпсаналардан, илимий дереклерден алынған мағлыўматлар менен танысыўыңызда билип аласыз.
Кегейли районы 1928-жылы 6-августта шѳлкемлестирилген. Район қуралған ўақытта халқының саны 29342 адамды қураған. Ҳәзир 74. 200.
Китапта булардан басқада қызықлы мағлыўматлар жүдә кѳп. Мысалы Қарақалпақстанға 1-тракторлар 1927-жылы алып келинеди. Адамлар тракторды Даўыт пайғамбардың тулпары деп түсинип, перзент кѳтермей жүрген келиншеклердиң қалай сыйынғанлары, жүрип киятырған тракторды қорқытамыз деп тонын терис кийип, буққышлап барған ўақытта трактордың астына түсиўден сәл қалғаны ҳәм басқа да адамлардың сада ўақтында ислеген ҳәрекетлери оқыған адамда цифлардан ямаса анық мағлыўматларға қоса қызығыўшылық оятады.
Бүгинги күнге шекем Кегейлиге 33 мәмлекетлик ғайраткер басшылық еткен. Кегейлиден Мәтеке Жуманазаров, Муўса Ерниязов, Аманбай Орынбаевтай республика басшылары, Турдыгүл Султанова, Үсенбай Балтаниязов, Жақсымурат Айданиязовтай Мийнет қаҳарманлары, Садық Нурымбетов, Тѳлепберген Қайыпбергенов, Улмамбет Хожаназаров, Тәжетдин Сейтжанов, Узақбай Пиржанов, Кеңесбай Рахманов, Муратбай Нызанов, Халила Дәўлетназаров, Минайхан Жуманазаровадай қарақалпақ әдебиятының ири тулғалары, Есжан Қоспалатовтай бақсылар, Жолдасбай Қуттымуратовтай скульпторлар, Сапар Хожаниязов, Сапаргүл Әўезова, Жақсымбай Бекмуратов, Досберген Ранов, Нажиматдин Аңсатбаев, Турсын Қайыпназарова, Полат Мәдиреймов, Роза Қутекеевадай халық артистлери, Қурбанбай Заретдинов, Зийўатдин Лепесов, Ғани Аманиязовтай кѳплеген атақлы композиторлар камалға келген, -дейди китап мазмунына қысқаша тоқтап ѳткен Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист, китап авторы Пердегүл Хожамуратова.
Китап 505 беттен ибарат болса да, еле китапқа қамтылмаған мағлыўматларымызда бар екен, демек және бир китапты оқыўшыларымыз күтеди.
Зибира
Абдиниязова.
